Инсаныйлық ҳәм тең имканиятлар философиясы

    Пикир 12 маусым 2025 236

    Жаңа Өзбекстандағы ҳәр бир реформада ҳаял-қызлардың мәпин гөзлеў, олардың социаллық-экономикалық ҳәм сиясий белсендилигин арттырыў мақсет етилгени тек ғана рәсмий баянат емес, бул әмелде турмысқа енгизилип атырған сиясат болып есапланады. Реформалар нәтийжесинде бүгин гендер теңлик ҳаққындағы гәплер тек ғана сүрен болып қалмастан, турмыста өз көринисин таба баслады. Ҳәтте халқымыз санасында да ҳаял-қызларға болған көзқарас сезилерли дәрежеде өзгерди.

    Елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм оларға теңдей имканият жаратыў жолындағы ҳәрекетлер, бәринен бурын, ҳуқықый база жаратылыўы арқалы әмелге асырылмақта. Реформалардың жаңа өмир бағышлаўшы толқыны басланған кейинги жылларда бул тараўда қабыл етилген нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң саны ҳәм олардағы механизмлер беккем социаллық өзгерислерге тийкар жаратты.

    Жаңа редакциядағы Конституциямыздың 58-статьясында "Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар тең ҳуқықлы. Мәмлекет ҳаял-қызлар ҳәм еркеклерге жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик ислерди басқарыўда, сондай-ақ, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың басқа да тараўларында тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлейди", деп белгилеп қойылды. Бул норма биринши мәрте Конституция дәрежесинде гендер теңликти кепиллейтуғын нызамлы тийкар болды.

    Сондай-ақ, Ҳаял-қызлар ҳәм гендер теңлик мәселелери бойынша комиссияның жумысы күшейтилип, бир қатар мәмлекетлик уйымлар ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер менен биргеликте кең көлемли бағдарламалар әмелге асырылмақта. Бул процесс "Жаңа Өзбекстан - инсан қәдири ушын" принципиниң әмелий көриниси болып есапланады.

    Раўажланыў моделинде де бул тек экономикалық ҳәм сиясий раўажланыў емес, ал инсаныйлық ҳәм тең имканиятлар философиясы болып есапланады. Кең көлемли реформалар орайында инсан ҳуқықлары менен еркинликлери, әсиресе, ҳаял-қызлардың турмыстағы мүнәсип орнын тәмийинлеў мәселеси тур.

    Мәмлекетимизде гендер теңликти тәмийинлеў - инсан ҳуқықлары, әдиллик ҳәм инклюзив раўажланыўдың ажыралмас бөлеги сыпатында мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланды. Бул бағдардағы системалы ҳәм избе-из реформалар мәмлекеттиң жаңаланыў ҳәм ашық жәмийетке умтылысының айқын мысалы болып есапланады.

    Ҳәзирги глобал экономикалық-социаллық процесслерде гендер теңлик беккем, турақлы ҳәм инклюзив раўажланыўдың әҳмийетли факторы болып есапланады. Өзбекстан Республикасы гендер мәселелеринде миллий ҳәм халықаралық ҳуқықый нормаларға садық қалып, барлық тараўда ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеўге умтылмақта.

    Халықаралық шөлкемлер менен биргеликте гендер теңлик тараўында тәжирийбе алмасыў, билимлендириў бағдарламалары, мониторинг ҳәм баҳалаў механизмлери кеңнен енгизилмекте. Жәҳән банки, Халықаралық мийнет шөлкеми, ЕҚБШ, Европа Аўқамы, ЮНИСЕФ сыяқлы шөлкемлер менен әмелий жойбарлар жолға қойылған.

    Реформалардың жаңа дәўиринде ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў тараўында 100 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди. Тек ғана 2024-жылдың өзинде 21 ҳүжжет ислеп шығылды.

    Бул бағдардағы жаңаланыўларға сәйкес түрде ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси 2017-жылдағы 27 проценттен 35 процентке, исбилерменлик тараўында 21 проценттен 45 процентке, сиясий партиялар қурамында болса 49 процентке жеткени дыққатқа ылайық.

    2030-жылға шекем Өзбекстан Республикасында гендер теңликке ерисиў стратегиясы қабыл етилип, мәмлекетлик сиясаттағы узақ мүддетли тийкарғы бағдарлар анық белгилеп берилгени де усы бағдардағы әҳмийетли ўақыя болып есапланады. Бул халықаралық рейтинг ҳәм индекслерде елимиздиң абырайын жақсылаў бойынша мақсетли көрсеткишлерге ерисиў имканиятын кеңейтти. Буның нәтийжелери гендер теңликке бағышланған жәҳән рейтинглеринде де өз көринисин таппақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Жәҳән банкиниң "Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам 2024" индексинде бес ең алдынғы өзгерислерди әмелге асырған мәмлекетлердиң қатарына кирди. Бул реформалар Өзбекстан рейтингиниң 11,9 пунктке көтерилиўине алып келди. Нәтийжеде "Ҳаял-қызлар, бизнес ҳәм нызам 2024" индексинде максимал 100 баллдан 82,5 балл топланған. Бул Орайлық Азияда ең жақсы нәтийже болып, халықаралық көрсеткишлер мәмлекетте гендер теңликти тәмийинлеўге қаратылған реформалардың нәтийжели екенинен дәрек береди.

    "Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепилликлери ҳаққында"ғы нызамда гендер дискриминациясы түсиниги, тең имканиятларды тәмийинлеў ушын мәмлекеттиң миннетлемелери, соның ишинде, сиясий, экономикалық ҳәм социаллық тараўлардағы илажлар белгиленген. Нызамға бола, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер барлық пуқараға жынысына қарамастан, тең ҳуқық ҳәм имканиятлар жаратыў миннетлемесин алады. Соның менен бирге, ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўда, сиясий, экономикалық ҳәм социаллық тараўлардағы қатнасыўы, ҳуқықый қорғалыўы ҳәм экономикалық еркинлиги тәмийинлениўи нызамлы тийкарға ийе болды. Бул нызам жәмийеттиң барлық тараўлары - билимлендириў, мийнет, мәмлекетлик басқарыў, шаңарақлық қатнасықлар ҳәм басқаларда ерлер ҳәм ҳаял-қызлар ушын тең шараят жаратыўды мақсет етеди.

    "Ҳаял-қызларды күш көрсетиў ҳәм зорлықтан қорғаў ҳаққында"ғы нызам болса ҳаял-қызлардың жеке қәўипсизлигин қорғаўға қаратылған болып, ишки ислер уйымлары, судлар ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының қатнасыўында системалы қорғаў илажларын нәзерде тутады.

    Open Data Watch шөлкеминиң соңғы есабатында дүнья бойлап гендер мағлыўматларының бар екенлиги ҳәм ашық-айдынлығын баҳалайтуғын Ашық гендер мағлыўматлары индексинде Өзбекстан дүньядағы гендер сиясатын жүргизип атырған ең жақсы 20 мәмлекет қатарынан орын алды.

    Бағдардағы ең әҳмийетли тәреплерден бири оқыў мәкемелеринде қызлардың билим алыўы ушын имканиятлар кеңейип атырғанында. Кейинги жыллары ҳаял-қызлардың жоқары билим алыў имканияты социаллық-экономикалық жақтан мисли көрилмеген дәрежеде жақсыланды. Нәтийжеде кәсиплик ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелеринде қызлардың саны артып бармақта. Бул болса олардың экономикалық белсендилигине унамлы тәсир көрсетпекте.

    Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлар ушын билим алыў имканияты кеңейип, олардың илимий потенциалын раўажландырыў, кәсип-өнер иелеўи ҳәм изертлеўши сыпатында қәлиплесиўи ушын беккем тийкар жаратылмақта. Мәмлекетлик сиясаттағы тийкарғы бағдарлардан бири сыпатында билимлендириўде теңликти тәмийинлеў, қызлардың толық ҳәм басқышпа-басқыш билим алыўға тартылыўы белгиленген.

    Нәтийжелерге итибар берсек: 2016-жылға шекем жоқары билимлендириў мәкемелеринде оқыған қызлардың үлеси 27 процент әтирапында болған болса, бул көрсеткиш 2024-жылдың ақырына келип дерлик 100 процентке артып, 52,2 процентти қурады. Илимий тараўда жумыс алып барып атырған ҳаял-қызлардың саны да артпақта. 2023-жыл жағдайына бола, илим докторлары арасында ҳаял-қызлардың үлеси 24 процентти қурайды. 2000 нан аслам изертлеўши ҳаял-қыз илимий жойбарларда қатнаспақта.

    Президент стипендиялары ҳәм жоқары билимлендириў грантларында ҳаял-қызларға айрықша квоталар ажыратылған. Мәселен, 2024/2025-оқыў жылында тәлим кредитин алыўшы студентлердиң 47 процентин қызлар қурады. Магистратурада оқыў ушын билимлендириў төлеми болса мәмлекетлик бюджеттен толық қаплап берилмекте.

    Мәмлекетимиздиң социаллық турмысында ҳаял-қызлардың белсендилигиниң артыўы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыўда мүнәсип орын ийелеўи "Өзбекстан - 2030" стратегиясының ажыралмас бөлеги болып есапланады. Ҳәзирги басқышта ҳаяллар тек ғана социаллық турмыстың илажсыз қатламында емес, ал мәмлекетлик сиясатты қәлиплестириў, экономикалық ҳәм дипломатиялық тараўларда да әҳмийетли қарарлар қабыл етиўде қатнаспақта.

