Мектепте мийманлар ушын оқыўшылардың өнимлери ярмаркасы, робототехника бойынша жарыс шөлкемлестирилип, оқыўшылар өзлериниң дөретиўшилик ҳәм техникалық көнликпелерин көрсетти. Zamin Education класында мектеп оқыўшыларын жоқары оқыў орынларына таярлаў процеси таныстырылды.

Дөретиўшилик орайы педагоглары инклюзив кәсиплик билимлендириўди раўажландырыўға қаратылған International Inclusive Hub методикаларын енгизиў бойынша регионаллық платформаны таныстырды.

Хийўада Eco-schools Uzbekistan жойбарының белгиси болған Жасыл байрақты көтериўге бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти. «Zamin» қоры тәрепинен өткерилген аудит нәтийжелерине бола, 30 мектеп экологиялық билимлендириў тараўында ең жақсы деп табылып, халықаралық тән алынды.

Зироат Мирзиёева қатнасыўшыларды қутлықлап, турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде жаслардың үлесин атап өтти.

"Барлық қыйыншылық ҳәм машақатларға қарамастан, алға барыў тек ғана минез-қулқы күшли, өз журтын шын мәнисинде сүйетуғын инсанлардың қолынан келеди. Мен мақтаныш пенен айтаман: бул пазыйлетлер сизлердиң ҳәр бириңизде бар! Сизлер ҳақыйқый тәбияттың қорғаўшыларысыз ҳәм сизлердиң ҳәрекетлериңиз бизлерди БМШтың Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўге жақынластырмақта," - деп атап өтти «Zamin» қоры Қәўендерлик кеңесиниң баслығы.

Илаж шеңберинде шеф-аспаз ҳәм диетологтың қатнасыўында саламат аўқатланыў бойынша шеберлик сабақлары өткерилди, сондай-ақ, БМШтың Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) жәрдеминде мектеп аўқатланыўын шөлкемлестириў бойынша методикалық қолланбалар таныстырылды.

Хийўада жаңа жасыл жәмийетлик орталық жаратыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Дерлик 8 гектар майданда аймақтың ықлым өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда 3 мың түптен аслам терек ҳәм өсимликлер егилмекте. Жаңа бағ тек ғана қаланың көрки емес, ал экологиялық жағдайды жақсылаўға да үлкен үлес қосады.

Сапар етиўдиң мәдений бағдарламасында мәмлекетимиздиң ҳәр қыйлы аймақларынан дөретиўши жасларды бирлестирген Bahor bilan hamnafas фестивалында қатнасыў нәзерде тутылған. Қатнасыўшылар Ҳәмид Әлимжан дөретиўшилигинен илҳамланған мода топламлары, миллий үрп-әдетлер ҳәм көркем өнердиң заманагөй тенденцияларын сәўлелендиретуғын фотокөргизбе ҳәм хореографиялық шығармаларды көрсетти.