Тийкарынан алып қарағанда, бул баслама өзимиз ушын, саламатлығымыз ҳәм қоршаған орталықты сақлаў мақсетинде алға қойылмақта. Демек, онда қатнасыў да өзимизге пайда. Бирақ пайда дегенде не нәзерде тутылып атырғанын түсиндириў арқалы үгит-нәсиятлаў әҳмийетли мәселе. Яғный сәнеден бир күн алдын "Ертең автомобилсиз күн" деген шақырықтың өзи азлық етеди. Адамлар бул күн не ушын зәрүр екени, жеке автомобилин үйинде қалдырыў арқалы неге үлес қосыўы мүмкин екени, автомобиллерден шығып атырған зыянлы газлер атмосфераға қаншелли зыян келтирип атырғаны ҳаққында түсиникке ийе болса ғана, тамашагөй емес, ал интакерге айланады.
Гәп ҳәр айда "Автомобилсиз күн" акциясы елимиздиң барлық аймақларының орайларында өткерилип атырғаны, бирақ адамлар арасында жетерлише ғалаба ен жаймай атырғаны ҳаққында бармақта. Илаж июнь айының төртинши сәршембисинде де өткерилди. Әйтеўир акция туўралы хабарларға көзим түсти. Сол күни көшелерди билқастан бақладым, бирақ машиналар ҳәрекети әдеттегидей. Дерлик сийреклеспеген, автомобиллер туратуғын орынлар да көликлерге толы.
Илажға байланыслы мағлыўматларды излегенимде, тийкарынан, акция өткерилетуғын сәнеси ҳаққындағы хабар ҳәм оған қосымша етилген илаждың мақсети ҳаққындағы киши түсиникти таптым. Бул хабар ҳәр айда бирдей тәкирарланады. Айтпақшы, буларға қосымша түрде социаллық тармақларда түрли уйымлардың басшылары ҳәм хызметкерлери акцияда қатнасып атырғаны, жумысқа велосипед ямаса пияда келгенлиги ҳаққындағы хабарлар да шығып турады. Бирақ акцияда қанша адам интакер болғаны, усы күни қала көшелеринде автомобиллер саны қаншаға азайғаны, зәҳәрли газлер шығыўы қанша процентке азайғаны бойынша статистикалық мағлыўматларға көзим түспеди.
Бул акцияда ҳеш ким қатнаспай атырғанын аңлатпайды. Бирақ нәтийже күтилгендей емес. Дерлик ҳәр ай сол сәнеде көпшилик жортаға қала көшелерин бақлайды, "бүгин машиналар әдеттегиден азба", деген мақсетте. Тилекке қарсы, көшелер әдеттегидей автомобиллер менен толы. Ямаса айдаўшылар бул акция ҳаққында хабардар емес (үлкен итимал менен бул имканият жоқ, себеби бир жылдан берли илаж ҳаққында ҳәр айда хабар бериледи) ямаса онда қатнасыўды әҳмийетсиз деп есаплаймыз.
Қалай басланған еди?
Қәлеген бир күнде жеке автомобилди үйде қалдырып, күн даўамында жәмийетлик транспорт ямаса велосипедте ҳәрекетлениў, жақын аралыққа пияда жүриў арқалы қоршаған орталыққа қаншелли пайда келтириў мүмкин екенлиги ҳаққында көпшилик ойламайды. Бүгин экологиялық машқалалардың тийкарғы факторларынан бири сыпатында тилге алынып атырған автотранспорт қуралларынан шығып атырған зыянлы газлер атмосфера ушын үлкен қәўипке айланған. Көшелерде автомашиналар көбейип, узын-шубай тығылысларды пайда етип атырғаны жағдайды және де жаманластырмақта. Буған қарсы бир ғана илаж ямаса ҳәрекет пенен гүресиў мүмкин емес. Бирақ киши-киши ҳәрекетлерди улыўмаластырып, үлкен ҳәм күтилген нәтийжеге ерисиў мүмкин.
