Соның ишинде, 2024-жыл 12-17-февраль күнлери Самарқанд қаласында Қоршаған орталық ҳәм биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў бағдарындағы әҳмийетли халықаралық илаж - БМШтың Жабайы ҳайўанлардың көшип жүриўши түрлерин сақлап қалыўға байланыслы конвенциясы тәреплер конференциясының 14-мәжилиси болып өтти. Бундай абырайлы илаж биринши мәрте ҒМДА, атап айтқанда, Орайлық Азия мәмлекетлери арасында әйне Өзбекстанда өткерилгени тарийхый әҳмийетке ийе. Соның ушын да бул илаж халықаралық қатнасыўшыларда үлкен қызығыўшылық оятты, 130 дан аслам мәмлекеттен 1800 ге шамалас ўәкил қатнасты.
Конвенция хаткери ҳәм БМШтың Қоршаған орталықты қорғаў бойынша бағдарламасы усы абырайлы әнжуманды Самарқандта өткериў басламасын қоллап-қуўатлағаны кейинги жылларда мәмлекетимиздиң бир қатар әҳмийетли машқалалар бойынша сөйлесиўлердиң глобал орайына айланып баратырғанының дәлили болып есапланады. Мәмлекетимиз басшысының мәжилис қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўында атап өтилгениндей, бул форум Самарқандтың экологиялық дипломатияның тәсиршең орайларынан бири сыпатындағы статусын беккемлеўге хызмет етти.
Июнде "Экологиялық қәўип-қәтерлер: өзгерип атырған дүньяда инсан ҳуқықларының келешеги ҳәм турақлы шешимлерди излеў" темасындағы төртинши дәстүрий форум да Самарқандта өткерилди ҳәм әййемги қаланың "экологиялық дипломатия орайларынан бирине" айланып атырғанының тастыйығы болды.
Буннан 6 жыл бурын - 2018-жыл ноябрьде "Инсан ҳуқықлары улыўма жәҳән декларациясы қабыл етилгениниң 70 жыллығы жуўмақлары: заманагөй қәўип-қәтерлер ҳәм реал ўақыя" атамасында биринши, 2020-жыл 12-13-август күнлери "Жаслар ̶ 2020: глобал тилеклеслик, турақлы раўажланыў ҳәм инсан ҳуқықлары" атамасында екинши ҳәм 2022-жыл 5-6-декабрь күнлери "Инсан ҳуқықлары тараўында билимлендириў" темасында инсан ҳуқықлары бойынша үшинши Самарқанд форумы өткерилди.
Биринши форум дүнья әмелиятына өзине тән "Самарқанд руўхы"н алып кирген болса, гезектеги әнжуман ири халықаралық шөлкемлер ҳәм экспертлердиң қатнасыўында экологиялық қәўиплер күшейген бир ўақытта инсан ҳуқықларын қорғаў мәселеси күн тәртибине қойылғаны ҳәм өзине тән шешимлер ислеп шығылғаны менен әҳмийетли болып есапланады.
Үшинши Ташкент халықаралық инвестициялық форумына тоқтап өтсек, бәринен бурын, оның жылдан-жылға кеңейип, жақсы дәстүрге айланып атырғанын айрықша атап өтиў керек. Халықаралық дәрежедеги экономикалық байланысларды раўажландырыў мақсетлерине хызмет ететуғын бул форум барлық континенттен келген жаңадан-жаңа исенимли шериклерди елимизде жәмледи.
Өткен үш жылда форум еки ҳәм көп тәреплеме экономикалық қатнасықларды және де кеңейтиў, заманагөй экономикалық мәселелерде жүзеге келип атырған әҳмийетли машқалалар ҳәм жаңалықларды додалаў, алдынғы идея ҳәм көзқарасларды ислеп шығыў ушын нәтийжели сөйлесиў майданына айланды. Быйылғы илажда 93 мәмлекеттен 2500 ден аслам ўәкил қатнасқаны форумның әҳмийети барған сайын артып атырғанын билдиреди. Бул, өз гезегинде, мәмлекетимиз экономикасында артқа қайтпайтуғын түрге енген реформалар ҳәм өз-ара пайдалы инвестициялық жойбарларды жолға қойыўға үлкен қызығыўшылықтан дәрек береди.
Геосиясий ҳәм экономикалық машқалалар күшейип баратырған, турақлы раўажланыў жолында қәўип-қәтерлер күшейип, дүнья тәртибинде терең трансформация процесси жүз берип атырған, товарлар ҳәм хызметлерди жеткерип бериў шынжырындағы үзилислер, халықаралық саўданың төменлеўи, инвестиция ағымының азайыўы, климат өзгериўи апатшылығының жүзеге келиўи сыяқлы турақсыз шараятта өткерилген әнжуманда барлық машқалалы мәселелер додаланды.
Форум жуўмақлары бойынша 26,6 миллиард доллар муғдарында келисимлерге қол қойылды. 2023-жылы өткерилген форум шеңберинде баҳасы 11 миллиард долларлық, 2022-жылы болса 7,8 миллиард долларлық ҳүжжетлерге қол қойылған еди. Бул да форум сапа ҳәм нәтийже жағынан жылдан-жылға жетилисип баратырғанын тастыйықлайды.
Самарқанд қаласында сентябрь айында болып өткен Азия инфраструктуралық инвестициялар банки басқарыўшылары кеңесиниң тоғызыншы жыллық мәжилиси регионымызда биринши мәрте өткерилгени Өзбекстанның абырайлы халықаралық финанс институтлары менен өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним тийкарында жолға қойылған бирге ислесиўиниң жоқары үлгиси болды.
