Бүгин болса дерлик 50 жыллық устазбан. Бир жәмәәтте сонша жыл ислесиў де инсан ушын үлкен табыс болыўы керек негизинде. Қалаберди, өмирлик жолдасым да, улым да оқытыўшы екенлиги, билимлендириў тараўына шаңарағымыз бенен хызмет етип атырғанымыз көкирегимди мақтанышқа толтырып турады. Себеби муғаллимлер шаңарағы, деген көзқарасқа мүнәсип болыўға умтылыў мен ушын мақтаныш. Себеби, өзимиз де устазларымызға ҳәўес пенен қарағанбыз, олардай болыўды әрман еткенбиз.

Биринши мәрте классқа киргенимде кишкене оқыўшылардың маған тигилип қарағаны, ҳәр бир сөзимди дыққат пенен тыңлағаны жүрегимди толқытқан. Сол күнниң өзинде-ақ муғаллимшилик тек сабақ бериў емес, ҳәр бир жүрекке жол таба билиў, пикирин оқый билиў, бир класс балаға меҳиринди теңдей бөлисе алыў екенлигин түсинип жеткенмен. Сондай-ақ, оқытыўшы билим дәреги болыўы менен бирге тәрбияшы, тыңлаўшы, мәсләҳәтши ҳәм ең жақын дос сыпатында шәкиртине жол көрсетиўи керек екенлигин аңладым. Буның ушын оған сабыр, әдиллик, турақлы өз үстинде ислеўге умтылыў зәрүрлигин терең сезгенмен. Себеби ҳәрип танымайтуғын оқыўшыға жазыў ҳәм оқыўды үйретиў қаншелли машақатлы екенин оқыўшыларымыз да ата-ана болып, перзентлерине бир мәрте үй тапсырмаларын таярлағанда түсинеди.

Кимлердур баслаўыш класс муғаллимлерине аңсатырақ, балалар бойсыныўшы, қызығыўшы, деп ойлайды. Бирақ баслаўыш класс балалары менен ислеў бираз қыйын. Бунда оғада сергеклик те талап етиледи, үйдиң тырнағы оның беккемлигинде қаншелли әҳмийетли болса, басланғыш билим инсан өмиринде сондай орын ийелейди. Соны сезинип, устазлық жумысым даўамында жүзлеген шәкиртлерди өз перзентимдей тәрбиялағанымнан, олар өмирде өз жолын таўып кеткенинен бахтиярман. Устазға шәкирттиң камалын, гөззал өмирин көриўдиң өзи сыйлық, деген гәп бийкарға айтылмаған. Бурынғы оқыўшыларымыз қәлбинде сағыныш пенен келип, "устаз, сиз ҳәрип танытпасаңыз усы дәрежеге жетпес едим", дегенинде көзимизден жас шығып кетеди. Дәсте-дәсте гүллер жүрегимизде ашылғандай болады. Усы күнлерге, сондай гөззал дәўирге жетип келгенимиз ушын шүкиршилик етемиз. Себеби бир ўақытлары оқыў жылын пахта атызларында өткерер екенбиз, муғаллимниң жәмийеттеги орны жоқарылаўын, бундай машақатлардан азат болыўды әрман еткенбиз.

Бүгинги реформалар болса сол әрманларымыздың әмелге асыўы болмақта. Мектеплер жаңаланбақта, муғаллимлерге итибар артты, билимди қәдирлеў бас өлшемге айланбақта. Бул болса биз ушын үлкен имканият. Енди инсан ҳәм оның машақатлы мийнети қәдирленип атырғаны шын. Бүгин устазлардың да ийнине самал тийгени, педагог та өз кәсиби арқалы байып атырғанын әпиўайы адамлар көрип-билип тур. Соның ушын енди адамлар арасында муғаллимге ҳәўес ететуғынлар көбейди. Перзентин педагогикалық жоқары оқыў орынларында оқытыў тилегиндеги ата-аналардың қатары кеңейди. Мектепте сабақ бериў ең мақтанышлы ўазыйпалардан бирине айланды. Себеби жаңа Өзбекстанда устаздың қәдири ҳәр қашанғыдан жоқары көтерилди. Болмаса мен сыяқлы шетки аймақлардағы әпиўайы муғаллимлер мәмлекет басшысының итибарына түспес еди.

2023-жылы "Халық билимлендириў ағласы" көкирек белгиси менен сыйлықланған болсам, 2 жыл өтип II дәрежели "Саламат әўлад ушын" ордени менен сыйлықландым. Президентимиз биз, устазларды өзи қутлықлап, жүдә қызғын, жыллы сөзлерди айтты. Байрам мүнәсибети менен барлық тараў ўәкиллерине жолланған қутлықлаўда болса биз, педагог, устазларды және бир мәрте мақтап, система хызметкерлерине әлбетте жаңа жеңилликлер, имканиятлар жаратылатуғынын қайта-қайта айтып өтти. Демек, ислеп атырған жумысларымыз, ҳәрекетлеримиз мәмлекеттиң келешеги ушын пайдалы болып атыр. Жақсы нийетимиз қайсыдур мәниде әмелиятымызда сезилип, әтираптағыларға да көринбекте. Буның ушын шексиз миннетдармыз. Негизинде бунысыз да көплеген оқытыўшылар өз кәсибине байланысып қалады. Усы қатарда мен де мектепсиз, балаларсыз өмиримди көз алдыма келтире алмайман. Солай екен, буннан былай да бар күш ҳәм потенциалымды жас әўлад тәрбиясы, мектеп билимлендириўине бағышлаўдан шаршамайман.

Рано ПИРМАТОВА,

Шерабад районындағы 1-улыўма орта билимлендириў

мектеби баслаўыш класс муғаллими,

II дәрежели "Соғлом авлод учун" ордениниң ийеси