Бүгин жаңа Өзбекстан әҳмийетли глобал ҳәм регионаллық мәселелерди додалаў, оларға нәтийжели шешим табыў ушын халықаралық қарым-қатнас майданына айланып бармақта. 2024-жылы да мәмлекетимиз дүньяның ең абырайлы әнжуманларына, мәмлекет басшыларының ушырасыўларына, дүнья машқалаларына байланыслы халықаралық мәжилис ҳәм мәсләҳәтлерге мийман болғаны пикиримизди тастыйықлайды.
3-декабр күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде студент-жаслар арасында мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың әҳмийетин кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде, «Жаңа Өзбекстанның реформалар философиясы» атамасында руўхый-ағартыўшылық илажы болып өтти.