Изертлеў 35 коммерциялық банкти қамтып алған ҳәм халықаралық стандартлар, соның ишинде, Базел банк қадағалаў комитети талапларын есапқа алған ҳалда 27 көрсеткишти таллаўға тийкарланған.
Дәўир жуўмақлары бойынша банк секторының активлери 892,9 триллион сумға, мәжбүриятлары 759,8 триллион сумға жетти. Кредитлер 13 процентке, аманатлар 31 процентке, сап пайда 57,1 процентке артып, 13,5 триллион сумды қурады. Машқалалы кредитлердиң үлеси 3,5 процентке шекем азайған, капитал жеткиликлилиги көрсеткишлери болса нормативлерден 1,4 еседен зыятқа артқан.
Ири банклер арасында көпшилик өз орнын сақлап қалғаны тараўдың бәсекиге шыдамлылығы артып атырғанынан дәрек береди. Ең көп өсиўди "Өзсанаатқурылысбанк" (+3 орын) көрсеткен. Сондай-ақ, "Давр банк", "Ориент финанс банк", "Халқ банк" ҳәм "Ипотека банк" өз позицияларын жақсылады. "Инвест финанс банк" ҳәм "Алоқа банк"те төменлеў бақланған.
Киши банклер сегментинде де салыстырмалы турақлылық бақланбақта. Рейтинг жетекшиси "Универсал банк" өз орнында қалды, "Апекс банк" болса үш текшеге көтерилди. Ең көп төменлеўди "Зираат банк" көрсеткен (3-орын).
Улыўма алғанда, рейтинг банк системасының турақлылығын ҳәм бәсекиге шыдамлылық шегарасының артыўы, орта сегменттеги ноқатлы қайта топарланыўды сәўлелендиреди, деп жазады «Дунё» МА.