Жетекши экономистлер, халықаралық финанс институтлары ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ўәкиллери қатнасқан илажды Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хўжаев ҳәм Азия раўажланыў банки президенти Масато Канда ашып берди. Олар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде инвестицияларды тартыў ҳәм турақлы экономиканы раўажландырыўға қаратылған реформаларды тереңлестириў зәрүрлигине итибар қаратты.

Панель додалаўларда Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Шоҳрух Ғуломов, Азия раўажланыў банкиниң тийкарғы экспертлери - бас юрисконсульт Томас Кларк ҳәм Азия раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы ўәкилханасының директоры Канокпан Лао-Арая қатнасты.

Капитал базарын раўажландырыў, Ташкент халықаралық финанс орайын (TIFC) иске қосыў, сондай-ақ, халықаралық ҳуқық тийкарында инвесторлардың ҳуқықларын қорғаўдың нәтийжели механизмлерин жаратыў мәселелери додалаўдың орайлық темалары болды. Қатнасыўшылардың атап өтиўинше, ашық-айдын ҳәм прогноз етилетуғын инвестициялық орталықты қәлиплестириў Өзбекстан экономикасының узақ мүддетли өсиўи ҳәм диверсификациясы ушын тийкарғы фактор болып есапланады.

Ж.Хўжаев қатнасыўшылар алдында шығып сөйлеп, илаждың әсирлер даўамында Уллы жипек жолының ең әҳмийетли түйини болған Самарқанд қаласында өткерилип атырғаны рәмзий мәниге ийе екенин атап өтти.

Бүгин Самарқанд тек ғана Өзбекстанның емес, ал пүткил Орайлық Азия регионының келешегине тәсир ететуғын стратегиялық қарарлар қәлиплесетуғын орынға айланбақта, қаланың тарийхый мийрасы болса оның халықаралық қарым-қатнас ҳәм экономикалық бирге ислесиў майданы сыпатындағы заманагөй ролин күшейтпекте.

Мәмлекетимиздиң макроэкономикалық көрсеткишлерине айрықша итибар қаратылды. 2025-жылдың жуўмақларына бола, Өзбекстанның жалпы ишки өними 7,7 процентлик исенимли өсиўди көрсетип, 147 миллиард доллардан асты. Бул санлар избе-из реформалар сиясаты ҳәм халықаралық жәмийетшиликтиң өсип баратырған исениминиң көриниси болып есапланады. S&P Global Ratings, Fitch Ratings ҳәм Moody’s сыяқлы агентликлер тәрепинен мәмлекеттиң суверен рейтинглери бир ўақыттың өзинде жақсыланып атырғаны да билдирилген исенимниң қосымша дәлили болды. Нәтийжеде Өзбекстанның рейтинги унамлы прогноз менен ВВ дәрежесине көтерилди, бул халықаралық капиталды тартыў ушын жаңа имканиятлар ашады.

Өзбекстанның регионаллық финанслық хабқа айланыў стратегиясының тийкарғы элементи TIFC шөлкемлестирилиўи жәрияланғаны болды. 2027-жылдың басында иске қосылыўы режелестирилген бул үлкен жойбар глобал инвесторлар ушын тартымлы орынға айланыўы мөлшерленген. Орай инглис улыўма ҳуқықы тийкарында жумыс алып барыўы нәзерде тутылып, бул сырт ел компаниялары ҳәм қаржы институтларының исеним дәрежесин сезилерли дәрежеде арттырады.

TIFC шеңберинде тартысларды көрип шығыўдың ашық-айдынлығы ҳәм әдиллигин тәмийинлейтуғын бийғәрез суд системасы ҳәм регуляторды шөлкемлестириў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, инвесторларға пайда, дивиденд ҳәм өсим салықларынан узақ мүддетли азат етиўди өз ишине алған бәсекиге шыдамлы салық режими усыныс етиледи. Бундай шараятлар Өзбекстанның глобал инвестициялық картадағы тартымлылығын сезилерли дәрежеде арттырыў ҳәм ҳәр қыйлы тараўларға узақ мүддетли инвестициялардың кирип келиўин хошаметлеў имканиятын береди.

Институционаллық басламалардан тысқары нызамшылық базасын реформалаўға да үлкен итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, жеке меншик ҳәм венчур капиталын раўажландырыў ушын заманагөй инфраструктураны жаратыў, инновациялық жумысты жеделлестириў ҳәм мәмлекеттиң стартап экосистемасын қоллап-қуўатлаў имканиятын беретуғын Альтернатив инвестициялық қорлар ҳаққындағы нызам таярланды.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасының Пуқаралық кодексине халықаралық финанслық инструментлерди енгизиўге қаратылған өзгерислер киргизилмекте. Мәселен, опцион (call ҳәм put), эскроу-счет, зыянларды қаплаў (indemnity) сыяқлы механизмлерди легалластырыў нәзерде тутылған. Бул қураллар халықаралық әмелиятта кеңнен қолланылады, инвесторларға қәўип-қәтерлерди нәтийжели басқарыў ҳәм келисимлерди қәлиплестириўге жәрдем береди. Олардың енгизилиўи Өзбекстанның глобал финанс системасына интеграцияласыўға умтылысынан дәрек береди.

Ж.Хўжаев мәмлекетимиз жуўапкершиликли бизнес жүргизиў стандартлары (RBC) ҳәм ESG принциплерин енгизиў мәселелеринде АРБ менен тығыз бирге ислесиўге таяр екенин атап өтти. Бул нормаларға әмел етиў турақлы раўажланыўға бағдарланған халықаралық инвесторлар ушын барған сайын әҳмийетли факторға айланбақта. Ҳәзирги күнниң өзинде бундай қатнаслардың енгизилиўи мәмлекетимиздиң глобал технологиялық таярлық ҳәм инвестициялық тартымлылық рейтинглериндеги орнын жақсылаўға хызмет етпекте.

М.Канда Өзбекстанның структуралық реформаларды әмелге асырыўда үлкен табысларға ерисип атырғанын атап өтти. АРБ Өзбекстанды региондағы тийкарғы шериклерден бири сыпатында қабыл етеди ҳәм ири инфраструктуралық және институционаллық жойбарларды қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў ниетинде. Өзбекстанның ашық ҳәм бәсекиге шыдамлы экономиканы жаратыў бағдарындағы ҳәрекетлери Орайлық Азияның басқа мәмлекетлери ушын үлги болып, регионаллық бирге ислесиў ушын жаңа имканиятлар ашады.

Сессия қатнасыўшылары, сондай-ақ, регионаллық интеграцияның рольин ҳәм сөйлесиў және трансшегаралық жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын бирден-бир платформаға айланатуғын Орайлық Азия ҳәм Кавказ инвестициялық кеңеслериниң регионаллық альянсын (RAIC-CAC) шөлкемлестириў мәселелерин додалады.

* *

Өзбекстандағы инфраструктуралық жойбарларды қаржыландырыўға байланыслы тийкарғы ҳүжжетлер қатарында Самарқандта болып өткен Азия раўажланыў банкиниң 59-мәжилиси жуўмақлары бойынша Азия раўажланыў банки ҳәм ACWA компаниясы арасында Бухара ўәлаятында 300 мегаваттлы самал электр станциясын ислеп шығыў, қурыў, эксплуатациялаў ҳәм узатыўды қоллап-қуўатлаў ушын 116 миллион доллар ажыратыў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

Сондай-ақ, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки (АИИБ) ҳәм параллель кредиторлар есапланған Standard Chartered, ушын АИИБ экологиялық ҳәм социаллық мәселелер бойынша муўапықластырыўшы ўазыйпасын атқарады.

"Баш-2" аты менен белгили бул станция 2023-жылы Азия раўажланыў банки тәрепинен биргеликте қаржыландырылған "Баш" самал энергиясы жойбарының даўамы болып есапланады. "Баш-2" электр станциясы қурамына ҳәр бириниң номинал қуўатлылығы сегиз мегаваттқа шекем болған 39 самал генераторы, 35/500 киловолтлы жаңа подстанция ҳәм станцияны миллий энергетика системасына жалғаў ушын дерлик 1,5 километр ҳаўа электр узатыў тармағы киреди.

Жойбар, соның ишинде, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламы ушын жумыс орынларын ашыў арқалы жергиликли экономиканың раўажланыўына хызмет етеди. Буннан тысқары, оның әмелге асырылыўы регионда кең көлемли самал енергетикасының коммерциялық мақсетке муўапықлығын тастыйықлайды, мәмлекеттиң төмен углеродлы ҳәм турақлы энергетикалық келешекти жаратыў бағдарындағы мақсетлерин қоллап-қуўатлайды.

Самарқанд ушырасыўында қабыл етилген қарарлар ҳәм қол қойылған келисимлер инфраструктураны раўажландырыўдан баслап, энергетика ҳәм қаржы базарларына шекемги кең көлемли бағдарларды қамтып алады, келешекте болса қатнасыўшы мәмлекетлер ушын экономикалық өсиўдиң ең әҳмиетли драйверлерине айланады. Бундай дәрежедеги илаждың өткерилиўи Өзбекстанға халықаралық жәмийетшиликке кең көлемли реформалардың нәтийжелерин көрсетиў, исбилерменлик абырайын беккемлеў ҳәм исенимли шерик статусын тастыйықлаў имканиятын берди.

Максим Черногаев.

"Правда Востока".