Қарарға бола, Министрлер Кабинетиниң 132-санлы қарарына төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди:

улыўма орта ҳәм орта арнаўлы, кәсиплик билимлендириў шөлкемлериниң асханаларын исбилерменлик субъектлерине “E-auksion” электрон саўда платформасы арқалы таңлаў тийкарында ижараға бериў;

“online-ijara.uz” мәлимлеме системасы арқалы билимлендириў шөлкемлериниң асханаларын есапқа алыў ҳәм оларды ижараға бериў;

билимлендириў шөлкемлеринде саламат аўқатланыўдың шөлкемлестирилиўин мониторинг ҳәм қадағалаў;

республика атқарыў ҳәкимияты уйымлары атамаларын нызам ҳүжжетлерине муўапықластырыў.

Төмендеги талапларға жуўап беретуғын ижараға алыўшылар таңлаўда қатнасыўы мүмкин:

исбилерменлик жумысын жүргизиў ушын мәмлекетлик дизимнен өткен;

улыўма аўқатланыў бойынша кеминде 6 ай даўамында жумыс ислеп атырған;

асхана жумысы бағдары бойынша арнаўлы үскенелерге ийе болған;

шәртнама ҳәм суд ҳүжжетлери бойынша ижара ҳәм салық төлемлеринен қарыздарлығы болмаған.