Сырт елде 90 күннен артық болып қайтқан өзбекстанлыларды АИВқа мәжбүрий тексериўден өткериў усыныс етилди

    10 маусым 2025 680

    Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы "Миллий тикланиш" демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбары қызғын додаланды.

    Атап өтилгениндей, мийнет миграциясы көлеминиң артыўы, сырт елде болып қайтып атырған пуқаралар санының көбейиўи ҳәм сырт ел пуқараларының Өзбекстан Республикасы аймағына кирип келиўи инсан саламатлығы ушын қәўип туўдыратуғын жуқпалы кеселликлерди ерте анықлаў ҳәм олардың тарқалыўының алдын алыў илажларын күшейтиў зәрүрлигин жүзеге келтирмекте.

    Бул нызам жойбары инсан ушын қәўипли болған жуқпалы кеселликлердиң алдын алыў мақсетинде ислеп шығылған болып, онда 90 күннен артық мүддетте сырт елде болып қайтқан Өзбекстан пуқараларын ҳәм мийнет етиў ушын елимизге келген шет еллилерди медициналық тексериўден өткериў нәзерде тутылмақта.

    Атап айтқанда, үзликсиз тоқсан күн ҳәм оннан артық мүддет даўамында сырт елде болып қайтқан он сегиз жастан алпыс жасқа шекемги Өзбекстан Республикасы пуқаралары, Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасайтуғын сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар және мийнет етиў ушын республикамызға кирип атырған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың АИВға мәжбүрий түрде медициналық тексериўден өткерилиўи белгиленбекте.

    Мәжилисте интакерлер депутат Шерзод Қулматовтың не ушын 90 күн белгиленип атырғаны мәселесине түсиник берип, бул жуқпалы кеселлик инсан организминде 90 күннен кейин өзин көрсететуғынын атап өтти. Ол сондай-ақ, сырт елден қайтқан пуқара егер өзиниң, шаңарағының денсаўлығын ойласа, тез медициналық тексериўден өтиўи керек екенлигин билдирди.

    Оның билдириўинше, бул ҳүжжет инсан саламатлығы ушын қәўип туўдыратуғын жуқпалы кеселликлер тарқалыўының алдын алыў, халықтың саламатлығын қорғаў, мийнет миграциясы процесслеринде социаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша тәсиршең ҳуқықый механизмлерди қәлиплестириўге хызмет етеди.

    Додалаўлардан соң, нызам жойбары депутатлар тәрепинен қоллап-қуўатланды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates