10 мыңнан аслам қатнасыўшы - ҳүкиметлер, илимий топарлар, жаслар, пуқаралық жәмийети ҳәм бизнес ўәкиллерин жәмлеген конгресс тәбиятты сақлаў ҳәм турақлы раўажланыў мәселелерин додалаў бойынша дүньядағы ең ири майданлардан бирине айланды. Қатнасыўшылар биргеликте "тәбийғый-унамлы" келешекти - инсан ҳәм тәбият үнлес раўажланатуғын дүньяны қәлиплестириў жолындағы жәмәәтлик қәдемлерди белгилеп алды.
ТҚХА ағзаларының Ассамблеясы шеңберинде мәмлекетлердиң планетамызды қорғаў ҳәм биологиялық ҳәр түрлиликти сақлаў бағдарындағы ҳәрекетлерди жеделлестириўге умтылысын тастыйықлайтуғын "Әбиў-Даби ҳәрекетлер декларациясы" (Abu Dhabi Call to Action) қабыл етилди. Буннан тысқары, делегатлар Разан Халифа Ал-Муборакти ТҚХА президенти лаўазымына қайта сайлады ҳәм Аўқам басшы уйымларының жаңа қурамын сайлады.
Конгресс шеңберинде инклюзивлик, инновациялар ҳәм илимий раўажланыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Тарийхта биринши мәрте Пүткил жер жүзилик жергиликли халықлар ҳәм тәбият саммити болып өтти, Аўқамға 100 ден аслам жаңа ағзалар, соның ишинде, алты мәмлекет қабыл етилди. Әҳмийетли илимий жаңалықлар - атап айтқанда, ТҚХА (IUCN Red List of Threatened Species™), жоғалып кетиў қәўпи астында турған түрлердиң Қызыл дизими, оплитенлер бойынша мағлыўматлар ҳәм World Heritage Outlook есабаты таныстырылды. Конгресс халықаралық илажларды шөлкемлестириўде турақлы қатнас жасаўдың үлгиси болып, ISO 20121:2024 стандарты бойынша сертификат алды.
Ассамблея мәжилислериниң жуўмақлары бойынша 150 ден аслам қарар (motions) қабыл етилген болып, олардан жетеўи Өзбекстан Республикасының қатнасыўында ислеп шығылған. Олар қоршаған орталыққа қарсы жынаятлар ҳәм жабайы ҳайўанлардың нызамсыз саўдасына қарсы гүресиўден баслап, "Бир денсаўлық" (One Health) концепциясын алға қойыў ҳәм қорғалатуғын аймақлардың "Жасыл дизим" системасын жетилистириўге шекемги кең көлемли бағдарларды қамтып алған.
Өзбекстан тәрепиниң қатнасыўында ислеп шығылған ҳүжжетлер арасында:
- Advancing the IUCN Green List of protected and conserved areas - Қорғалатуғын аймақлардың Жасыл дизими системасын жетилистириў;
Қоршаған орталыққа тәсир етиўши жынаятлар (САЕ) - экологиялық жынаятларға қарсы гүресиў;
Addressing wildlife trafficking and the management of seized or confiscated live wild animals - жабайы ҳайўанлардың саўдасына қарсы гүресиў ҳәм конфискацияланған ҳайўанларды басқарыў илажлары;
Биоҳәртүрлилик, саламатлық ҳәм глобаллық бирге ислесиў ушын "Бир денсаўлық" көзқарасын раўажландырыў;
Implementation of the One Health approach, from global to local - глобалдан локал дәрежеге шекем "Бирден-бир денсаўлықты сақлаў" көзқарасын енгизиў;
Development of IUCN guidelines to effectively control the commercial pet trade in terrestrial wildlife - жабайы ҳайўанлардың коммерциялық саўдасын қадағалаў бойынша көрсетпелерди ислеп шығыў;
IUCN Red List solvency and private-sector initiatives - Қызыл дизимниң финанслық турақлылығын беккемлеў ҳәм тәбиятты қорғаў басламаларына жеке меншик секторды тартыў.
Миллий инспекторлардың хызметлери тән алынғаны Өзбекстан ушын айрықша жетискенлик болды. Конгресс шеңберинде Өзбекстан Республикасы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлигиниң инспекторы Лазизбек Ҳасанов тәбийғый аймақларды қорғаў ҳәм мәмлекетимиздиң биологиялық көп түрлилигин сақлап қалыўға қосқан үлкен үлеси ушын абырайлы «International Ranger Award» халықаралық сыйлығы менен сыйлықланды.
Өзбекстанның дүньядағы ең ири тәбиятты қорғаў форумында қатнасыўы халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, алдынғы тәжирийбе алмасыў ҳәм тәбиятты сақлаў бойынша миллий басламаларды глобал дәрежеде алға қойыўда әҳмийетли қәдем болды.