Әнжуманда 100 ден аслам мәмлекеттен 2000 ге шамалас ўәкил қатнасып, мәмлекетимиздеги жедел реформалар, қолайлы инвестиция ҳәм исбилерменлик орталығы менен жақыннан танысты. Өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа бағдарлары белгилеп алынды.
Усы жылдың август айында елимизде тараўдың белгили экспертлериниң қатнасыўында "Көп өлшемли кәмбағаллық бойынша глобал пикирлесиў" темасында халықаралық конференция шөлкемлестирилди. Әнжуман бүгин дүньяда даўам етип атырған ҳәр қыйлы келиспеўшиликлер, гуманитарлық, эпидемиологиялық ҳәм ықлым кризисиниң Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў ҳәм кәмбағаллықтың барлық көринисин сапластырыў процесинде жүзеге келип атырған әҳмийетли қәўип-қәтерлердиң алдын алыўға қаратылды.
Бул абырайлы илажға Өзбекстанның үй ийеси сыпатында сайланғаны мәмлекетимизде кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы кең көлемли реформаларға халықаралық жәмийетшиликтиң және бир тән алыўы болды. Бул әнжуманда көплеген мәмлекетлерден келген абырайлы экспертлердиң сөйлесиўи, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша Өзбекстан тәжирийбеси усы бағдардағы машқалалы мәселелердиң шешимине хызмет ететуғыны сөзсиз. Соның менен бирге, кейинги жылларда алдынғы сырт ел көзқараслары ҳәм мәмлекетимиздиң өзине тән өзгешелигинен келип шығып, ең төменги буўын - мәҳәлле дәрежесине түсип, кәмбағаллыққа қарсы гүресиў бағдарында табыслы тәжирийбе жаратылғаны тараў экспертлери тәрепинен тән алынды.
Елимизде жәрдемге мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў бойынша кең көлемли сиясатты избе-из даўам еттирип, келеси үш жылда кәмбағаллық дәрежесин 7 процентке шекем азайтыў мақсет етилген. Өзбекстан бул бағдарда халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт мәмлекетлер менен өз-ара тәжирийбе алмасыў, биргеликте түрли бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў арқалы тығыз бирге ислесиўди избе-из даўам еттириўден мәпдар екенин көрсетпекте.
Көп өлшемли кәмбағаллық бойынша өз-ара сөйлесиў, оның жуўмағында ислеп шығылған әмелий усыныслар дүнья көлеминде кәмбағаллықты азайтыўда жаңа қәдем болып, бул арқалы кәмбағаллықты қысқартыў процесинде жүзеге келип атырған әҳмийетли машқалаларға нәтийжели шешимлер ислеп шығыў имканияты бар.
"Шарқ тароналари" он үшинши халықаралық музыка фестивалы да август айында ЮНЕСКО қәўендерлигинде болып өтти. Президентимиздиң атап өткениндей, "Елимизде он үшинши мәрте өткерилип атырған бул әнжуман "Шарқ тароналари" деп аталса да, бүгинги күнде ол мазмун-мәнисине бола, "Жаҳон тароналари" фестивалына айланғанына бәршемиз гүўамыз".
Бул фестивалдың бириншисинде 31 мәмлекет ўәкиллери қатнасқан болса, бул ретинде барлық континенттеги 80 ге шамалас мәмлекеттен 400 ден аслам көркем өнер ғайраткерлери ҳәм илимпазлар қатнасты.
Шаҳрисабзда өткерилген Екинши халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы болса әййемги тарийхымыз, бай мәдениятымыз, әзелий қәдириятларымыздың нышаны сыпатында дүнья халықларын тынышлыққа, аўызбиршиликке ҳәм улыўмаинсаный раўажланыўға, шахс, оның еркинлиги ҳәм қәдирин тәмийинлеўге ҳәўиж алған сыйқырлы нама арқалы шақырды.
Президентимиз БМШ Бас Ассамблеясының 78-сессиясында алға қойған басламаға муўапық, 15-16-октябрь күнлери Ташкент ҳәм Хийўа қалаларында "Ислам - тынышлық ҳәм жақсылық дини" темасында абырайлы халықаралық конференция өткерилди.
Жәҳән илиминиң раўажланыўына шексиз үлес қосқан, исламды илим-ағартыўшылық ҳәм тынышлық дини сыпатында көрсеткен Муҳаммед Хорезмий, Абу Райхан Беруний, Абу Али ибн Сино, Имам Бухарий, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы сыяқлы уллы илимпазлардың бай мийрасын үйрениў, исламның тийкарғы инсаныйлық мәнисин терең ашып бериў мақсетин гөзлеген бул баслама халықаралық жәмийетшилик тәрепинен қызғын қоллап-қуўатланды.
Улыўма алғанда, бүгин жаңа Өзбекстан глобал көлемдеги қурамалы жәмийетлик-сиясий, экономикалық шараятта дүньяда тынышлық ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге қаратылған халықаралық басламалардың интакери, халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер бойынша сөйлесиў орайына айланып атырған мәмлекет сыпатында танылмақта. Әлбетте, бүгинги халықаралық бирге ислесиў шеңбериндеги нәтийжели сөйлесиўлер әмелий жумысларымызды сапа ҳәм мазмун жағынан және де жоқары басқышқа алып шықпақта.
Дилором ФАЙЗИЕВА,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты.