Экономикалық және социаллық әҳмийетке ийе бул тараўға мәмлекет тәрепинен кең имканиятлар жаратылмақта. Кейинги жети жылда фармацевтикада өндирис 2 есеге артқан. Экспорт 11 есеге көбейген. 750 миллион доллар инвестиция өзлестирилип, кәрханалардың саны 3 есеге өскен.
Елимизде 3,5 мың түрдеги дәри препаратлары ҳәм медициналық буйымлар ислеп шығарылмақта. Бирақ бул талапты толық қапламайды.
Сол себепли мәмлекетимиз басшысы көп түрдеги дәри-дәрмақларды локализациялаў ҳәм экспортты кеңейтиў бойынша әҳмийетли басламаларды алға қойды.
Асака банк ҳәм Фармацевтика агентлигине ири жергиликли кәрханалар менен биргеликте 2025-жылы кең тутынылатуғын 200 түрдеги дәри-дәрмақларды өзлестириў ҳәм өндиристи 2 есеге арттырыў бойынша бағдарлама таярлаў тапсырылды. Бундай жойбарларға сырт елден тартылған 400 миллион доллар қолайлы шәртлерде қаратылады.
Енди фармацевтика тармағында Алдынғы жойбарлар инвестициялық қоры шөлкемлестириледи. Бул қор биофармацевтика, клетка технологиялары, онкология сыяқлы бағдарлардағы жойбарларға үлес пенен киреди, оларға катализатор болады.
Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан Асакабанкке тараўды раўажландырыў ушын 100 миллион доллар кредит линиясы ашылған. Енди бул қарежет лизинг ушын да бериледи.
Асака банк тәрепинен фармацевтика тараўында жаңа қолланбаларды коммерцияластырыў ҳәм стартап жойбарларды қаржыландырыў ушын 10 миллион долларлық венчур компаниясы ашылады. Стартап жойбар сырттан қанша қаржы тартса, усы компания сонша ақшаны қосымша экспертизаларсыз береди.
Жаңа қолланбалар ушын Инновация қорынан 20 миллиард сум грант ажыратылады. Бул илимпазлар жаратып атырған жаңа жергиликли дәри ислеп шығыўын коммерциялық жойбарға айландырыў ҳәм стартаплар ушын бағдарланады.
Жергиликли фармацевтика кәрханаларына 2025-жыл 1-январьға шекем берилген бажыхана жеңилликлериниң мүддети және 3 жылға создырылады.
Мәмлекетимиз кәрханалары жетекши сырт ел фармацевтика компанияларының технологиясы ҳәм рецептиниң тийкарында дәри препаратларын ислеп шығарыўға таяр. Бирақ, бундай кооперация ушын ҳуқықый тийкар жаратылмағаны себепли ҳәр бир дәрини жаңа өним сыяқлы клиникалық изертлеў ҳәм дизимнен өткериўге туўра келмекте. Оған көп ўақыт кетеди. Соның ушын бул тәртипти әпиўайыластырыў әҳмийетли екени айтылды.
Исбилерменлердиң экспорт базарларын кеңейтиў ушын АҚШтың Азық-аўқат ҳәм дәри препаратлары сапасын қадағалаў басқармасы (FDA) және Европа медицина агентлиги сертификатларын алыў қәрежетлери бюджеттен қаплап бериледи.
Елимизде өсимликлерди санаат усылында жетистирип, қайта ислеў арқалы субстанция ҳәм косметикалық компонент алыў раўажланбақта. Соған муўапық, Асака банктиң қатнасында келеси жылы ҳәр бири 5 гектардан болған дәрилик өсимликлер плантациясы қурылып, оларды қайта ислеў бойынша 5 үлги жойбар орынланады.
Улыўма, фармацевтикада 1 миллиард долларлық жойбарлар қәлиплестирилетуғыны белгиленди. Олар талап жоқары дәри препаратларын сырт елдегидей сапалы ислеп шығарып, базарда бәсеки жаратып, баҳаларды арзанлатыўға қаратылған.
Сөйлесиўде тараў ўәкиллери өндиристи раўажландырыў, өнимлердиң сапасын ҳәм экспортын арттырыў, илим ҳәм билимлендириўди хошаметлеў бойынша пикир-усынысларын билдирди.