Бул орын әдебиятқа, жас дөретиўшиниң қәлбине болған меҳир, исеним ҳәм келешек. Бул - Ўатанымызда сөзге берилип атырған жоқары итибардың белгиси. "Жыл сайын бир мәкан сонша көп жүректи оята ма, бир дәргай буншелли жоқары илҳам орайына айланыўы мүмкин бе", десеңиз, жуўабым анық: аўа, егер бул мәкан - Замин болса!
Бүгин "Замин" әдебий семинарына 28 жыл толды. Быйыл да 7-9-июль күнлери, таўлар баўырында және қосық самалы еседи, және сөзлер дәрт пенен, қуўаныш пенен, әрман менен қағазға қуйылады. Быйылғы сапарға ҳәр жылы болғанындай, әрманлары көксинде өнип турған жүзлеген дөретиўшилер жол алады.
Бул семинар 1997-жылы Президентимиздиң басламасы менен басланған еди. Соннан берли 3000 ға шамалас жас дөретиўши ашылды, жеңимпазлардың биринши китаплары 10-20 мыңлаған нусқада басып шығарылды. Бул болса, дүньяда сийрек ушырасатуғын әдебий тән алыў болып есапланады. Жас дөретиўшилер арасында Зульфия атындағы мәмлекетлик сыйлық, "Мард ўғлон" ҳәм халықаралық көлемдеги көплеген әдебий таңлаўлардың жеңимпазлары шықпады ма дейсиз?!
Күни кеше мәмлекетимизде Жаслар күни белгиленди. Бул байрам әйне Замин семинарының руўхый нәтийжесин, социаллық қәдирин және бир мәрте сәўлелендирип берди. Президентимиз тәрепинен Замин семинарында жетилискен Ислам Эшниязов, Фахриёр Бахтиёров, Санжар Тошбеков, Қобилжон Шерматов сыяқлы дөретиўшилер "Мард ўғлон" мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланды.
Бул тек ғана олардың индивидуал жетискенлиги емес, ал әдебият мектеби сыпатында Замин семинарының табысы болып табылады. Бул нәтийжелер тийкарында Президентимиздиң талантқа болған беккем исеними, итибары, мәмлекетлик сиясат дәрежесинде жолға қойылған дөретиўшини қоллап-қуўатлаў системасы жәмленген.
Замин - қосықлар туўылатуғын орын емес, ал қосықлар ержететуғын, турмыс пенен сынасатуғын мәкан. Ҳәр бир семинар қатнасыўшысы бул жерге әрман менен келеди. Олар гейде анықсызлық, гейде гүман, гейде исенимсизлик пенен жүрегиндеги сөзлерди баўырына түйип келеди. Бирақ бул жерде шын кеўилден сөйлеўди, тыңлаўды, өз даўысын еситиўди үйренеди.
Мен соны терең исеним менен айта аламан: Замин - жаслар ушын көркем жетиклик мектеби, устаз ҳәм шәкирт дәстүриниң жанлы көриниси болып есапланады. Бул дәргайда критика үстин, бирақ меҳирли. Бул дәргайда табысқа алып баратуғын жол таңлап алынады, бирақ бир-биринен үстинлик емес, ҳәммеге имканият бирдей.
Замин - бул тарийх. Бирақ ол тек өтмиште емес, бүгинимизде, ертеңимизде жасап атыр. Ҳәр жылы семинар қатнасыўшылары арасынан бир қанша дөретиўшилик жойбарлар, спектакллер, аўдармалар, публицистикалық шығармалары менен тән алынбақта. Бул, әлбетте, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының пидайылық пенен жолға қойған избе-из сиясатының нәтийжеси болып есапланады.
Биз быйылғы семинар алдында және сол руўхый толқынланыўды сезип атырмыз. Кимдур биринши мәрте устаздан баҳа еситеди, кимдур қәлемине исенеди, кимдур әдебият жолында беккем қәдем таслайды. Булардың ҳәр бири - бир келешек, бир үмит.
Бүгинги глобалласыў дәўиринде Заминниң қәдири және де артпақта. Себеби бул жерде қосықлар компьютер арқалы емес, жүрек пенен жазылады. Ҳәр бир қосық, ҳәр бир ғәззел, ҳәр бир монолог - Ўатанға болған муҳаббат пенен жаңлайды. Қатнасыўшылар ана тилиниң гөззаллығын қайта ойлап табалы, өзлигин және де терең түсинеди. Бул жерде ғәрезсизлик мәниси - жүрек пенен сезиледи. Замин - бул тек ғана әдебият емес, бул ўатансүйиўшилик мектеби, жүректи, руўхты, тилди тазалайтуғын сабақлардың мәканы. Ҳәр бир семинар - жаңа дәўир, жаңа басқыш. Быйыл да таў қушағында жүреклер ушырасады. Сөзлер дәртин табады. Әдебиятқа садық кеўиллер биргеликте өмир ҳәм көркем өнер, халық ҳәм Ўатан ҳаққында сөйлеседи. Ҳәм биз және Замин тәрепке жол аламыз. Ол жерде бизди және сол таза таңлар, илҳамға толы жүреклер күтпекте. Және бир неше қәлем ийеси өз даўысын табыўға жақын турыпты.
Замин - жүрегимиздеги муқаддес мәкан. Бул жүрек тоқтамағанша, Замин илҳамы да тоқтамайды.
Фарида АФРУЗ,
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары