Бул Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 5-марттағы 142-санлы Қарарында белгилеп қойылған.
Оған бола, Наманган ўәлаятындағы Поп қәнигелестирилген тоғай хожалығы (766,53 гектар), Ташкент ўәлаятындағы Аҳангаран мәмлекетлик тоғай хожалығы (8101,85 гектар), Ташкент ўәлаяты Бостанлық районындағы Бурчмулла мәмлекетлик тоғай хожалығы (23 991,51 гектар) аймақлары "Чатқал" мәмлекетлик биосфера қорықханасының қорғаў зонасына киргизилди.
"Ақтаў-Тамды" мәмлекетлик қорықханасының қорғаў зонасы болса Наўайы ўәлаяты Тамды районындағы Тамды мәмлекетлик тоғай хожалығы (6200 гектар) ҳәм Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў комитети (22300 гектар) аймағынан ибарат болды.
Бул қарар мәмлекетлик қорықханалар аймағындағы тәбийий комплекслерге хожалық жумысының унамсыз тәсириниң алдын алыў, сийрек ушырасатуғын ҳәм жойтылып кетиў қәўпи астында турған өсимлик ҳәм ҳайўан түрлерин сақлап қалыў және көбейтиў, биокөптүрлиликти сақлаўға хызмет етеди.