Бүгин усы бағдардағы системалы реформалар ҳәм дөретиўшилик жумыслардың барлығы жаңа Өзбекстанды қурыўға хызмет етпекте.
Президентимиздиң Олий Мажлис ҳәм Өзбекстан халқына Мүрәжатында атап өтилгениндей, буннан тоғыз жыл алдын экономикамыздың көлемин 100 миллиард долларға жеткериў биз ушын оғада үлкен шек болып көрилетуғын еди. Быйыл тарийхымызда биринши мәрте жалпы ишки өнимимиз 145 миллиард доллардан асты.
Дүньяда ҳәр үшинши адам тойып таза ишимлик суў ише алмай атырған бир ўақытта 2025-жылы елимиздеги 188 мәҳәллеге биринши мәрте таза ишимлик суў кирип барды. Соның менен және 2 миллион 300 мыңға шамалас адамның суў тәмийнаты жақсыланды. 867 "аўыр" мәҳәлледеги 470 мың шаңараққа қыйтақ жерлерди суўғарыў ушын биринши мәрте суў кирип барды.
Дүнья бойлап миллионлаған адамлар баспанасыз жасап атырған бир ўақытта ўатанласларымызға 8 миллион 100 мың квадрат метрли 135 мың квартирадан ибарат көп қабатлы турақ жайлар пайдаланыўға тапсырылды.
Жаратылып атырған шараятлар себепли билимлендириў ҳәм спорт тараўында қолға киргизилген жетискенликлер де салмақлы. Бүгин дүнья халқы өзбек футболы менен есапласпақта. Халықаралық пән олимпиадаларында тек ғана қатнасыў емес, ал сыйлы орынларды ийелеў әллеқашан әдеттеги жағдайға айланды.
Ерисилген жоқары нәтийжелерден келип шығып, 2026-жылы және де жоқары шеклерди гөзлемектемиз. Мүрәжатта "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" деп аталған 2026-жылда 6 тийкарғы бағдардан ибарат бағдарлама жәрияланды.
Ең әҳмийетлиси, ўәлаят ҳәм район ҳәкимлерине нәтийжесиз ҳәм бир-бирин қайталайтуғын штат бирликлерин қысқартып, үнемленген қаржыны халықтың арасында қойған мәселелерди шешиў ушын ажыратыўға рухсат берилмекте. Бул арқалы районлардың бюджетинде жылына 5 триллион сумлық қосымша дәрек қәлиплесиўи күтилмекте ҳәм ол мәҳәллелердиң инфраструктурасын жақсылаўға жумсалады.
Усы жылы биринши мәрте мәҳәлле инфраструктурасын раўажландырыў ушын 20 триллион сум ўәлаятлардың ықтыярына берилмекте. Тек ғана бул қаржылардың ҳәр бир сумы халық ушын қосымша қун жаратыўы зәрүр. Сол себепли, бул қаржы улыўма түрде қайсыдур район ушын емес, ал мәҳәлледе жумыс орынларын ашатуғын, халықты дәраматлы ететуғын анық жойбарларға қаратылыўы режелестирилмекте. Енди қайсы мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси ҳәм мәҳәлле банкири жойбар таярлап, тийкарлап берсе, зәрүр қаржыны алыўы мүмкин.
Ерисилген үлкен нәтийжелер шегара емеслигин ҳәр бир инсан түсинип, сезинип тур. Мүрәжатта да "Өзбекстан - 2030" стратегиясын қайта көрип шығыў, бул ҳүжжетти кең жәмийетшиликтиң додалаўынан өткериў ҳәм халықтың пикир-усыныслары тийкарында жетилистириў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бес тийкарғы бағдар, 100 мақсет ҳәм 451 нәтийжелилик көрсеткишин қамтып алған "Өзбекстан - 2030" стратегиясының жетилистирилген жойбары орынларда қызғын додалаўлардың темасына айланды. Әсиресе, стратегиядағы мектепке шекемги билимлендириў системасын жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм балалардың толық қамтып алыныўын тәмийинлеў; педагог кадрлардың статусын арттырыў, олардың билим ҳәм маманлығын халықаралық стандартларға бейимлестириў; халықтың абаданлығын тәмийинлеў ҳәм аймақларда күнделикли мәселелерди шешиўде мәҳәллени жәмийетшилик ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасындағы "таяныш көпир"ге айландырыў; жаңа Өзбекстанның сыртқы сиясатын халық ҳәм мәмлекет мәплеринен келип шыққан ҳалда избе-из әмелге асырыў сыяқлы мақсетлер көпшиликтиң итибарын тартпақта.
Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша 2026-жылы "айрықша жағдай" жәрияланды. Сондай-ақ, быйыл мәмлекетимиз Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы күтилмекте. Әмелге асырылып атырған исенимли ҳәрекетлердиң нәтийжесинде бирге ислесиўши мәмлекетлер бул процессти белсене қоллап-қуўатламақта.
Цивилизациялар ҳәм мәмлекетлер үлкен тезликте санлы дүньяға, жасалма интеллект әлемине кирип бармақта. Халықтың саны арифметикалық прогрессияда, оның мүтәжликлери болса геометриялық прогрессияда өспекте. Бул жағдай, тәбийғый, жаңа қәдемлер таслаў ҳәм анық режелер дүзиў ўазыйпасын күн тәртибине қоймақта.
Жетилистирилип атырған "Өзбекстан - 2030" стратегиясынан тийкарғы мақсет халық ҳәм мәмлекетлик уйымларды бирден-бир мақсет жолында бирлестириў, реформаларда нәтийжелилик, мәнзиллилик ҳәм есап бериўге ерисиў, нәтийжеде халықты разы етиўден ибарат.
Миродил БАРАТОВ,
"Мағрифат" үгит-нәсиятшылар жәмийети ағзасы,
юридика илимлери докторы, профессор