Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен ислам дүньясында өзине тән орынға ийе уллы муҳаддис бабамыздың жоқары руўхый абырайы ҳәм уллы илимий мийрасына сәйкес түрде жаңадан қурылды. Зыяратшылар ушын барлық қолайлықлар жаратылған.

Атап айтқанда, комплекс жанында туристлик орай шөлкемлестирилген. Оған тутас 15 гектар майданда заманагөй инфраструктура, қолайлы мийманханалар, сервис объектлери қурылды. Атап айтқанда, 1 төрт жулдызлы мийманхана, 2 үш жулдызлы мийманхана, 176 орынлық 22 шаңарақлық мийман үйи, автомобиль туратуғын орын қурылған. Бул объектлер коммуникация тармақлары менен толық тәмийинленип, аймақта абаданластырыў жумыслары алып барылды.

Нәтийжеде бурын Имам Бухарий комплекси күнине 12 мың зыяратшыны қабыллаған болса, ҳәзирги күнде 65 мың зыяратшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болды.

Естелик комплекси Самарқанд ҳәм Жаңа Өзбекстанның гәўҳарына айланды. Оның майданы 45 гектар. Комплекс аймағында 10 мың адамға мөлшерленген үлкен мешит, ҳәкимшилик имарат, 154 бағанаға ийе миллий усылдағы саўлатлы әйўан қурылған.

Ең алдынғы мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда 9 павильоннан ибарат теңи-тайы жоқ инновациялық музей қурылды. Онда ислам дүньясында "муҳаддислер султаны" сыпатында тән алынған Имам Бухарийдиң өмири ҳәм илимий мийрасы, ислам ағартыўшылығының раўажланыўына қосқан үлеси сәўлелендирилген. Сондай-ақ, музейде муқаддес Қураны кәримде атап өтилген 25 пайғамбардың тарийхы, Муҳаммед пайғамбардың шежиреси, оның Меккеде ҳәм Мадинада өткен өмири, ҳәдислерди жыйнаў ҳәм жазыў процеси ҳаққындағы мағлыўматлар менен танысыў мүмкин.

14 көк гүмбез ҳәм 75 метрлик төрт минара зыяратханаға саўлат бағышлайды.

Мәмлекетимиз басшысы туризм орайы ҳәм мешитте жаратылған шараятларды көзден өткерди.

Ҳәммемизге белгили, бир ярым мың жыллық ислам тарийхы, ислам илимин әйне бизиң жеримизде жетилисип шыққан ҳәм илимниң жоқары дәрежесине ерискен уллы илимпазлар ҳәм уламалардың атларысыз көз алдымызға келтирип болмайды. Усы күнлерде рәсмий түрде ашылған Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы бул ҳақыйқатты және бир мәрте тастыйықлайды.

Ислам дүньясында ҳәдис илими ҳаққында сөз болғанда, әлбетте, елимиз дәслепки қатарда тилге алынады. Себеби Имам Бухарий, Имам Термизий сыяқлы уллы муҳаддислер мине усы жерде туўылған.

Атап айтқанда, Имам Бухарийдиң "Саҳиҳи Бухарий" китабы дүньяда тән алынған ең абырайлы алты ҳәдис китабының бири болып есапланады. Он жасынан баслап ҳәдис илимин үйренген алым 20 дан аслам шығарма жазған. Олар ҳәзир де ислам үммети ушын хызмет етпекте.

Президентимиз ҳәр сапары Самарқандқа келгенинде комплекстиң қурылыс процеси менен танысып, бул жер тек ғана зыярат орайы емес, ал илим, тәрбия ҳәм руўхыйлық мәканына айланыўы, Имам Бухарийдиң уллы изленислери, илими, жетик пазыйлетлери зыярачтшыларға, әсиресе, жасларға жақсы үлги болыўы керек екенлигин атап өткен еди.

- Бул бийбаҳа имарат Жаңа Өзбекстанның үлкен потенциалын айқын көрсетеди. Бул зыярат етиў орны халқымыз, пүткил дүнья мусылманлары ушын жақсылық ҳәм ағартыўшылық тарататуғын қутлы орынға айланады, деп исенемен. Бул зыярат орнына барып, оның руўхый орталығынан заўық алған жаслар ислам дининиң шын мәнисин түсинип, дурыс жолдан адаспайды, деп исенемен, - деди Президентимиз.

Соның ушын Имам Бухарий комплексинде руўхый-ағартыўшылық жумысларды кеңнен жолға қойыў, оны ҳақыйқый тәрбия мектебине айландырыў, имам-хатиблер ҳәм мәҳәлле белсендилериниң маманлығын арттырыў бағдарламаларын күшейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Барлық жумыслардың жуўмақланғанын есапқа алып, Рамазан ҳайытының ертеңги намазын усы комплекстеги жаңа мешитте оқыў усыныс етилди, бул елимиздиң барлық мусылманларын қуўандырады ҳәм пүткил халқымыз ушын мүнәсип байрам саўғасы болады.

Соның менен мәмлекетимиз басшысының Самарқанд ўәлаятына сапары жуўмақланды.