2025-жыл 13-январь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда бир қатар нызам жойбарлары биринши ҳәм екинши оқыўда көрип шығылды.
Дәслеп, бир топар депутатлар тәрепинен нызамшылық басламасы ҳуқықы тийкарында ислеп шығылған - "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, әмелдеги тәртипке бола пуқаралар жыйыны баслықлары 3 жыл мүддетке сайланады. Бирақ бул дәўир пуқаралар жыйыны баслықларына өз билим ҳәм басқарыў қәбилетлерин толық көрсетиўге жетерли имканият бермейди.
Соннан келип шығып, нызам жойбары менен жаңадан сайланған пуқаралар жыйыны баслығы толық 5 жыл мүддетке сайланыўын белгилеў усыныс етилмекте. Сондай-ақ, жойбар менен пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўына таярлық илажларын өткериў мүддетлери ҳәм тәртибин жетилистириў мақсет етилген.
Атап айтқанда, пуқаралар жыйыны сайлаўына таярлық илажларын өткериў мүддетлери ҳәм тәртибин белгилейтуғын ўәкилликлерди Республикалық жәрдемлесиўши комиссиялардан Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық жәрдемлесиўши комиссияларға берилиўи белгиленбекте.
Буннан тысқары, пуқаралар жыйыны баслығының ўәкилликлери мүддетинен алдын тамамланған жағдайда босап қалған орынларға жаңа сайлаў өткериў арқалы пуқаралар жыйыны баслығын бес жыл мүддетке сайлаў тәртибин белгилеў нәзерде тутылмақта. Олий Мажлис Сенаты Кенгашиниң пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўын өткериў менен байланыслы ўәкилликлерди болса Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине өткериў усыныс етилген.
Нызам жойбарын додалап атырып депутатлар әмелдеги тәртип ескирип қалғанын ҳәм жаңалық енгизиў жақсы нәтийже бериўи мүмкин екенлигин атап өтти. Олардың сөзлерине бола, пуқаралар жыйынлары баслықлары сайлаўын шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көмеклесиўши республикалық комиссияның пуқаралар жыйыны баслығы сайлаўын өткериў менен байланыслы ўәкилликлериниң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық комиссияларына өткерилиўи системадағы өзгерислерге себеп болады. Өзгерислердиң енгизилиўи пуқаралар жыйынының ўәкилликлерин буннан былай да кеңейтиўге де хызмет етеди.
Депутатлар усы тәреплерди есапқа алған ҳалда өз усынысларын, пикир-усынысларын билдирди. Келеси оқыўға шекем қосымшалар үстинде ислеўге келисилген ҳалда жойбар мақулланды.
Мәжилисте күн тәртибине киргизилген мәселелер ҳәр тәреплеме көрип шығылып, тийисли қарар қабыл етилди.