Ушырасыўда тәреплер жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар
тараўындағы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны
раўажландырыў перспективаларын додалады.
Атап өтилгениндей, бүгинги күнде Өзбекстанның бир қатар жоқары
билимлендириў мәкемелери Японияның жетекши университетлери, соның ишинде,
Сукуба, Нагоя, Киото ҳәм Осака университетлери менен бирге ислеспекте. Япония
жоқары оқыў орынларында ҳәзирги ўақытта 2 мың 300 ден аслам Өзбекстан пуқарасы
билим алмақта.
2025-жылы Самарқандта болып өткен Өзбекстан ҳәм Япония ректорларының V форумы
жуўмақларына айрықша итибар қаратылды. Форум шеңберинде Өзбекстанның 30
жоқары билимлендириў мәкемеси менен Японияның 15 тен аслам университети ҳәм
билимлендириў шөлкемлери арасында байланыслар жолға қойылды, 10 нан аслам бирге
ислесиў келисимлерине қол қойылды.
Тәреплер Цукуба
университети менен биргеликте Өзбекстанда жаңа университет шөлкемлестириў
жойбарын әмелге асырыўды жеделлестириў, сондай-ақ, тийкарғы бағдарлар, соның
ишинде, инженерлик, мәлимлеме технологиялары, медицина, энергетика ҳәм аўыл
хожалығы бойынша қоспа билимлендириў бағдарламаларын кеңейтиў мәселелерин
додалады.
Буннан тысқары,
япониялы профессор ҳәм қәнигелерди Өзбекстанға тартыў, академиялық мобильлик
ҳәм илимий бирге ислесиўди кеңейтиў, студентлер ушын қоспа билимлендириў
бағдарламалары ҳәм жазғы мектеплерди шөлкемлестириў имканиятлары көрип шығылды.
Ушырасыў
жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм Япония арасында билимлендириў ҳәм илим
тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўға таяр екенин
тастыйықлады.