Сенаторлар тәрепинен экологиялық қәўипсизликти тәмийинлеў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, өсимлик ҳәм ҳайўанатлар дүньясын сақлаў, атмосфера ҳаўасын қорғаў тараўында машқалалар бар екенлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексинде нәзерде тутылған экология тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жәриймалар муғдарының аз екенлиги себепли олар айрықша тәрбиялық-профилактикалық әҳмийетке ийе емес.
Лаўазымлы шахсларға ҳәкимшилик жәрийма қолланыў, кәрханаларға айрықша финанслық тәсир көрсетпеген ҳалда, мүлк ийелери арасында "жазасыз қалыў сезими"ниң қәлиплесиўине алып келеди.
Әмелиятта бундай машқалалар экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершиликти және де күшейтиўди талап етпекте.
Нызам менен қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм жуўапкершиликти күшейтиўге қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Атап айтқанда, "Тәбиятты қорғаў ҳаққында"ғы нызам жаңа бап пенен толықтырылып, экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўындағы ҳуқықбузарлықлар ушын юридикалық тәреплерге финанслық санкциялар белгиленбекте.
Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 88-статьясына (атмосфера ҳаўасын қорғаўға байланыслы талапларға әмел етпеў) жанылғы, жанылғы сыпатында пайдаланылатуғын затлар ямаса затлардың араласпалары, жанылғы болмаған материаллар ҳәм шығындыларды жаныў ушын мөлшерленбеген орынларда ҳәм (ямаса) қурылмаларда ашықтан-ашық жағыў, сондай-ақ, ыссыханаларда, өндирислик имаратларда, жаныў қурылмаларында ямаса басқа да объектлерде жанылғы сыпатында шиналар, битум, мазут, плёнка, синтетикалық картон, резина, жүн талшығы ҳәм қурамында усындай компонентлер болған шығындыларды жағыў ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилмекте.
Сенаторлардың пикиринше, Нызамның қабыл етилиўи қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбияттан пайдаланыў тараўында ҳуқықбузарлықлардың алдын алыўға, тәбийғый ресурсларды кепилликли қорғаўды тәмийинлеўге, ҳуқықбузарлықлар профилактикасын ҳәм мәмлекетлик экологиялық қадағалаўды нәтийжели шөлкемлестириўге хызмет етеди.
Додалаў жуўмағында сенаторлар нызамды мақуллады.