Сөйлесиўлер ўақтында тәреплер бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы, әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлардың нәтийжелилиги, сондай-ақ, нефть-газ ҳәм газ-химия тармақларындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў перспективаларын додалады.
Усы жылы толық өндирис қуўатлылығына шыққан Uzbekistan GTL заводының жумысына айрықша итибар қаратылды. Кәрхана жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў ҳәм мәмлекеттиң санаат потенциалын раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейтуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, гүзги-қысқы мәўсим алдынан тәреплер режелестирилген оңлаў жумысларына таярлық көриў, үскенелерди өз ўақтында жеткерип бериў, технологиялық процесслердиң үзликсизлигин тәмийинлеў ҳәм жойбарларды қаржылай қоллап-қуўатлаў мәселелерин додалады.
Буннан тысқары, ушырасыў қатнасыўшылары газди қайта ислеў, санаат газлерин жеткерип бериў ҳәм заманагөй технологиялық шешимлерди енгизиў тараўындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўден мәпдар екенин тастыйықлады.