Нызамның мақсети Өзбекстанда автомобиль жолларын раўажландырыў, олардан пайдаланыў ҳәм жол хызмети тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат.

Нызамға муўапық, Өзбекстандағы автомобиль жоллары төмендегише классификацияланады:

улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары;

қалалар ҳәм басқа да елатлы пунктлердиң көшелери (ишки автомобиль жоллары);

хожалық автомобиль жоллары.

Пайдаланыў режими бойынша автомобиль жоллары бийпул ямаса белгиленген тәртипте төлемли болыўы мүмкин.

Улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жоллары мәмлекет мүлки болып, Автомобиль жоллары комитетиниң қарамағында болады ҳәм шекленбеген аймақтағы транспорт қуралларының ҳәрекетлениўи ушын мөлшерленген.

Улыўма пайдаланыўдағы автомобиль жолларында ажыратыў полосасының минимал өлшемлери төмендегилерден ибарат:

I категориялы автомобиль жолларында - 80 метр;

II категориялы автомобиль жолларында - 60 метр;

III ҳәм IV категориялы автомобиль жолларында - 40 метр;

Автомобиль жолларында V категория - 25 метр.

Жол бойы полосасы - бул транспорт ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын шегараларында жерден пайдаланыўдың айрықша шәртлери белгиленетуғын, ажыратпа полосасына еки тәрептен тутасқан жер участкасы болып табылады.

Автомобиль жоллары бойынша комитет автомобиль жоллары тараўындағы арнаўлы ўәкилликли мәмлекетлик уйым болып есапланады.