Сөйлесиўлер даўамында тәреплер сүт тармағындағы бирге ислесиў перспективаларын, соның ишинде, өндиристи локализациялаў, сүтти қайта ислеў бойынша заманагөй технологияларды енгизиў, республикалық ислеп шығарыўшылар менен кооперацияны раўажландырыў, Өзбекстан кәрханалары негизинде таяр өним ислеп шығарыўды шөлкемлестириў мәселелерин додалады.

"Логика Молока" Россиядағы ең ири сүт өнимлери ҳәм балалар аўқатларын ислеп шығарыўшы кәрханалардан бири болып есапланады. Холдинг 13 өндирис майданын бирлестирип, Россия ҳәм сырт ел базарларындағы бир қатар белгили брендлер астында өнимлер ислеп шығарады.

Өзбекстанның баҳалаўынша, Россия холдинги сүтти қайта ислеў, балалар азық-аўқатын ислеп шығарыў ҳәм жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў тараўындағы жойбарларды әмелге асырыў ушын перспективалы шерик болыўы мүмкин.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер тийисли министрликлер, жергиликли ислеп шығарыўшылар ҳәм потенциаллы шериклердиң қатнасыўында бирге ислесиўдиң анық модельлерин ислеп шығыўды даўам еттириўге келисип алды.