5.02.2026-жылдағы ПП-19-санлы Пәрманға муўапық, 2026-2027-оқыў жылынан
баслап педагогикалық жоқары оқыў орынларында мектепке шекемги ҳәм баслаўыш
билимлендириў бағдары бойынша бакалаврларды таярлаў халықаралық алдынғы
тәжирийбелерге муўапық жетилистирилген билимлендириў бағдарламалары тийкарында
әмелге асырылады.
Ҳүжжет пенен мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес педагогикалық жоқары оқыў
орынларында билим алып атырған бакалавриат тәлим бағдары студентлериниң билими
ҳәр жылы тастыйықланған реже-график тийкарында сыртқы диагностика арқалы
сынақтан өткерилетуғыны белгиленди.
Балалар
бақшасында кеминде 3 жыллық жумыс стажына ийе орта арнаўлы мағлыўматқа ийе
педагог кадрлар ушын мектепке шекемги билимлендириў бағдары бойынша бакалавриат
билимлендириў бағдарламасы бойынша дуал билимлендириў (педагогикалық жоқары
оқыў орнында ҳәптесине бир мәрте ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде
бес күн) енгизиледи.
Тастыйықланған:
Мектепке шекемги
билимлендириў шөлкемлеринде жумыс алып барып атырған қәниге-педагоглар ушын
дуал билимлендириў системасын жаратыў бойынша "жол картасы";
Мектепке шекемги
билимлендириў ҳәм дуал тәлим бойынша бакалаврлар таярлайтуғын ЖООлар дизими.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 26.06.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады «Norma».