Мәмлекетимиз Конституциясы ҳуқық ҳәм мәплеримизди қорғаўы, демократиялық принциплерди тәмийинлеўши тийкарғы дәрек екенин жақсы билемиз. Бирақ Конституция менен белгиленген анық қандай ҳуқықларымыз бар екенлигин ҳәр қашан да айта алмаймыз. Тәбийий, ҳуқықларымызды билмеў олардың бузылыўына итибарсызлығымызды келтирип шығарады.

Исбилермен сыпатында мине усы тәреплерге өзим де дус келгенмен. Ашығын айтыў керек, алдынлары нызам менен белгиленген ҳуқықларымызды билсек те, әмелде олардың ислемейтуғыны кеўлимизди қайтарған ўақытлар болған. Бүгин болса керисинше - жаңа редакциядағы Конституция статьяларын ядтан айта алмасақ та, олардың әмелдеги кепилликлерин өз турмысымыз, жумысымызда сезип атырмыз.

Исбилермен, қалаберди, Исбилерменликти раўажландырыў кеңесиниң ағзасы сыпатында бүгин исбилерменлердиң ҳуқықлары менен мәплери нызам шеңберинде беккемленип ғана қалмастан, жумысымызда белсене сәўлеленип атырғанынан қуўанышлыман. Жаңа редакциядағы Конституцияда "Мәмлекет исбилерменлик ҳәм мийнет етиў еркинлигин кепиллейди", "Исбилерменлер нызамшылыққа муўапық ҳәр қандай жумысты әмелге асырыўға ҳәм өзиниң жумыс бағдарларын еркин таңлаўға ҳақылы", делинеди.

Бәлким кейинги жылларда жумыс баслаған жас исбилерменлер билмейтуғын шығар, бирақ узақ жыллардан берли бизнес тараўында жумыс алып барып атырған инсанлар бул кепилликлер әмелиятта ислеп атырғаны, бүгин қәлеген исбилермен ҳақыйқатында да мәмлекет қорғаўында екенлиги қаншелли әҳмийетли екенин жақсы биледи. Себеби биз қағазда жазылған бул кепилликлер әмелде ислемеген дәўирлерди көрдик. Дәслепки исбилерменлигимди 2009-жылы маркетинг хызметлерин көрсетиўден баслаған болсам, жумысыма тийкарсыз тосқынлықларды да, керексиз ҳәм үзликсиз тексериўлер, базардағы саламат емес бәсекини де көрдим. Соған қарамастан, ислеўди, раўажланыўды даўам еттирдик. Бүгин болса исбилермен сыпатында шын мәнисиндеги еркинликти, ҳуқықларым кепилленгенин сеземен, бурынғыдай қәўетер ямаса қорқыныштың изи де жоқ. Керисинше, артымызда Президентимиз тур, деген исеним менен тек ғана алға умтыламыз.

2018-жылы бир неше кәрхананы бирлестирип, ЖШЖ дүздик. Тийкарғы жумысымыз ярым таяр азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, усақлап сатыў ҳәм көтере саўдадан ибарат. Кәрханада 70 тен аслам түрдеги өним ислеп шығарылады. Қоңсы мәмлекетлерге экспортты жолға қойыў ҳәрекетиндемиз. Жумыс ислеў ушын қолайлы имканият, шараят болса, исбилермен раўажланып бара береди. Бүгин бизди илҳамландырып атырған тәрепи усы. Буннан соң 70 тен аслам адамды жумыс пенен тәмийинлегенбиз. Олар дәрамат таўып, шаңарағын бағып атыр.

Исбилерменниң жумысын тоқтатыўға ҳеш ким ҳақылы емес

Ҳәзир исбилерменлик жумысының қол қатылмаслығы нызам менен кепилленген. Бүгин исбилермен адам ҳәр қандай тексериў келгенде өз жумысын даўам еттириў ҳуқықы бар екенлигин билиўи керек. Яғный, ҳәттеки тексериў ўақтында да исбилерменниң жумысын шеклеў нызам менен қадаған етиледи. Тек ғана инсан өмирине қәўип туўдырыўы мүмкин болған жағдайлар буған кирмейди. Бул ҳуқық оғада әҳмийетли. Себеби жақын тарийхымызда қәлеген түрдеги тексериў себепли ислеп турған исбилерменниң жумысы тоқтатып қойылған жағдайлар өзимниң басымнан да өткен. Ашынарлысы, тексериўлер белгисиз себеплерге бола айлап даўам етиўи ақыбетинде материаллық зыян көрген, жумысын қайта тиклей алмай қалған исбилерменлерде болды. Бүгин болса ҳәр қандай тексериў ўақтында, есап бети хатланған жағдайда да исбилермен өз жумысын даўам еттириўге ҳақылы, мийнет ҳақы, коммуналлық ҳәм басқа да бирлемши төлемлерди әмелге асырыўы мүмкин.

Ҳуқықый кепиллик бағдарындағы үлкен өзгерислер мәмлекетимиз басшысының ҳәр жылы исбилерменлер менен өткерилиўи дәстүрге айланған ашықтан-ашық сөйлесиўи даўамында билдирилген усыныслардың нәтийжеси десек асыра айтқан болмаймыз. Мәселен, исбилерменлердиң жеке мүлкин нызамсыз тартып алыўға жол қоймаў кепиллиги. Дурыс, жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығы бурыннан болған, бирақ әмелде дерлик ислемеген ямаса кимлердиңдур мәпине ислеген. Ҳәзир ҳәкимлик бола ма, басқа да мәмлекетлик шөлкем бола ма, исбилерменниң жер участкасын, имаратын ямаса үскенесин тийкарсыз тартып алыў, жумысын тоқтатып қойыўға ҳақысы жоқ. Егер усындай жағдайлар жүзеге келген жағдайда, көрилген зыянды қаплап бериў механизми енгизилген.

Бизнес ийелери жүдә көп тән алатуғын ҳәм исбилерменниң шын мәнисинде еркин ислеўин тәмийинлеп атырған және бир тәрепи - тексериўлердиң түриниң қысқарғаны ҳәм сапа жағынан өзгерислер болып есапланады. Бурын өткерилген тексериўлердиң көпшилиги себепсиз ҳәм мақсетсиз болғаны, реже тийкарында ҳәр 3-4 жылда тәкирарланатуғыны, тек ғана исбилерменди артықша қыйналыўға қаратылғанын көпшилик жақсы еслейди. Бүгин ҳеш бир шөлкем өзинен-өзи, исбилерменди тексерип атырған жоқ. Айырым талаплар жүзеге келгенде ғана тексериў белгиленеди. Егер исбилермен дурыс ислеп, салықларды өз ўақтында төлеп, нызамнан тыс ҳәрекет етпесе, ҳеш ким оның жумысына араласпайды. Бул бағдарда қадағалаў уйымларының қәўипти баҳалаў системасының нәтийжелилиги, өз гезегинде, басқа исбилерменлерди де дурыс ислеўге хошаметлеўши оғада күшли механизм, деп билемен.

Бизди бәрқулла қыйнап келген және бир мәселе лицензия ҳәм рухсат бериў характерине ийе ҳүжжетлердиң оғада көплиги ҳәм қурамалылығы еди. Ҳәзир олардың саны азайып, рәсмийлестириў процесслери бираз әпиўайыластырылды. Бүгин исбилермен усы ҳүжжетлерден бирин алыў ушын қайсыдур шөлкемге барып, жуўабын айлап күтиўи шәрт емес. Электрон арза тапсырылады ҳәм бул автомат тәризде көрип шығылып, жуўабы нызамшылықта белгиленген мүддетлерде бериледи. Бул тәрепи менен ҳақыйқаттан да мақтаныўға арзыйды.

Бүгинги күнде исбилерменниң ҳуқықый мәплериниң кепиллениўи тек ғана оның жумысына тосқынлық жоқ болғанда емес, ал қолайлы исбилерменлик орталығының жаратылғанында да көзге тасланбақта. Себеби мәмлекет исбилерменниң раўажланыўы, жумыс ислеўиниң даўам етиўи, буның артынан мәмлекет экономикасының өсип барыўынан мәпдар. Усы жағынан бизнес ийеси жумысында қәтеликке жол қойса, айыбы дәлилленгенде де экономикалық зыянды қаплаў имканияты берилип, жынаят иси ашпаў қағыйдаға айландырылғаны да буның дәлили. Себеби инсанбыз, қәте ислеўимиз тәбийғый. Исбилермен бәрқулла жүз процент потенциалға ийе бола бермейди, гейде жумысында кемшиликлерге жол қояды. Бундай ўақытта қәтени дүзетиўге имканият бериў исбилерменди және де хошаметлейди.

Улыўма, бүгин исбилермен адамға мәмлекеттиң досты сыпатында қаралып, үлкен исеним билдирилмекте. Мине усы исенимди ақлаў тек ғана нызамлы ҳуқықларымыздан дурыс пайдаланыў емес, ал дурыс ислеп, пуқара сыпатындағы миннетлеримизди де жуўапкершиликли орынлаўға ийтермелейди.

Мәселен, бүгин базарда еркин бәсеки орталығының жаратылғаны барлық исбилерменлер ушын кең жол ашты. Бирақ бул тутыныўшылардың ҳуқықларына қол қатылмаўы керек. Базар еркин болған сайын контрафакт, яғный лицензияланбаған, сапа сертификаты болмаған өнимлер кирип келиўи сезилерли азаймай атыр. Олар сапа қадағалаўын шетлеп өтпекте, тексериўлердиң жоқлығы болса қадағалаўды басқарыўдың төменлигине алып келмекте. Сонлықтан, өнимлер, атап айтқанда, импорт азық-аўқатлардың сапасын тексериўлерди системалы түрде алып барыў зәрүр. Тексериў дегени тек ғана исбилерменлердиң жумысына араласыў емес, ал мәнзилли бағдарлама ҳәм шекленген көлемдеги ҳәрекетти аңлатады, бул тиккелей тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў менен байланыслы процесс.

Екинши тәрептен, базардағы еркинлик гейде реклама талапларының бузылыўына да алып келмекте. Мәселен, биз өзимиз балалар азық-аўқатларын сатамыз, бирақ ҳеш қашан ана сүтиниң орнын басатуғын быламықларды реклама етпеймиз. Себеби бул нызам менен қадаған етилген. Бирақ айырым исбилерменлер буған итибар бермейди, баланы ана сүти менен өсириўди хошаметлеўдиң орнына, тынымсыз быламықларды реклама етеди. Ҳәтте рекламада "ана сүтиниң орнын толық басатуғын" сыяқлы сөзлерди қолланыў надурыс деп билемен. Себеби, жасларда бул мәселеге қатнас өзгерип бармақта. Халықаралық шөлкемлердиң мағлыўматларына бола, ҳәзирги күнде тек ғана 25 процент ҳаял-қызлар баланы 5 айға шекем ана сүти менен аўқатландырмақта. Басқалар тайын быламықларға өтип баратыр. Исбилермен буннан пайда көреди, бирақ тек ғана экономикалық пайданы ойлаў да дурыс емес. Себеби бул жерде ана сүтиндеги пайдалы микроэлементлер жас организмге керекли болыўынан тысқары, иммунитет, баланың психологиялық саламатлығы сыяқлы әҳмийетлирек факторлар да бар. Ана сүтиниң орнын ҳеш қандай быламық баса алмайды, буны тутыныўшыларға жеткериў, мениңше, исбилерменниң социаллық жуўапкершилигиниң үлгиси болып табылады.

Ҳәзир исбилермен болыў тек ғана мақтаныш емес, ал үлкен жуўапкершилик болып есапланады. Мәмлекет жаратқан қолайлы шараятлардан ақылға уғрас пайдаланыў, жеңиллетилген кредитлер, кепиллик механизмлери, лизинг бағдарламалары ҳәм көргизбелер арқалы жаңа базарларға шығыў имканиятлары бизден ҳадал мийнет, нызамлы жумыс ҳәм жәмийет алдындағы социаллық жуўапкершиликти талап етеди. Биз салық төлеймиз, нызамларға әмел етемиз, халықтың денсаўлығы ҳәм абаданлығы ушын пайдалы өнимлер жаратып, жәмийет мәпи жолында хызмет етемиз. Бул - бизиң таңлаўымыз, кәсиплик ҳәм инсан сыпатындағы өзлигимизди белгилейтуғын турмыс жолындағы ўазыйпамыз. Усы жолда Конституциямыз биз ушын ең исенимли сүйениш болып есапланады.

Улуғбек РАҲИМОВ,

“Kids Plate Distribution” ЖШЖ баслығы