Форум аймақтың туризм потенциалын кеңнен үгит-нәсиятлаў, бай тарийхый-мәдений мийрасын көрсетиў, экологиялық ҳәм этнографиялық туризм бағдарларын раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилмекте. Буннан тысқары, илаж туризм тараўындағы жергиликли ҳәм сырт елли бирге ислесиўшилер арасында сөйлесиўди беккемлеў майданына айланады.
Онда туризм тараўы ўәкиллери, жергиликли ҳәм халықаралық туроператорлар, блогерлер, журналистлер ҳәм тараўға байланыслы шөлкемлер қатнасады.
Онда Европа ҳәм Азиядағы 10 нан аслам мәмлекет, соның ишинде, Франция, Италия, Норвегия, Швейцария, Бельгия, Түркия, Босния ҳәм Герцеговина, Россия, Әзербайжан, Қазақстан ҳәм Қытайдан абырайлы туристлик компаниялар делегацияларының қатнасыўы күтилмекте.
Илаж шеңберинде Өзбекстан ҳәм сырт мәмлекетлердиң туристлик компаниялары арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм тиккелей байланысларды орнатыўға қаратылған В2В ушырасыўлары да режелестирилген.