Мәмлекетимизде жеке меншик бизнести раўажландырыў, исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў, оларға және де қолайлы шараятлар жаратыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Реформалар нәтийжесинде 300 мыңнан аслам жеке тәртиптеги исбилермен ҳәм 5,5 миллион өзин-өзи бәнт еткен халықтың жумысы жолға қойылды. Экономикада жеке меншик бизнестиң үлеси соңғы бес жылда 45 проценттен 58 процентке артты.

Усы жылы киши ҳәм орта бизнес ушын 140 триллион сум кредит, мәҳәллелерде исбилерменликти қоллап-қуўатлаў ушын банклер тәрепинен тартылған 8 миллиард доллар сыртқы ресурслар, аймақларда өндирис, саўда ҳәм хызмет көрсетиў инфраструктурасын жақсылаў ушын 20 триллион сум ажыратылатуғыны белгиленди.

Соның менен бирге, шөлкемлестирилген кәрханалар ҳәм жумыс орынларын сақлап қалыў, финанслық қыйыншылықларды басланғыш басқышта қоллап-қуўатлаў бойынша еле шешилмеген мәселелер көп екенлиги атап өтилди.

Атап айтқанда, жумыс ислемей атырған ҳәм сапластырылған киши кәрханалар санының өсиў тенденциясы бақланбақта. Бул жағдай әмелдеги система кәрханаларды сақлап қалыў ҳәм тиклеўге емес, ал тийкарынан олардың жумысын рәсмий түрде тоқтатыўға қаратылғанынан дәрек береди.

Бәринен бурын, төлеўге уқыпсызлық тәртип-қағыйдалары жетерлише нәтийжели қолланылмай атыр. Финанслық жағдайы төменлеген 93 мың исбилерменлик субъектинен тек ғана 10 мыңына қарата төлеўге уқыпсызлық ислери қозғатылған. Санатациялаўдың судқа шекемги ҳәм суд механизмлери әмелде нәтийжесиз жумыс алып бармақта - соңғы бес жылда санатация енгизилген 68 кәрханадан тек ғана 7 иниң жумысы тикленген.

Суд басқарыўшыларының жумысы да сын көзқарастан талланды. Атап өтилгениндей, бир қатар жағдайларда ис жүргизиў мүддетлери бузылған, тийкарсыз жуўмақлар шығарылған, қәлбеки банкротлық белгилери бойынша өз ўақтында тексериў механизмлери жетерли емес. Суд басқарыўшыларына мийнет ҳақы төлеў системасындағы кемшиликлер маман қәнигелерди тартыўға тосқынлық етип атырғаны көрсетип өтилди.

Буннан тысқары, тараў санластырылмағаны, онлайн мониторинг ҳәм қадағалаў жолға қойылмағаны, банкрот ямаса төлеўге уқыпсыз кәрханалардың ашық реестри жоқ екени, мәмлекетлик уйымлар арасындағы мәлимлеме алмасыўы жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмегени атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен тараўда мәмлекетлик басқарыў нәтийжелилигин арттырыў бойынша жаңа институционаллық көзқараслар усыныс етилди.

Атап айтқанда, Әдиллик министрлиги жанында Төлемсизлик ислери агентлигин шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул структура тараўда бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыў, мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырыў, банкротлық факторларын таллаў ҳәм сапластырыў илажларын көриў, кәрханаларды финанслық саламатландырыўға жәрдемлесиў менен шуғылланады.

Суд басқарыўшылары жумысының нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Суд басқарыўшылары палатасын шөлкемлестириў усыныс етилди. Палата олардың жумысын муўапықластырады, кәсиплик таярлық ҳәм маманлығын арттырыўды шөлкемлестиреди, нызамшылыққа ҳәм кәсиплик әдеп-икрамлылыққа әмел етилиўин мониторинг етиў, ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў менен шуғылланады.

Сондай-ақ, қыйын финанслық жағдайға түсип қалған кәрханаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған жаңа қаржы механизмлери таныстырылды.

Атап айтқанда, Киши ҳәм орта исбилерменлик субъектлерине Миллий компания тәрепинен кепиллик бериў, Исбилерменликти раўажландырыў компаниясы арқалы коммерциялық банклерде төмен процентли кредит линияларын ашыў арқалы кәрханаларды финанслық саламатландырыўға жәрдемлесиў нәзерде тутылмақта.

Соның ишинде, коммерциялық банклер тәрепинен берилген кредитлер бойынша тийкарғы қарыз ҳәм процентлерди төлеў санатация жуўмақланғанша кешиктириледи. Кейин кредитлер үш жыл даўамында қайтарылады, кредит қарыздарлығын қайта қурыў ушын тийкар жаратылады.

Салық ҳәм кредит қарыздарлығын кешиктириў ҳәм қайта қурыў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Атап айтқанда, халық депутатлары районлық ҳәм қалалық кеңеслери тәрепинен айырым салықларды төлеўди кешиктириў ямаса олар бойынша қарыздарлықты бөлип-бөлип төлеўге руқсат бериў тәртиби енгизилмекте. Тап усындай механизмлер салық уйымлары тәрепинен гиреў, банк кепиллиги ямаса қамсызландырыў полиси тийкарында да қолланылыўы мүмкин.

Сондай-ақ, судқа шекемги санатацияға мәмлекет тәрепинен жәрдемлесиў кеңейтиледи. Кредиторлар менен келисиў, финанслық жәрдемди тартыў, салық ҳәм кредит төлемлерин кешиктириў, қарыздарлықты сатып алыў, өндиристи қайта бағдарлаў, кәрханаларды қайта шөлкемлестириў, маман қәнигелерди тартыў, хызметкерлерди қайта таярлаў сыяқлы қуралларды қолланыў мүмкин болады.

Презентацияда төлеўге уқыпсызлық тәртип-қағыйдаларын санластырыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Усы мақсетте төлеўге уқыпсызлық ҳаққындағы жумысларды жүргизиўдиң бирден-бир электрон платформасын енгизиў усыныс етилди. Бул платформада төлеўге уқыпсызлық ҳаққындағы ислер көрип шығылып атырған шахслардың, санация енгизилип атырған кәрханалардың, суд басқарыўшыларының реестрлери жүргизиледи. Арза бериўден баслап, кәрхананы сапластырыўға шекемги болған барлық процесслер электрон тәризде әмелге асырылады. Сондай-ақ, бул системаның мағлыўматларынан пайдаланыў жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қураллары ушын ашық болады.

Бул тараўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў, мәлимлеме алмасыўды жеделлестириў, қадағалаў ҳәм мониторингти күшейтиў, арзаларды көрип шығыў мүддетлерин қысқартыў имканиятын береди.

Президентимиз исбилерменликти қоллап-қуўатлаў тек ғана жаңа кәрханалар шөлкемлестириў менен шекленип қалмаўы, ислеп турған бизнести сақлап қалыў, ўақтынша қыйыншылыққа түсип қалған кәрханаларға өз ўақтында жәрдем берип, оларды экономикалық жумысқа қайтарыў зәрүр екенлигин атап өтти.

Жуўапкерлерге төлемсизлик институтын халықаралық тәжирийбе тийкарында түп-тийкарынан жетилистириў, тараўға заманагөй басқарыў, санатацияның нәтийжели механизмлери ҳәм санлы шешимлерди енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.