Ҳәрекетке - берекет
Бүгинги дүньяда экологиялық машқалалардың кескинлесиўи, тәбийий ресурслардың шеклениўи ҳәм олардан надурыс пайдаланыў сыяқлы шешилиўи зәрүр болған әҳмийетли мәселелерге айланды. Өзбекстанда да бул бағдарда нәтийжели илажлар көрилмекте. Мәмлекетимизде 2025-жылдың "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы" деп жәрияланыўы экологиялық мәселелерге мәмлекет дәрежесинде итибар қаратылып атырғанынан дәрек береди. Сондай-ақ, "Өзбекстан - 2030" стратегиясын әмелге асырыў шеңберинде усы машқалаға көбирек итибар берип ислеп шығылған 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бағдарламаның жойбары да жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.
Бул жойбарда "Бир миллион жасыл шаңарақ" улыўмамиллий ҳәрекетине айрықша орын ажыратылған, оның тийкарғы мақсети экологиялық мәдениятты раўажландырыў, халықты тәбиятқа абайлы қатнаста болыўға тартыў ҳәм экологиялық белсенди турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўдан ибарат. Бул ҳәрекет шеңберинде бир қатар әҳмийетли бағдарларда әмелий илажлар көрилиўи режелестирилген.
Күнделикли жүриў ҳәм жуўырыў
Жәмийеттеги артықша ҳәм нәтийжесиз қәрежетлер, сондай-ақ, денсаўлық пенен байланыслы заманагөй машқалалар турмыс тәризиниң ҳәрекетсизлиги менен тиккелей байланыслы. Материаллық жақтан қарағанда, автомобиль жанылғысына кететуғын қаржы ҳәм транспорт қуралларының қоршаған орталыққа жеткеретуғын зыяны әҳмийетли мәселеге айланбақта.
Сол себепли, "Бир миллион жасыл шаңарақ" ҳәрекети күнделикли жүриў ҳәм жуўырыўды турмыс тәризине айландырыўды өз алдына мақсет етип қойған. Бул баслама шеңберинде түрли спорт илажлары, ғалабалық марафонлар, шаңарақлық жуўырыў жарыслары шөлкемлестириледи ҳәм белсене үгит-нәсиятлаў жумыслары алып барылады. Бул тек ғана жеке саламатлықты жақсылаў емес, ал автомобиллерден пайдаланыўды қысқартыў арқалы ҳаўаның патасланыўын азайтыўға да хызмет етеди.
Транспорт дүнья көлеминде атмосфераны патасландырыўшы тийкарғы қураллар қатарынан орын алған. Қалалардағы жол ҳәрекетин экологиялық қәўипсиз тәризде шөлкемлестириў "Бир миллион жасыл шаңарақ" ҳәрекетиниң әҳмийетли бағдарларынан бири болып есапланады.
Бүгинги күн талапларынан келип шығып, велосипедлерден пайдаланыўды хошаметлеў ушын арнаўлы жоллар қурыў және велосипед ижарасы хызметлерин кеңейтиў ҳәм оннан пайдаланыў ушын шараятлар жаратыў, жәмийетлик транспорт системасына электр автобуслар ҳәм таксилерди киргизиў халықты "жасыл" транспорт қуралларын таңлаўға ийтермелейди.
Электр транспорт қураллары ушын қуўатлаў станциялары тармағын кеңейтиў де үлкен әҳмийетке ийе. Бул тек ғана транспорт экологиясын жақсылап қоймастан, экономикалық нәтийжелиликти де тәмийинлейди.
Ҳәр жылы планетамызда миллиардлаған тонна пластик шығынды жыйналып, бул тәбиятқа үлкен зыян жеткереди. Себеби, пластикалық өнимлер әсирлер даўамында қоршаған орталықты патасландырады. Соның ушын пластиктен пайдаланыўды шеклеў ҳәм оның орнын басатуғын экологиялық өнимлерди кеңнен енгизиў ҳәрекеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири.
Бағдарлама шеңберинде қайта исленетуғын материаллардан ислеп шығарылған сумкалар, ыдыс ҳәм басқа да өнимлерди үгит-нәсиятлаў нәзерде тутылған. Сондай-ақ, пластиктен пайдаланыўды шеклеў бойынша нызамшылықты жетилистириў ҳәм ислеп шығарыўшылар ушын экономикалық хошаметлеўши илажлар көриў мақсетке муўапық.
Ысырапгершиликтиң алды алынады
Бүгинги күнге келип ҳәр жылы үлкен муғдарда азық-аўқат зая болмақта, бул тек ғана экономикалық жоғалтыўлар емес, ал ресурслардың бийкар жумсалыўына да алып келеди. Ҳәрекет шеңберинде халықты азық-аўқатты үнемлеў мәдениятына үйретиў, түрли акция ҳәм бағдарламаларды жолға қойыў режелестирилмекте.
"Бир миллион жасыл шаңарақ" ҳәрекети шеңберинде азық-аўқатты нәтийжели пайдаланыўды үгит-нәсиятлаў, соның ишинде, түрли акциялар, көргизбе ҳәм ғалаба хабар қураллары арқалы азық-аўқатты үнемлеўге айрықша итибар қаратылады.
Суў, газ ҳәм электр энергиясын үнемлеў тек экономикалық жақтан нәтийжели емес, ал экологиялық турақлылықты тәмийинлеўдиң тийкарғы факторларынан бири болып есапланады. Мәселен, суўдың жумсалыўы глобал суў жетиспеўшилиги машқаласын және де күшейтеди, электр энергиясынан артықша пайдаланыў болса углерод газын арттырады.
Мәмлекетлик бағдарлама шеңберинде суў, газ ҳәм электр энергиясын үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў, мәселен, тамшылатып суўғарыў ямаса заманагөй фильтрлерден пайдаланыў, халық арасында энергияны үнемлейтуғын лампалар, турмыслық техника ҳәм үскенелерден пайдаланыўды үгит-нәсиятлаў жумыслары жолға қойылады.
Улыўма миллий ҳәрекет қатнасыўшылары хошаметленеди
"Бир миллион жасыл шаңарақ" улыўмамиллий ҳәрекети шеңберинде арнаўлы платформа иске қосылып, онда:
- бир күн даўамында кеминде он мың қәдем жүриўди үгит-нәсиятлаў;
- жоқары көрсеткишлерге ерискенлерге "Экобелсенди пуқара" статусын бериў және олар ушын мәмлекетлик хызметлерден пайдаланыўда 10 процент шегирме ҳәм мәмлекетлик үлеси 50 проценттен жоқары болған банклерде тутыныў кредитин алыўда шегирме бериў;
- шаңарақтың барлық ержеткен ағзалары "Экобелсенди пуқара" статусын алғанында, бул шаңараққа "жасыл шаңарақ" статусын бериў ҳәм оларға ҳәр жылы лотерея арқалы 14 электромобил бериў;
- халықтың ярымы "жасыл шаңарақ" статусын алған мәҳәллелерде "Ең таза мәҳәлле" ҳәм "Ең жасыл мәҳәлле" таңлаўларын өткериў ҳәм жеңимпаз болған мәҳәллелер қорына балалар майданшасын қурыў, жасыл бағ жаратыў және шығынды жыйнаў майданшасын қурыў ҳәм шығынды контейнерлерин орнатыўға 500 миллион сум ажыратыў белгиленген
Келешек ушын жуўапкершилик
"Бир миллион жасыл шаңарақ" ҳәрекети тек ғана экологиялық машқалаларды шешиўге қаратылған емес, ал келешек әўладлар ушын да таза ҳәм саламат орталық жаратыў мақсетине хызмет етеди. Ҳәр бир инсанның бул басламада қатнасыўы үлкен әҳмийетке ийе.
Тәбиятқа абайлы қатнас ҳәм үнемлеў мәденияты жәмийет мәдениятының ажыралмас бөлегине айланыўы зәрүр. Мәмлекет тәрепинен көрилип атырған илажлар болса ҳәр бир пуқара ушын қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған.
Бул бағдарда әмелге асырылатуғын илажлар тек ғана экологиялық емес, ал социаллық-экономикалық жақтан да пайдалы болады, деп ойлаймыз. Таза ҳаўа, ресурсларды үнемлеў ҳәм жумсаўды азайтыў арқалы биз тек ғана өз турмысымыздың сапасын емес, ал пүткил планета халқының турмыс тәризин жақсылаўға қәдем таслаймыз.
Себеби, таза ҳаўа, саламат орталық ҳәм турақлы ресурслар менен тәмийинленген келешек ушын ҳәммемиз бирдей жуўапкер екенимизди умытпаўымыз керек.
Жамшид ШАРИПОВ,
"Раўажланыў стратегиясы" орайы бөлим баслығы