Усы мүнәсибет пенен шөлкемлестирилген илажда Энергетика министрлиги, Аўыл
хожалығы министрлиги, Аўыл хожалығында билим ҳәм инновациялар миллий орайы, Овощ,
палыз егинлери ҳәм картошка жетистириў илимий-изертлеў институтының
жуўапкерлери ҳәм «Voltalia» компаниясының бас атқарыўшы директоры Роберт
Клайн қатнасты.
Бул тәжирийбе жойбары шеңберинде қуяш панельлери орнатылады ҳәм электр
энергиясын ислеп шығарыў жолға қойылады. Илаж даўамында жойбарды әмелге асырыў
басқышлары, республикамыз аймақларында кеңейтиў имканиятлары ҳәм алдағы
ўазыйпалар додаланды.
Буннан тысқары,
қатнасыўшылар қурылыс майданына қуяш панельлерин орнатыў процесине рәмзий түрде
старт берди ҳәм экологиялық басламаны қоллап-қуўатлаў мақсетинде декоратив
тереклер отырғызды.
Мағлыўмат ушын,
агроволтаика - бул бир аймақта аўыл хожалығы егинлерин жетистириў ҳәм қуяш
энергиясын ислеп шығарыўды бирлестиретуғын инновациялық шешим. Бундай система
жер ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў, егинлерди ҳәдден тыс қуяш нурларынан
қорғаў ҳәм соның менен бирге, қайта тикленетуғын электр энергиясын ислеп
шығарыў имканиятын береди.