119 мәмлекеттен 5100 ден аслам спортшы қатнасатуғын бул жарыста Өзбекстан делегациясы да қатнасады.
Делегациямыз бул ретки Универсиада ойынларында 11 спорт түринде 18 жоқары билимлендириў мәкемелеринде билим алып атырған 53 спортшы менен қатнасыўды режелестирген.
Беллесиўлер Германияның 6 қаласында шөлкемлестирилиўи белгиленген. Бағдарламаға бола, бүгин Дуйсбург қаласында салтанатлы ашылыў мәресими өткериледи.