    Мәселен, 2020-жылғы парламент сайлаўларында Нызамшылық палатасында ҳаял депутатлардың үлеси 32 процентти қураған болса, соңғы парламент сайлаўында 38 процентке жетти. Бул көрсеткиш Олий Мажлис Сенатында 27 процентти, жергиликли кеңеслерде 25 процентти қурайды. Министрлик ҳәм уйымларда да басшылық лаўазымларында ҳаял-қызлар санының өсиў динамикасын көриў мүмкин. Ҳәзирги күнде ҳаял-қызлардың мәмлекетлик басқарыўдағы үлеси 35 процентке, исбилерменлик тараўында 37 процентке, сиясий партиялар қурамында болса 49 процентке жетти.

    Алдынлары ҳаял басшыларға исенимсизлик көзқарас бақланған болса, бүгин жағдай пүткиллей басқаша. Себеби ҳаял-қызлардың дипломатиялық хызметлердеги белсендилиги де артып бармақта. Улыўма алғанда, Өзбекстанда гендер теңликти тәмийинлеў жолында әҳмийетли қәдемлер тасланды. Процессти және де жеделлестириў ушын пуқаралық жәмийети, ғалаба хабар қураллары ҳәм халықаралық жәмийетшилик пенен бирге ислесиўди күшейтиў, нызамларды турмысқа енгизиў, халықта тең ҳуқықлар ҳәм имканиятлар мәдениятын қәлиплестириў тийкарғы әҳмийетке ийе.

    Ҳәр қандай жәмийетте гендер теңликти тәмийинлеў билимлендириў тараўынан басланады. Бүгин Өзбекстанда қызлардың мектеп, колледж ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерине қамтып алыныўы жыл сайын артып бармақта.

    Мийнет базарында да унамлы өзгерислер бақланбақта. Ҳаял-қызлардың кәсиплик таярлығын арттырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, қорғалған мийнет шараятын жаратыў бойынша бир қатар бағдарламалар әмелге асырылды. Әсиресе, киши бизнес ҳәм хызмет көрсетиў тараўлары, сондай-ақ, банк-қаржы секторында белсенди ҳаял-қызлардың саны кескин артты.

    Жәмийеттиң раўажланыўында гендер теңлик әҳмийетли орын тутады. Егер ҳаял-қызлар тек ғана шаңарақлық ўазыйпалар менен шекленген болса, олардың потенциалынан толық пайдаланыў мүмкин емес. Соннан келип шығып, шөлкемлер ҳәм мәмлекетлик аппаратта ҳаял-қызлардың белсене қатнасыўы бүгинги күнниң әҳмийетли талабы екенин атап өтиў керек. Халықаралық тәжирийбе ҳәм миллий унамлы өзгерислер нәтийжесинде ҳаял-қызлар тек ғана социаллық емес, ал экономикалық ҳәм сиясий тараўларда да өз орнын таппақта.

    Жәмийетте ҳаял-қызлардың ролин беккемлеў ушын жаңа стратегиялар ҳәм әмелдеги реформалар әҳмийетли. Олар, өз гезегинде, келешек әўладқа социаллық ҳуқықлар, теңлик ҳәм имканиятлар мәселесинде айқын үлги болады.

    Гендер теңликти тәмийинлеў бағдарындағы реформалар, әлбетте, нәтийже бермекте. Бирақ бүгинги ең әҳмийетли ўазыйпа ҳаял-қызлардың сиясий, экономикалық ҳәм социаллық тараўлардағы қатнасын күшейтиў болып есапланады. Онда мәмлекет ҳәм жәмийетти ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў илажы көрилиўи керек.

    Гендер теңлик тек ғана ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў емес, ал пүткил жәмийеттиң турақлылығы ҳәм раўажланыўының тийкарғы шәрти болып есапланады. Тараўдағы кең көлемли ҳәм избе-из реформалар мәмлекетте әдил, инклюзив ҳәм тең имканиятларға тийкарланған пуқаралық жәмийетин қурыўға қойылған әҳмийетли қәдем болып есапланады. Жаңа Өзбекстанда ҳаял-қызлар ушын жаратылып атырған шараятлар ҳәм имканиятлар мәмлекеттиң барлық пуқаралары ушын әдалатлы келешек тийкары болып есапланады.


    Орзигул ҚОЗИХАНОВА,

    Олий Мажлис Сенаты комитетиниң баслығы,

    Саҳибжамол ЖУМАЕВА,

    Орайлық банктиң Ҳаял-қызлар ҳәм ерлер ушын

    тең ҳуқық ҳәм имканиятларды жаратыў бойынша

    Мәсләҳәт кеңеси баслығының орынбасары

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates