Бул ҳаққында Өзбекстандағы Ислам Цивилизациясы орайы тәрепинен Малайзияда шөлкемлестирилген "Мәдений мийрас: Өзбекстан ҳәм Малайзия арасындағы көпир" атамасындағы халықаралық дөгерек сәўбетинде мәлим етилди.
Малайзия тәрепи өзбекстанлы изертлеўшилерге 100 мыңнан аслам қолжазба ҳәм бийбаҳа басылымлардан электрон пайдаланыў имканиятын беретуғын арнаўлы сертификат усынды.
Малайзия Ислам идеясы ҳәм цивилизациясы халықаралық институты китапханасының сертификаты ҳәм санлы гилти Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының директорына тапсырылды.
Сондай-ақ, Имам Мотуридий, Имам Бухарий ҳәм Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайларына да руқсат берилди.
Дөгерек сәўбети даўамында Билимлендириў тараўында малайзиялы илимпазларды Имам Бухарий ҳәм Имам Мотуридий атындағы халықаралық стипендиялар бағдарламаларына тартыў, сондай-ақ, Өзбекстан халықаралық ислам академиясы ҳәм Малайзия халықаралық ислам университети арасында қоспа билимлендириў бағдарламасын ислеп шығыў, соның ишинде, Visiting Professor бағдарламасы бойынша өзбекстанлы оқытыўшылардың Малайзия жоқары оқыў орынларында қатнасыўын тәмийинлеў усыныс етилди.
Илимий тараўда Малайзия Ислам мәденияты институты ҳәм Имам Бухарий атындағы орай арасында мусылман илимпазларының медицина тараўындағы илимий мийрасын үйрениў ҳәм қайта тиклеў және Имам Бухарий мийрасын изертлеў усыныс етилди. Буннан тысқары, малайзиялы диндарларға Өзбекстандағы Имам Бухарий, Имам Термизий ҳәм Баҳауддин Нақшбанд пенен байланыслы муқаддес зыярат орынларын зыярат етиў имканиятын беретуғын "Умра плюс" арнаўлы зыярат бағдарламасын иске қосыў усыныс етилди.
Илаж шеңберинде Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша Пүткил жер жүзилик жәмийети (WОSCU) ҳәм Өзбекстан илимий орайлары тәрепинен басып шығарылған китаплар ҳәм факсимиле басылымлардың сийрек ушырасатуғын көргизбеси де шөлкемлестирилди.
Усынылған басылымлар дөгерек сәўбети қатнасыўшыларының терең қызығыўшылығын оятты. Илимий ҳәм мәдений бирге ислесиўди беккемлеў белгиси сыпатында китаплар топламы Малайзияның бирге ислесиўши шөлкемлериниң китапханаларына, соның ишинде, Халықаралық ислам идеясы ҳәм цивилизациясы институты, Малайзия ислам мәденияты институты ҳәм басқа да мәкемелерге саўға етилди.
Дөгерек сәўбети жуўмағында қатнасыўшылар Малайзия Ислам көркем өнери музейиндеги өзбек мәдений мийрасы экспозициясын зыярат етти. Илаж мийманлары Өзбекстанның бай мийрасын сәўлелендиретуғын сийрек ушырасатуғын тарийхый экспонатлар менен танысып, музейдиң турақлы экспозициясын да көзден өткерди. Өзбекстан мәдений мийрасын үйрениў, сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыў бойынша Пүткил жер жүзилик жәмийети (WОSCU) тәрепинен басып шығарылған "Өзбекстан мәдений мийрасы дүнья топламларында" дүркиминиң 58-томы Малайзия Ислам көркем өнери музейи топламларына бағышланғанын айрықша атап өтиў керек.