Беларусь Бас министриниң орынбасары Юрий Шулейко менен сөйлесиўде өз-ара саўданың турақлы өсип баратырғаны, өткен жылы оның көлеми 965 миллион АҚШ долларын қурағаны атап өтилди. Сондай-ақ, Өзбекстанда Беларусь капиталының қатнасыўында 250 ге шамалас кәрхана, Беларуста болса Өзбекстан инвестициясының қатнасыўында 110 компания жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.

Тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў бойынша "жол картасы"н таярлаў, сондай-ақ, 6-8-июль күнлери Минск қаласында өткерилетуғын 3-аймақлараралық форумды өткериў мәселелерин додалады.

Беларуста шарўашылық кластерлерин шөлкемлестириў, сондай-ақ, жеңил, азық-аўқат, мебель, химия санааты ҳәм қурылыс материалларын ислеп шығарыўда кооперацияны кеңейтиў перспективаларына айрықша итибар қаратылды.

Беларустың ири компанияларының басшылары менен өз алдына сөйлесиўлер өткерилип, оларда Өзбекстанда дәри қуралларын ислеп шығарыўды локализациялаў ҳәм илимий-өндирислик кластерлерди шөлкемлестириў жойбарлары көрип шығылды. Азық-аўқат тармағында сүт, кондитер ҳәм балалар өнимлерин ислеп шығарыў, жеңил санаат ҳәм ағашты қайта ислеўде кийим-кеншек, мебель ҳәм полимер өнимлерин ислеп шығарыў жойбарлары додаланды.

Сапар жуўмағында Өзбекстанда капитал тартыў, технологиялар трансфери ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған жаңа инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша келисимлерге ерисилди.