Конференция даўамында Өзбекстан нотариат системасы қысқа ўақыт ишинде халықаралық жәмийетшиликте мүнәсип орын ийелегени атап өтилди. Қатнасыўшылар әмелге асырылған реформалар, халық ушын жаратылған қолайлықларға айрықша итибар қаратты.
Атап айтқанда, Палата баслығы Дилшод Ашуровтың "Өзбекстанның заманагөй нотариаты - санластырыў ҳәм реформалар" атамасындағы баянаты үлкен қызығыўшылық оятты.
Сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм нотариат системасын жетилистириўге қосқан үлеси ушын Өзбекстан делегациясы ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Бул конференция нотариат тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм алдынғы тәжирийбе алмасыў ушын әҳмийетли майданға айланғаны атап өтилди.