Айырым билимлендириў шөлкемлериниң асханалары исбилерменлерге “E-auksion” арқалы ижараға бериледи

    14 қаңтар 2025 276

    Ҳүкимет қарары менен (8-санлы, 11.01.2025-ж.) Министрлер Кабинетиниң қарарына өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

    Қарарға бола, Министрлер Кабинетиниң 132-санлы қарарына төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:

    улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў шөлкемлериниң асханаларын исбилерменлик субъектлерине “E-auksion” электрон саўда платформасы арқалы таңлаў тийкарында ижараға бериў;

    “online-ijara.uz” мәлимлеме системасы арқалы билимлендириў шөлкемлериниң асханаларын есапқа алыў ҳәм оларды ижараға бериў;

    билимлендириў шөлкемлеринде саламат аўқатланыўдың шөлкемлестирилиўин мониторинг ҳәм қадағалаў;

    республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары атамаларын нызам ҳүжжетлерине муўапықластырыў.

    Төмендеги талапларға жуўап беретуғын ижараға алыўшылар таңлаўда қатнасыўы мүмкин:

    исбилерменлик жумысын жүргизиў ушын мәмлекетлик дизимнен өткен;

    улыўма аўқатланыў бойынша кеминде 6 ай даўамында жумыс ислеп атырған;

    асхана жумысы бағдары бойынша арнаўлы үскенелерге ийе болған;

    шәртнама ҳәм суд ҳүжжетлери бойынша ижара ҳәм салық төлемлеринен қарыздарлығы болмаған.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates