Бул бағдарда декабрь ҳәм январь айларында өткен мәжилислерде үлкен ўазыйпалар белгилеп берилген еди. Мәмлекетимиз басшысы "2025-жыл бәнтликти тәмийинлеў ҳәм кәмбағаллықты азайтыўда ең әҳмийетли ҳәм шешиўши жыл болады", деп атап өтти.
Атап айтқанда, быйыл 5 миллион 200 мың халықты бәнт етип, 1,5 миллион адамды кәмбағаллықтан шығарыў, 42 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартып, экспортты 30 миллиард доллардан арттырыў есап-санақ етилген.
Мәжилисте бул бағдарда басланған жумыслар ҳәм дәслепки нәтийжелер ҳаққында мәлимлеме берилди.
Январ айында 277 мың пуқара жумыслы болған. Соннан 91 мыңы турақлы жумысқа жайластырылған, 153 мыңы исбилерменликке тартылған.
Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша 32 бағдарда жаңа қатнаслар енгизилмекте. Жақында министрликлер ҳәм ҳәкимликлер қәнигелеринен ибарат топарлар Қытайға барып, тәжирийбе алмасып келди. Енди орынлардағы имканиятлар халыққа түсиндирилип, дәрамат табыўға жәрдем бериледи.
Жумыс орынлары ҳәм инвестиция өз-ара байланыслы. Быйыл дерлик 14 миллиард долларлық 8 мың жойбарды әмелге асырып, 272 мың турақлы жумыс орнын жаратыў режелестирилген.
Дәслепки есап-санақларға бола, өткен айда елимизге 3 миллиард доллар сырт ел инвестициясы келген. Феврал айында да сонша инвестиция алып келиў, 623 жойбарды иске қосыў нәзерде тутылған.
Мәжилисте жойбарлар бойынша мәнзилли ислеп, пәтти кескин арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Жыл басынан берли экспорт көлеми 1 миллиард 300 миллион долларға жеткен. Жуўапкерлерге сырт елли шериклер менен ислеп, исбилерменлерге сыртқы базарларға шығыўға жәрдемлесиў, жаңа кәрханаларды экспортқа тартыў бойынша тапсырмалар берилди.