Социаллық әдиллик ҳәр бир инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин ҳақыйқый қорғаў, мүнәсип мийнет шараятларын тәмийинлеў, тең имканиятлар жаратыў, кемситиўге жол қоймаў принципин әмелге асырыўды аңлатады.

Өзбекстан Республикасы Конституциясында мәмлекетимиз социаллық екенлиги белгилеп қойылған. Бул халықтың социаллық қорғалыўын тәмийинлеў, инсан қәдирин улығлаў, тең имканиятлар жаратыў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары екенин аңлатады.

Мәмлекетимизде кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, майыплығы болған шахслар ушын шараятларды жақсылаў, ҳаял-қызлар ҳәм балалардың ҳуқықларын қорғаў, мүнәсип мийнет қатнасықларын тәмийинлеў ҳәм кемситиўдиң алдын алыўға қаратылған системалы илажлар избе-из әмелге асырылып атырғанын атап өтиў керек. 2026-жылы социаллық әдилликти мәҳәлледен баслап тәмийинлеў, халыққа ең төменги буўында мәнзилли жәрдем көрсетиў бойынша әҳмийетли қәдемлер тасланды.

Бул бағдарда 2025-жылы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкил, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги ҳәм БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен биргеликте әмелге асырылып атырған "Өзбекстанда нызам үстинлигин ҳәм инсан ҳуқықлары қорғалыўын беккемлеў" жойбары шеңберинде әмелде социаллық әдилликти тәмийинлеўге қаратылған бир қатар әмелий илажлар әмелге асырылды.

Ферғана ўәлаятында зорлықтан жәбирленген ҳаял-қызлар ҳәм балалар орайы шөлкемлестирилип, ҳуқықый ҳәм психологиялық жәрдем алыў имканияты жаратылды. Жойбар шеңберинде пуқаралық жәмийети институтлары хызметкерлери ҳәм ўәкиллериниң маманлығын арттырыўға қаратылған семинар ҳәм тренинглер шөлкемлестирилип, нызамшылықты жетилистириў бойынша усыныслар ислеп шығылды.

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) институты пуқаралардың мүрәжатларын көрип шығыў, жабық мәкемелерге мониторинг сапарларын әмелге асырыў ҳәм жәмийеттиң әҳмийетли мәселелерин системалы шешиў бойынша жумыс алып барады. "Теңлик ҳәм ҳүрмет", "Омбудсман мектеби" платформалары шеңберинде халық пенен ашықтан-ашық сөйлесиў алып барылып, мүрәжатлар көрип шығылып, оларды шешиў илажлары көрилмекте.

Социаллық әдилликти тәмийинлеў тек ғана мәмлекетлик уйымлардың ўазыйпасы емес, ал ҳәр биримиздиң пуқаралық миннетимиз. Бир нәрсе анық: бул жолда биз бирлесип, бийпәрўа болмаўымыз керек. Бул сәне жәмийетте әдиллик ҳәм теңликти енгизиўдеги жуўапкершилигимизди және бир мәрте еслетеди.