Хайрулло ҳәўлиде турып, баланы услап алыў ушын дәрҳал жақынлап келди. Бала ушып кетип, басы төмен қарай ушып кеткен ўақытта шарбақшы оны ушып баратырған жеринен қақшып услап алып, өзине қатты қысып, соққыны жумсартқан, деп жазбақта 78.ru басылымы.

Мәлим болыўынша, ўақыя жүз берген ўақытта баланың анасы қоңсы бөлмеде болған, баланың өзи болса планшет пенен ойнап атырған. Сондай-ақ, балада аутизм кеселлиги бар екен.

Жәбирленген баланың аяғы сынып, ишки органлары жарақатланған. Ҳәзирде реанимация бөлиминде емленбекте. Ер адамның өзи де қолы ҳәм қабырғалары сынып, емлеўханаға жатқарылған.

Хайрулланың атап өтиўинше, ол баланы квартираға қайтыўға көндирген, бирақ бала оны еситпеген.

Хайрулло Ибадуллаев Санкт-Петербургта ислеп атырғанына тек ғана төрт ай болды. Ол үйленген, Өзбекстанда 4 перзенти ҳәм кексе ата-анасы бар.