Есиңизде болса, 2018-жылы ҳүкимет қарары менен "Жол ҳәрекети қәўипсизлигин үгит-нәсиятлаў күни"н өткериў бойынша бағдарлама тастыйықланған еди. Онда Өзбекстанда ҳәр айдың үшинши жума күни "Автомобилсиз күн" акциясын өткериў белгиленген. Сол жылдың 21-сентябрь күни бул илаж елимиз бойлап биринши мәрте шөлкемлестирилди. Кейинирек те акция ҳаққында бир неше мәрте еситтик, бирақ бул тек ғана үгит-нәсиятлаў характерине ийе болғаны ушын, онда қатнасыў мәжбүрий болмаған. Оның үгит-нәсиятлаўшылары да көбирек экобелсендилер ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери еди.
Президентимиздиң өткен жыл 21-февральдағы тийисли пәрманы менен болса ҳәр айдың бир жумыс күни даўамында "Автомобилсиз күн" жәмийетлик жойбарын әмелге асырыў белгиленди. Кейин ала акцияны өткериў ушын ҳәр айдың төртинши сәршембиси таңланды ҳәм бүгинги күнге шекем турақлы өткерилип келинбекте. Мақсет саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, қоршаған орталықты автомобиллерден шығатуғын зыянлы газлерден қорғаў, үлкен қалаларда транспорт қуралларының тығылысын азайтыў, жәмийетлик транспорт системасын раўажландырыў мәселелерине жәмийетшиликтиң итибарын қаратыўдан ибарат.
Онда барлық ўатанласларымыз белсене қатнасыўға шақырылып атырғанының себеби де сонда. Усы күни адамлар жеке автомобиль орнына жәмийетлик транспорт, метро, велосипед сыяқлы атмосфераға кемирек зыян келтиретуғын транспорт қуралларынан пайдаланыўға шақырылады. Жойбарға байланыслы үгит-нәсиятлаў да алып барылмақта. Ҳәмелдарлар, мәмлекетлик шөлкемлердиң басшылары жеке үлги көрсетип, адамларда қызығыўшылық оятып атырғандай. Бирақ және сол гәп, халықта ықтыярый баслама, экологиялық мәденият елеге шекем төмен. Жойбардың әҳмийетин саналы түрде аңлап жетпегенимизше, оның белсенди қатнасыўшысына айлана алмаймыз.
Дурыс, социаллық жойбар ықтыярый әҳмийетке ийе. Яғный қайсыдур күни жеке автомашинаңызды үйде қалдырып, пияда жүриўге сизди ҳеш ким мәжбүрлей алмайды. Бирақ бул басламаны өз ықтыярыңыз бенен әмелге асырсаңыз не болады? Ҳеш ойлап көргенбисиз, бир ғана ҳәрекет пенен қала ҳаўасы қурамындағы зәҳәрли газлер қаншелли қысқарыўына үлес қосыўыңыз мүмкин?! Мен әне усылар туўралы ойланып көремен.
Экологиялық мәденият төменлеў сыяқлы...
Ҳәзир ҳәр еки гәпимиздиң бири экологиялық машқалалар менен байланыслы болып қалған. Мақтаншақлық болмасын, бирақ ҳақыйқатында да бул ҳаққында көп айтып атырмыз ҳәм онда ҳәр сапары пайтахтымызда автомобиллердиң саны артып, тығылыс көбейип атырғанына итибар бериледи. Ҳақыйқатында да, соңғы жыллары халқымыз арасында автомобиллерге қызығыўшылық та, талап та артып бармақта. Мағлыўматларға бола, 2021-жылы Өзбекстанда 3 миллион 200 мыңға шамалас машина болған, бүгинги күнге келип бул сан дерлик 5 миллионға жетти. Ташкентте ҳәр күни 1 миллионға шамалас автомобиль ҳәрекетленбекте.
Бул халықтың турмыс дәрежеси өсип баратырғанынан дәрек екени қуўанышлы. Бирақ мәселениң басқа тәрепи де бар. Бул барған сайын қәўипли түс алып атырған экологиялық машқалалар менен байланыслы. Яғный автомашиналар қанша көп болса, олардан шығатуғын зыянлы газлердиң атмосфера қатламына унамсыз тәсири сонша жоқары болады. Бундай шараятта автомобиллер саны экономикалық раўажланыў менен бирге өсип барыўына бейимлескен ҳалда экологиялық жағдайды жақсылаўға ерисиў тийкарғы ўазыйпалардан бирине айланған.
1885-жылы Карл Бенз тәрепинен биринши бензин моторлы автомобиль ойлап табылыўы инсанияттын ең пайдалы ойлап табылыўларынан бири болған еди. Узағымызды жақын ететуғын автотранспорт қураллары ўақыт өтиўи менен ғалаба ен жайып, адамлар ушын ең қолайлы ҳәм ўақытты үнемлейтуғын қуралға айланды. Бүгинги күнге келип болса ол ҳәттеки салтанат белгиси есапланады.
Бирақ көплеген қалаларда автомобилдиң пайдасы менен бирге зыяны да сезиле баслаған. Ҳәттеки оларға экологиялық орталықты жаманластырып атырған тийкарғы факторлардан бири сыпатында қаралмақта. Бул машқала Ташкент қаласында да бар ҳәм пайтахтымызда тығылыслар артып атырғаны бақланып атыр. Бул экологияға автотранспорт қуралларынан үлкен муғдарда зыянлы газлер шығып атыр, дегени. Әсиресе, халықаралық сапа стандартларына жуўап бермейтуғын жанылғы түрлери атмосфера ҳаўасын айрықша зыянлайтуғыны таллаўларда да көрсетилмекте. Елимизде 2026-жылға шекем Аи-80 маркалы бензинден толық ўаз кешиў талабы қойылғанының себеби сол. Буннан тысқары, аўыр жүк машиналары, ислеп шығарылғанына 10 жылдан асқан автомобиллер ҳәм Евро-4 стандартынан төмен болған жанылғыдан пайдаланыўдың қоршаған орталыққа зыянын азайтыў механизмлери ислеп шығылатуғыны айтылған. Қалаберди, пайтахтымызда жәмийетлик транспортқа үстинлик бериў, автотранспорт қуралларынан шығып атырған зыянлы газлер ҳәм жоллардағы тығылысларды азайтыўға қаратылған анық ўазыйпалар белгиленген.
Бул мағлыўматлардан хабардар адам "Автомобилсиз күн" жойбарына бийпәрўа бола алмайды. Ҳеш болмаса айына бир мәрте жеке автомобилден ўаз кешип, жәмийетлик транспортта ҳәрекетлениў арқалы саламатлығы ҳәм экологиялық қәўипсизликке үлес қосады. Социаллық жойбардың әҳмийети де сонда. Бирақ ҳәр сапары социаллық жойбарда әпиўайы халықтың қатнасыўы төменлеў болып атырғанын тән алыўымыз керек. Әтирапыңыздағылардан себебин сорап, гәп қылсаңыз, ҳәр кимниң исеним менен келтиретуғын қандайда бир дәлили бар. Ҳеш болмаса, акцияда қатнасыў тилеги болғанын айтқанына да қуўанасаң. "Буның маған не қатнасы бар, машина өзимдики, қәлегенше пайдаланаман", десе де ҳеш нәрсе айта алмайсыз. Буның барлығы бизге бираз жетиспей атырған экологиялық мәденият пенен байланыслы мәселе. Бәлким үгит-нәсият жетерли болмай атырған шығар. Әйтеўир көшелерде үгит-нәсият баннерлери, дағазалар көзге тасланбайды.
- Ашығын айтсам, ҳәр сапары "Автомобилсиз күн"де белсенди пуқаралық позициямды көрсетип, жеке автомашинамды үйде қалдырып, жумысқа жәмийетлик транспортта барыўды мақсет етемен, - дейди Наргиза апа. - Бирақ азанда қандай да бир зәрүр жумыс шығып турады, оларды машинада питкермесем жумысқа кешигип қаламан, деген қыял менен режелеримди өзгертемен. Сол себепли, жеке автомобилде жүриўиме туўра келеди. Бирақ тез-тез пияда да жүрип тураман, таза ҳаўада сейил етиўди унатаман. Социаллық жойбарға келсек, экологияны сақлаў жолындағы жақсы басламалардан бири, деп есаплайман ҳәм кейинги сапары онда белсене қатнасыўды ойлағанман. Улыўма, бул басламаны өзимиз де ықтыярлы түрде тез-тез қоллап турыўымыз керек.
Тийкарғы интакер - өзимиз
Ҳақ гәп, басламаны жеке әмелиятымызға киргизип, тез-тез қоллап турыўымыз керек. Көшеге автомобилсиз шығыў ушын ҳәр айдың сәршембисин күтиў шәрт емес. Транспортлар узағымызды қаншелли жақын қылмасын, саламатлығымыз ҳәм экологиялық турақлылық ушын оған гейде "дем" берип турыўдың зыяны жоқ. Қалаберди, пияда жүриў денсаўлық ушын пайдалы, саламат турмыс тәризиниң тийкарғы факторларынан бири.
Илимий изертлеўлердиң көрсетиўинше, әйне пияда жүриў өмирди узайтыўшы шынығыў есапланып, америкалы илимпазлар ҳәптесине кеминде бес мәрте, күнине 30 минут пияда ҳәрекетлениўди усыныс етеди. Пияда жүриў кейпиятты көтериў, организмниң улыўма жағдайын жақсылаў, қан басымы ҳәм холестерин муғдарын нормалластырыў сыяқлы унамлы тәсирлерин көпшилик жақсы биледи. Қәўипли кеселликлерге шалыныў көрсеткишин азайтады.
Яғный "Автомобилсиз күн" социаллық жойбары бүгин елимизде жедел үгит-нәсиятланып атырған саламат турмыс тәризиниң бир бөлеги де болып есапланады. Қәле пияда, қәле велосипедте ҳәрекетлениў болсын, инсанның күн даўамындағы физикалық белсендилигин арттырып, организмниң жумысын жақсылайды. Әсиресе, күн даўамында отырып ислейтуғын кәсип ийелери ушын бул жүдә пайдалы. Қалаберди, қаламыз көшелеринде пиядалар ушын да, велосипед басқарыўшылар ушын да арнаўлы жоллар шөлкемлестирилген, шараяттың жоқлығын сылтаў ете алмаймыз.
Алыс мәнзилге барыўда болса қолайлы, сапалы жәмийетлик транспорт зәрүр болады. Жақын жылларға шекем бул ең аўыр ноқатларымыздан бири еди. Жыллар даўамында бул бағдарға жетерли итибар қаратылмағаны себепли, халықтың жәмийетлик транспортқа исеними менен бирге, пайдаланыў көрсеткишлери де кескин түсип кеткен еди. Бирақ бүгин жәмийетлик транспорт жолға түсип алды, халықтың талабын толық тәмийинлеў, қамтып алыўын кеңейтиў бойынша жедел жумыслар әмелге асырылмақта.
Мағлыўматларға бола, 2022-жылы Ташкент қаласында ҳәрекетлениўши автобуслар саны 1 400 ден асламды қураған болса, 2024-жылға келип 1 900 ден асты. Алдынлары автобустың өзинде күнине 400-500 мың әтирапында жолаўшы тасылған болса, бүгинги күнде 1 миллион 400 мыңнан асты. Кейинги еки жылда Ташкент қаласында автобуслардың саны еки есеге, олардың орташа сыйымлылығы болса 75 процентке артты. Жәмийетлик транспорттан пайдаланыўшылардың саны еки есеге артқаны адамлардың системаға исеними, ҳәрекетлениў белсендилиги артып атырғанынан дәрек береди.
Әсиресе, қалаларымыз көшелеринде заманагөй, эекологиялық таза электробуслар көбейип атырғанын көпшилик унамлы баҳалап атыр. Ҳәттеки, мине усындай түрдеги автобусларға қызығып, жәмийетлик транспорттан пайдаланып атырғанлар бар. Бул түрдеги транспорт қураллары, бир тәрептен, қолайлығы менен адамларды тартса, екинши тәрептен, денсаўлық ушын қәўипсиз екени көпшилигимизди қызықтырады.
Мине енди ойлап көриң, айда бир өткерилип атырған "Автомобилсиз күн" акциясы ким ушын көбирек пайдалы? Әлбетте, өзимиз, денсаўлығымыз ҳәм биз дем алып атырған атмосфера қатламы ушын. Солай екен, социаллық жойбарды шын мәнисинде жақсы дәстүрге айландырыўға үлес қосыўымыз керек.
Ирода ТОШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы









