Өткен әсирдиң орталарында (1946-жылы) ойлап табылған дүньядағы дәслепки компьютер үскенесиниң аўырлығы дерлик 30 тонна ҳәм көлеми шерек футбол майданына тең еди. Енди оны қолыңыздағы кишкене смартфон (телефон да кишкене компьютер) менен салыстырсаңыз, процесс қандай жетилисиў басқышларынан өткенлиги анық болады.
Тап сондай-ақ, бүгин биз әпиўайы буйым сыпатында қабыл ететуғын ҳәр қандай өним, дәслеп ақылға ылайық емес дәрежеде қурамалы ямаса әпиўайы, үлкен ҳәм қолайсыз, қолайсыз көринисте, формада усынылған. Мысалы, телевизор, автомобиль ҳәм т.б.
Әйне гүрриңимиздиң қаҳарманы елеге шекем мәмлекет экономикасында түпкиликли бурылыс ислемеген, дүнья жүзилик ойлап табыўы менен илимде революция да ислемеген. Ямаса онлаған жумыс орнын жаратып, миллионлап ямаса миллиардлап қаржыларды айландырып атырғаны да жоқ. Бирақ, оның мақсети, ҳәрекети, қәлбинде жүз берген қатнасық сезими, пуқаралық позициясы келешекте басқалар, атап айтқанда, шәкирт, перзент ҳәм даўамшылардың турмысына үлкен табыс, мисли көрилмеген даңқ ҳәм дәрамат кирип келиўине себеп болса, әжеп емес.
Нөкисли 47 жасар исбилермен, "Өнермент" ассоциациясының ағзасы Полат Балтабаев ҳәр қыйлы пластмасса ыдысларды, атап айтқанда, "баклажка"ларды қайта ислеп, ҳәр қыйлы буйымлар таярлай баслағанында күлгенлер де табылды. Бул жумыстың келешеги жоқ, дегенлер де болды. Бирақ, Полатбек артқа қайтпады. Өз өнимлериниң сапасы ҳәм саны үстинде қунт пенен ислеўди даўам еттирди.
Болажақ исбилермен дәслеп базарда саўда-сатық пенен шуғылланады, кейин Нөкис-Ташкент жөнелисинде жолаўшы тасып, шаңарағын бақты. 2020-жылы пандемия себепли үйде өз жумысын баслаўға қарар етти. Ҳәр түрли темир бөлеклеринен қолда жасалма үскене иследи, инновация жолы менен пластик ыдыслардан бир неше түрдеги әжайып сипсе таярлаўды жолға қойды. Оның ушын, әлбетте, түрли дәреклер, интернет арқалы видео сабақлықлар таўып үйренди, изленди.
- Көпшилик шаңарақта тазалаў жумыслары ушын тәбийий жетистирилген сипседен пайдаланады, - дейди Полат Балтабаев. – Бирақ, олар тез жарамсыз болып қалады. Сол себепли үй жумыслары ушын шыдамлы, турақлы пайдаланыў мүмкин болған өним ойлап табыў үстинде излендим. Нәтийжеде пластикалық ленталар таярлайтуғын ҳәм оларды тийисли муғдарда ийилиўшең ҳәм шыдамлы жағдайға келтирип беретуғын үскене ислеп шығара алдым. Оның жәрдеминде шаң жутқыш услап ала алмайтуғын шаңларды да тазалайтуғын, ең әҳмийетлиси узақ мүддет хызмет ететуғын арзан сипсе жаратылды.
Ҳәзирги ўақытта өнермент устаханасында пластикалық ленталардан қайта исленген бул сапалы ҳәм арзан сипселерге халық арасында талап ҳәм қызығыўшылық үлкен. Қоңсылас ўәлаятлар, ҳәттеки Қазақстаннан да өнимге үзликсиз буйыртпа бар. Оның кеңнен ен жайғанының себеби, Полатбек дәслеп талап ҳәм усынысты үйренип, заманагөй тилде айтқанда, өнимди маркетинг етти. Дәслеп бир неше дана сипсени сатыў ушын емес, оны пайдаланыўшы, яғный ҳаял-қызлардың пикир ҳәм усынысларын тыңлаў ушын базарға шығарды. Мәсләҳәтлерге муўапық, сипсениң 15 сантиметр етип исленген бас бөлими 30-35 сантиметрге, қолға услайтуғын сабының узынлығы болса 80 сантиметрге жеткерилди. Сипсениң белин беккем буўған еди. Ол қолға жарақат жеткереди екен. Соның ушын белбеў пластмасса шийки затына алмастырылды. Нәтийжеде өним ҳеш қандай наразылықсыз шаңарақларға кирип барды.
- Еститиўимше, күнине 2-3 сипсе таярлап атырсыз екенсиз. Бул жүдә аз ғой? Неге оны талапқа муўапық саны ҳәм түрин көбейтип, ислеп шығарыўды жолға қоймайсыз?
- Қызығып көрдим. Оның ушын Беларусь мәмлекетинен үскене алып келиў керек, жол ҳәм бажыхана қәрежетлери бираз қымбат. Қалаберсе, жетерли қаржыға да ийе емеспен. Сол 2-3 сипсени өзим жаратқан үскене менен қол мийнетим менен жасайман. Өзине түсер баҳасы 25-30 мың сумға айланады, сатыўым болса 40-50 мың сумнан. Мениң сипселеримниң үй, бөлме, көшеде, плиткалар аралығы, дийўалларды сыпырыўға арналған түрлери бар. "Баклажканы" көшеде шығынды етип таслап жибергеннен гөре, халық ушын пайдалы буйым ислегенимиз жақсы емес пе?
Бундай сипселер 3 түрли үлкенликте таярланади. Буның ушын пайдаланылған ақ, қара, қоңыр, жасыл ҳәм көк реңли пластик ыдыслар таңлап алынады. Бир сиспсени ислеў ушын 40 "баклажка" кетеди. Пластик ыдыслар дәслеп қазанда қайнатылып тазаланади. Кейин арнаўлы станокта қырқылады.
- Елимизде 2025-жыл - "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы," деп жәрияланды. Мүмкин, енди сиз баслаған жумыстың әҳмийети ҳәм мәниси қандайда бир қәўендер ямаса жуўапкерлердиң итибарына түссе. Ақыры, сизиң мақсетиңиз де дәслептен-ақ тәбиятқа ғамхорлық болған-ғо.
- Бул туўралы ойлағаным жоқ. Бирақ, быйыл тәбиятты сақлаўға үлкен итибар қаратылатуғынын сезип қуўандым. Көпшилигимиз ҳәр қыйлы газли ишимликлер ҳәм шербетлерден босатылған тәбият ҳәм қоршаған орталыққа оғада зыянлы деп есапланған пластик "баклажка"ларды таслап жиберемиз. Бул өним узақ жыл ширип кетпейди, соның менен экологиялық зыян келтиреди. Мен оларға екинши өмир бериў арқалы ҳәм тәбиятқа, ҳәм адамларға пайда келтирип атырғанымнан, пластик шығындылар менен байланыслы машқалаларға аз-маз болса да шешим таўып атырғанымнан қуўанышлыман...
Исбилермен менен болған сәўбетимизден және бир нәрсе мәлим болды, яғный, ол ҳәзирги ўақытта "баклажка"дан "брусчатка" – жолға төсейтуғын тасларды жаратыў үстинде жумыс алып бармақта. Бул өним шыдамлы, беккем, арзан, экологиялық жақтан таза болыўы менен бирге, аз қәрежет, яғный астынан қум-тас төсеў талап етилмейди. Солай-ақ, жердиң үстине терип шығылса, ҳәзирги ўақытта пайдаланылып атырған альтернатив өнимнен 3-5 есе узақ мүддет шыдап береди.
Исбилермен сипсе ҳәм "брусчатка"дан тысқары автомобиллерди тартатуғын ямаса қурылысларда керек болатуғын 3-5 метр узынлықтағы трос, үй-руўзыгершилигинде пайдаланылатуғын 10-15 метрлик хожалық арқанлары сыяқлы өнимлерди де "баклажка"лардан таярлап, буйыртпашыларға жеткерип бермекте.
- Тағы да сол гәп, - дейди Полат Болтабаев. - Имканиятым, қәрежетим болғанда сырт елден арнаўлы үскене алып келип, жумысымды кеңейткен болар едим. Ҳәзирги таярланып атырған "брусчатка"ларды жақсылап сынақтан өткерип, жетик жағдайда өндириске енгизер едим. Бул адамларға да, тәбиятқа да пайда болар еди. Жумысым көп болса қызым ҳәм өмирлик жолдасым да жәрдем береди, басқа ўақытта өзим еплеймен. Егер өндиристи кеңейттирсем, қасыма шәкирт алып жумыс орынларын да жаратаман.
Нодир МАҲМУДОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы