Жақсылық ҳәм қайырлы әмеллер қанат жаяды. Елдеги шүкиршилик қут-берекет болып жаўады. Мәмлекетимиз басшысының шығып сөйлеген сөзин жан қулақ пенен тыңлар екенбиз, көз алдымызда болып атырған тарийхый өзгерислер руўхынан қуўаныш сезимин сезе баслаймыз.
Әне усы көтериңки кейпият тәсиринде илаждан шығып ойымда өткен ғаўасатлы пикирлерди қағазға дизе басладым.
Сенде болса, елге өтер, елде болса - саған
...Қаланың шаўқымлы ҳәм тығылыс көшелеринде бәҳәр нәпеси гезеди. Жол шетиндеги ерик ҳәм шыршалар ғаўлап гүллеген. Жаўыннан кейин ҳаўадан таў нәпеси келеди. Бундай ўақытта сейил етиў дене ҳәм руўхқа күш береди. Сейилден соң және жумысқа қарай киятырсам, банкомат жанындағы адам жумысы питкен соң тез жүрип, алдыға өтти. Бес-алты адым арыда оны жасы елиўлерге шамаласқан жолдасы күтип тур еди. Орта бойлы, бийдай реңли бул киси жуўан даўыс пенен жолдасын сораўға алды:
- Банкомат ислеп тур ма, узақ қалып кеттиңиз?
- Ислеп тур, нақ долларым бар еди, банкоматта сўм етип, бирден пластик картама өткерип алдым. Үйге пул керек екен, картадан өткерип жибердим.
- Усы банкоматлар қолайлы болып қалды-аў, - деди жаңағы киси сол баяғы жуўан даўыс пенен. Жолдасы оның гәпин тастыйықлады. Соң екеўи тағы бир нәрселерди сөйлесип меннен алыслады. Олар узақласты. Олардың сәўбетинен соң жақын жыллардағы өзгерислер ҳаққында ойлап кеттим.
Ҳәзир банкоматтан пулды нақластырыў, валютаны еркин алмастырыў әпиўайы жағдай. Жақын-жақынға шекем валюта алмастырыў, пластик картамыздағы ақшаны нақластырыў ямаса ол арқалы төлеў азап еди. Атап айтқанда, валютаның қара базар ҳәм банкте өз алдына баҳасы болатуғын еди. Бир ғана турмыслық мысал, машина сатып алыў ушын қара базардан қымбат курста валюта алынып, автосалонға банк белгилеген арзан баҳада тапсырылатуғын еди. Әне усы айырмашылықтың өзи үлкен жоғалтыў еди. Қаржы айланысындағы бундай жасалма тосқынлықлар аяққа салынған тусаў еди. Бундай жағдайда исбилерменлик етиў, бир сумды еки сумға айландырыў қаншелли машақатлы екенин тараў адамлары жақсы биледи.
Сол ўақытта ҳәр жылы жүзлеген исбилерменлер банкротлық жәриялайтуғын еди. Қызығы сонда және сонша жаңа исбилерменлер пайда болатуғын еди. Себеби банкрот болған да, жаңадан жумыс баслаған да тийкарында бир адамға тийисли, ҳүжжетте басшысы өзгерген субъектлер еди. Олар сол арқалы салықтан қашып, айланыс қаржысын жасырыўға урынатуғын еди. Ашынарлысы, оларға имканият бериў, исбилерменге де жәрдемши керек екенлигин түсиниўдиң орнына тараўға жаңа тосқынлықлар қойылатуғын еди. Дизимнен өтиў жыл сайын қыйынласып барар, банкротлыққа қарсы гүресиўдиң жаңа жоллары ойлап табылар еди. Ақыбетинде исбилермен ўақты, күши ҳәм қаржысын шөлкемди сапластырыў ҳәм жаңасын шөлкемлестириў ушын тийкар табыўға сарплайтуғын еди. Бир сөз бенен айтқанда, исбилерменниң искерлиги, уқыбы өмир сүриў жолын излеўге жумсалады.
Тәбийий, салықлардан қашыў ҳәм шөлкемди банкротлыққа таярлап барыў ушын қаржы нақ пул формасында айландырылатуғын еди. Бул, өз-өзинен, базарға тәсир етер еди. Дүканларда пластик карта арқалы саўда етиў дерлик имкансыз еди. Исбилермен бай болса, халық абадан жасайды. Исбилермен бай болса, халық абадан жасайды деген ҳикметтиң тийкарғы мәниси усы жерде айқын көринеди. Ақыры, халқымыз, "Сенде болса, елге өтер, елде болса - саған", деген нақылды бийкарға айтпаған.
Жақын өткен күнлердеги бул көринисти бийкарға еслемедик. Президентимиздиң ифтарлық мәресиминдеги шығып сөйлеген сөзинде өткен жылдың өзинде жәрдемге мүтәж инсанларға 16 триллион сумлық материаллық жәрдем ҳәм напақалар берилгени, кем тәмийинленген шаңарақларға тийисли 51 мың бала бақшаға жайластырылғаны, олардың 176 мың ағзасына медициналық жәрдем көрсетилгени, 182 мыңы болса социаллық хызметлер менен қамтып алынғаны атап өтилди.
Булардың негизинде мәмлекетимизде өткен жылларда тойынған исбилерменлик орталығының орны айрықша. Гәп сонда, бүгин исбилерменлерге жаратып берилген шараятлар, керекли жеңилликлер нәтийжесинде жаңа Өзбекстанда пүткиллей жаңаша исбилерменлик орталығы жаратылды.
Бүгинги исбилермен кешеги исбилермен емес
Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жыл 19-март күни киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыў өткерди. Бул ушырасыў киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери ушын жаңа дәўирди баслап берди. Мине, усы ушырасыў ўақтында көплеген исбилерменлеримиз мәмлекетимиз басшысына баслама ҳәм усынысларын айтты. Өз орнында олардың орынлы усыныслары қоллап-қуўатланды. Жуўапкерлерге зәрүр көрсетпелер ҳәм тапсырмалар берилди.
Түпкиликли реформалар себепли жаңа Өзбекстан исбилерменлери тараўда жетекши болыў, жәҳән базарынан беккем орын алыў ҳаққында ойлайтуғын исбилерменлерге айланды. Олардың дүньяға көзқарасы, ис тутымы да түп-тийкарынан өзгерди. Себеби оларда ертеңги күнге болған беккем исеним бар. Бул исеним дәстүрге айланған ушырасыў, мәмлекет басшысы ҳәм исбилермен арасындағы ашық сөйлесиўлер шеңберинде барған сайын беккемленип бармақта. Бундай сөйлесиўлер тараўдағы машқалаларды анықлаў, мәселелерге шешим бериўде әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.
Ақыры тийкарғы жағдайды сол тараўдың ийелери жақсы биледи. Олар кемшиликлерди де, жетискенликлерди де келтирип шығарып атырған факторларды таллай алады. Соған қарай қандай реже дүзиў кереклигин де биледи. Сонлықтан, Президентимиз исбилерменлерди жеке өзи тыңламақта. Мәселелер шешилиўи ушын тийкар жаратып бермекте. Буның нәтийжеси де қуўанышлы, әлбетте. Атап айтқанда, усы жылдан киши бизнеске 300 миллион сумға шекем кредит бериў басланды. Енди соңғы бир жылда ирилеп, киши ямаса орта кәрханаға айланған исбилерменлерге соның 150 миллион сумы гиреўсиз бериледи. Сондай-ақ, шаңарақлық исбилерменлер де 50 миллион сумға шекем гиреўсиз кредит алыўы мүмкин болады.
Бизнести қаржыландырыўда альтернатив дәрек сыпатында венчур фондлар ғалаба ен жаймақта. Бес жылда олардың қатнасыўында 145 миллион долларлық 53 стартап жойбар әмелге асырылған.
Оны кеңейтиў мақсетинде мәмлекетлик банклер тәрепинен және 3 венчур компания ашылып, 50 миллион доллар фонд қәлиплестирилди. Сырт елден және 50 миллион доллар тартылады. Бул бизнести баслап атырған исбилерменлер ушын қосымша имканият дегени. Әҳмийетлиси, бундай жойбарлар экономикаға жаңа бағдар, технология, инновация ҳәм жоқары қосымша қун алып киреди.
Жақын-жақынға шекем бундай сан ҳәм имканиятлар ҳаққында қыял етиў де қыйын еди. Өзгерислер себепли жаңа Өзбекстан исбилерменлери халықаралық көлемде өз орны ҳәм базарына ийе болып бармақта. Бир ғана мысал, Президент пенен сөйлесиўде “Tass Vision” компаниясының басшысы Шаҳзод Умрзоқов өзиниң жумысы ҳаққында айтып, кейинги жыллардағы өзгерислердиң динамикасын көрсетип берди.
- Мектеп, лицейде оқып жүргенимде әкем ислейтуғын автобазада билет жыртыўшы болып ислегенмен. Ҳәзирги күнде болса жасалма интеллектке тийкарланған компания басшысыман, - дейди жас исбилермен Шаҳзод Умрзоқов. - Бес жыл ишинде биз 7 мәмлекетте хызмет көрсетиў дәрежесине еристик. Итибарлы тәрепи, қамтып алыўымыз тек ҒМДА мәмлекетлери емес, ал Монголия, Түркия, БАӘде де жумыс алып барамыз.
Жас исбилерменниң атап өтиўинше, ол тийкар салған компания жасалма интеллект тийкарында усақлап сатыўды арттырыўға жәрдем береди екен. Компания усы күнге шекем 130 ири усақлап сатыў компаниясы менен бирге ислесиўди жолға қойған. 1700 ден аслам дүканларға арнаўлы бағдарлама орнатып берген. Бул бағдарлама қарыйдарлардың қызығыўшылығы, саўда процесин камера жәрдеминде үйренип, маркетингти таллап береди.
Компания бағдарламасы арқалы 2022-жылы миллий венчур фондынан 150 мың доллар инвестиция алған. Күни кеше ғана билет жыртыўшы болып жүрген жигиттиң компаниясын 2024-жылы халықаралық венчур фондлар 7 миллион долларға баҳалаған. Бул - “Tass Vision” 2 жыл ишинде миллий венчур фонд баҳасын 7 есеге арттырған, дегени. Енди жас исбилермен жумыс көлемин және де кеңейтиў, экспорт көлемин арттырыў бағдарында излениў алып бармақта. Реформалардың нәтийжеси мине усындай анық санлар арқалы көрине баслағаны қуўанышлы. Бундай турмыслық мысаллар жаңа Өзбекстанда исбилерменлик тараўындағы кескин өсиў ҳәм өзгеристиң бир қанша әҳмийетли тәрепин ортаға таслайды.
Бириншиден, исбилерменлерде реформаларға, ертеңги күнге беккем исеним пайда болды. Енди олар қалайынша аман қалыў ҳаққында емес, дүнья базарынан орын алыў, сырт елли шериклерди көбейтиў илажлары ҳаққында ойламақта.
Екиншиден, исбилерменлик етиў ушын үлкен муғдарда кредитлер алыў аңсатласты. Ҳәзирги ўақытта бундай қаржыларды өзлестирип, жумысын кеңейтиўден қорықпайтуғын исбилерменлердиң қатары кескин артты.
Үшиншиден, ең әҳмийетли фактор - исбилерменлердиң көзқарасы өзгерди. Олар енди өнимди бир жерден алып басқа жерде сататуғын саўдагер емес. Бәлким, өним ислеп шығарып, шийки затты локализациялаў бойынша излениў алып барып атырған шын мәнисиндеги исбилерменлер.
Ҳәр бир өзгерис исенимге айланды
Ҳақыйқатында да, бүгин исбилерменлердиң дүньяға көзқарасы пүткиллей өзгерген. Усы жерде ҳақылы сораў туўылады, буған қалай еристик?
Жаңа Өзбекстан қысқа ўақытта әпиўайы ҳәм қыйын жолды басып өтти. Әпиўайылығы сонда, исбилерменлер ушын ҳәмме билетуғын тосқынлықларды сапластырыў керек еди. Буның ушын дизимнен өтиўди аңсат ҳәм ашық-айдын етиў, салық системасын реформалаў, бажыхана, сырт ел кәрханалары менен валюта алмасыўын әпиўайыластырыў, кредит алыў ҳәм жумысты қаржыландырыў сыяқлы бағдарларда түпкиликли реформаларға зәрүрлик бар еди. Қыйыншылығы бул реформаларды әмелде орынлаў, жуўапкерлер ҳәм исбилерменлердиң көзқарасын өзгерте алыў, оларды жаңаланыўға исендириў еди.
Инсан дүнья қарасын өзгертип, жәмийетте исеним оятыўдан аўыр жумыс жоқ. Соның ушын, Әмир Темур бабамыз "Салтанат тонын кийген соң, денемнен тынышлық кетти", деген еди. Жаңа Өзбекстан қысқа ўақытта мине усындай машақатлы жолды мәртлерше басып өтти. Нәтийже болса, қуўанышлы!
Жәмийетте исбилерменлер тыныш, еркин ҳәм абадан турмысымыздың гиреўи, деген исенимли көзқарас қәлиплести. Ҳәзирги ўақытта исбилермен - елге мәдеткар, деген үлкен жуўапкершиликти мойнына алған шахсларға имканиятлар, қоллап-қуўатлаўдың нызамлы тийкарлары жаратылды.
Әҳмийетлиси, ҳәр бир өзгерис өмиршеңлиги менен адамлардың кеўлинде исеним оятқан. Дәслеп, валюта алмастырыў аңсатласты. Ашық базар принциплеринен келип шығып банклер сырт ел валютасының өзбек сумына салыстырғанда баҳасын еркин белгилейтуғын болды. Булар исбилерменлерге дәслепки имканиятлар еди. Буннан кейин бажыхана, салық, сырт ел қаржыларын жеке меншик секторға тартыў, меншиклестириў сыяқлы бағдарларда түпкиликли өзгерислер исленди.
Әпиўайы мысал, көплеген дүканлар, әсиресе, аўыллық жерлерде, нызамсыз жумыс алып баратуғын еди. Буннан сол аймақтағы жуўапкерлер хабардар еди. Мәҳәлле, район ҳәкимлиги исбилерменлер дизимине сол нызамсыз дүканларды да киргизетуғын еди. Ҳәр қыйлы байрамлар, илажларда олар өзине тән "салық"қа тартылып, қәўендерликке тартылатуғын еди. Қалалардағы айырым киши өндирис цехлары да усы "қағыйда" тийкарында жумыс алып баратуғын еди. Өзгерислер себепли бул исбилерменлер нызамлы жумыс алып барыўға өтти.
Журналист сыпатында жақсы билемен, реформалардың дәслепки жылларында "жасырын экономика"ның мәмлекет ҳәм халық мәплерине зыяны ҳаққында оғада көп үгит-нәсият жумыслары алып барылды. Атап айтқанда, "Янги Ўзбекистон" газетасында да устаз журналистлер, қәбилетли жаслар ҳәм экономика тараўының жетекши қәнигелердиң көби шықты. Бүгин өзбек баспасөзинде бул темаға зәрүрлик дерлик жоқ.
Баспасөз жәмийет айнасы. Бүгин баспа сөзимизде дүнья экономикасындағы әҳмийетли мәселелер тийкарғы тема болып тур. Булар "жасыл экономика"ға жедел өтиў, жасалма интеллектти тараўда енгизиў ҳәм оннан нәтийжели пайдаланыў сыяқлы тәреплери болып есапланады. "Жасыл экономика" тек ғана тәбиятқа жәрдем емес, ал техникалық раўажланыўдың белгиси болып есапланады. Себеби заманагөй технологияларсыз толық "жасыл экономика"ға өтиў мүмкин емес. Жасалма интеллект болса, раўажланыўдың ең жоқары шоққыларынан бири. Демек, бүгин жаңа Өзбекстан исбилерменлериниң ой-пикири, арзыў-нийетлери халықаралық көлемге шыққан!
Буған қалай еристик?
Бириншиден, тийкарсыз тексериўлерге шек қойылды.
Екиншиден, "жасырын экономика" анықланғанда жазалаў емес, имканият бериў жолы тутылды. Исбилерменлерге мәмлекетлик дизимнен өтип, салық төлеп ислесе, жеңилликлерге ийе болыўы, жумысы Президент қорғаўында екени, жеке меншик мүлкке қол қатылмаслығы бағдарындағы өзгерислер түсиндирилди. Еки жумыс орнын жаратқан исбилермен нызам ҳәм Президент қорғаўында екени қайта-қайта тәкирарланды. Бул жағдайға көнлигиўге қыйналған айырым жуўапкерлер менен қатаң ис алып барылды. Улыўма, мәмлекетте заманагөй исбилерменлик ой-пикирди қәлиплестириў бағдарында зәрүрли барлық жумыслар орынланды.
Булардың барлығы исбилерменлердиң көзқарасының өзгериўине хызмет етти. Алыс аўылларда да экспорт пенен шуғылланатуғын исбилерменлер пайда болды. Мәселен, базарларымызда жақын-жақынға шекем қыстың ақыры ямаса ерте бәҳәрде картошка, пияз сыяқлы аўыл хожалығы өнимлерине узын-шубай гезеклер күтилетуғын еди. Таллаўлар машқала усы түрдеги өнимниң аз жетистирилгенинде емес, ал оларды сақлаў менен байланыслы екенин көрсетти.
Өзбекстан жеринде жетистирилген мийўелер витаминлерге бай, шыпалы, деп ҳақылы түрде мақтанатуғын едик. Бирақ супермаркетлер тармағында тийкарынан сырт елден импорт етилген мийўелер сатылатуғын еди. Жаз ҳәм гүз мәўсиминде писип жетилген зүрәәттиң үлкен бөлегин сақлаў системасының жоқлығы себепли олар жерге төгилип, зая болатуғын еди.
Кейинги жыллардағы реформалар себепли аўыл хожалығы өнимлерин қайта ислеў, оларды сақлаў системасы да раўажланды. Бир неше күн алдын Наўрыз байрамын белгиледик. Бирақ ҳәзир де кеше ғана үзилгендей сақланған жүзимлер, әнар ҳәм алма сыяқлы мийўелер базарларымызды абат етип тур.
Цитрус мийўелер сатып алыў айырым шаңарақлар ушын әрман еди. Тараўдың раўажланыўы себепли бундай мийўелер өзимизде жетистирилип, сақланып, арзан баҳада сатылмақта.
Бул бағдардағы өзгерислердиң динамикасын тек ғана Булунғур районы мысалында да көриў мүмкин. Районда жылына орташа 260 мың тонна картошка жетистирилген ҳалда, аймақта 5-6 жыл алдын оны сақлаў ямаса қайта ислеў жағдайы ашынарлы еди. Исбилерменликке кеңнен жол ашылғаны есабынан кейинги 4-5 жылда районда аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў имканияты 27 мың тоннаға жеткерилди. 7-8 жыл алдын аграр тармақта жетистирилген өнимлердиң 10-12 проценти қайта исленген болса, қысқа ўақытта бул көрсеткиш 30 проценттен асырылды. Жақын келешекте бул бағдарда әмелге асырылыўы режелестирилген көплеген жойбарлар есабынан қайта ислеў ҳәм сақлаў қуўатлықларын раўажланған мәмлекетлер дәрежесине алып шығыў мақсет етилгени болса исбилерменлик жумысының орынлардағы жедел раўажланыўынан дәрек береди.
Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў - стратегиялық жолымыз
Өзгерислер турмысымызда қандай жаңалықларға себеп болды, деген сораўға тийкарлы жуўап бар. Мәселен, төрт жыл алдын 23 процент ямаса 7,5 миллион халқымыздың дәраматы кәмбағаллық шегарасына да жетпейтуғын еди. Өткен дәўирде 3,5 миллионнан аслам пуқара ушын дәрамат алыў имканияты жаратылып, кәмбағаллық 11 процентке түсирилди. Енди бул көрсеткишти 2028-жылға шекем 7 процентке түсириў режелестирилген. Халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде исбилерменлик, әсиресе, киши ҳәм орта бизнестиң орны шексиз. Өз орнында бундай өзгерислер жалпы ишки өним көлеминиң де кескин артыўына себеп болды.
Дәслеп, мәмлекетимиздиң жалпы ишки өниминиң көлемин 160 миллиард долларға жеткериўди мақсет етип қойған едик. 2024-жылдың өзинде жалпы ишки өнимимиздиң көлеми 110 миллиард долларға жетти. Биз 2030-жылға барып экономикамыздың көлемин 200 миллиард долларға жеткериўди мақсет еткенбиз.
Ашығын айтқанда дәслебинде бул шекке көпшилик исенбеди. Себеби мәмлекетимизде имканиятлар шекленген еди. Бәринен бурын, жоқарыда атап өтилгениндей, исбилерменлерди жасалма тосықлар қыйнады. Екиншиден, қоңсы мәмлекетлер менен байланысларымыз кеўилдегидей емес еди. Бул, өз-өзинен, логистика, туризм сыяқлы тараўлардың артта қалыўына себеп болып атырған еди. Мәмлекеттиң ишки сиясатындағы унамлы өзгерислер дәслепки күнлерден-ақ сыртқы сиясатта да өз көринисин көрсете баслады. Бүгин ең көп туристлер қоңсы мәмлекетлеримизден келмекте. Қуўанышлы тәрепи, бүгин медициналық туризм ғалабаласып бармақта. Биз бул бағдарда мәмлекетимизди Орайлық Азия хабына айландырамыз, деген едик. Ҳәзир қоңсы мәмлекетлерден киятырған мийманлардың бир бөлеги емлениў ушын келмекте.
Улыўма, жаңа Өзбекстанның сыртқы сиясаты себепли "Орайлық Азия руўхы" деген сөз турмысымызға кирип келди. Бул, әлбетте, экономикамызда да өз көринисин таппақта. Қалаберди, басқа да сырт мәмлекетлер де жоқары исеним билдирип, бирге ислесиўге таяр екенин атап өтпекте. Атап айтқанда, Президентимиздиң Францияға сапары оғада нәтийжели өтти. Сапар етиў ўақтында мәмлекетимиз басшысы исбилермен топарлардың жетекши ўәкиллери менен ушырасыў өткерди. Оның тийкарғы нәтийжеси сыпатында Өзбекстан - Франция қатнасықларын стратегиялық шериклик дәрежесине көтериў ҳаққында тарийхый қарар қабыл етилгени болды.
Қуўанышлы тәрепи, Франция компаниялары менен 2027-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген инновациялық ҳәм санаат кооперациясы бағдарламасы қабыл етилген. Оған улыўма баҳасы 6,5 миллиард евро болған анық бағдарлар ҳәм жойбарлар киргизилген. Бағдарламаны әмелге асырыў шеңберинде Францияның жетекши банк ҳәм қаржы шөлкемлерин жедел тартқан ҳалда бизнес басламаларын финанслық қоллап-қуўатлаўдың нәтийжели қуралларын кеңнен енгизиў нәзерде тутылған.
Айтпақшы болғанымыз, раўажланған мәмлекетлер жаңа Өзбекстан менен бирге ислесиўге умтылмақта. Бизге исеним билдирип инвестиция киргизип атыр. Умытпаў керек, ҳәр қандай бирге ислесиўден бәринен бурын, финанслық пайда гөзленген болады. Жөнелткен қаржысын пайдасы менен қайтарып алыў, буның ушын узақ жыллық исенимли кепиллик бар-жоқлығы есапқа алынады. Сол себепли, олар бир мәмлекетке инвестиция киргизиўден алдын жети емес, жетпис мәрте өлшеп бир кеседи. Усы мәнисте, өткен дәўирде тек ғана исбилерменлеримиз емес, ал сырт елли бирге ислесиўшилердиң де исенимине ерисе алыўда үлкен жетискенликке еристик. Табыслар болса халықтың абаданлығы, елдиң раўажланыўы жолында хызмет етпекте.
Усы жерде және бир әҳмийетли санға итибар қаратыў керек. Кейинги бес жылда киши ҳәм орта бизнестеги исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейди. Булар енди бурынғыдай салықтан қашыў, атын өзгертиў ақыбетинде пайда болған жалған санлар емес!
Буны халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы санлар да тастыйықлайды. Яғный бул исбилерменлер 10 миллион 500 мың адам - жәми бәнт халықтың 74 процентин бәнт еткен. Бул сонша шаңарақ турақлы дәраматқа ийе болды, дегени. Экономика көлеминиң ярымынан көби, санаат ҳәм экспорттың үштен бир бөлеги усы тараў ўәкиллериниң үлесине туўра келмекте. Жақынға шекем көплеген киши ҳәм орта исбилерменлер мийнет ҳақысын конверт усылында тарқататуғын еди. Буның ақыбетинде нызамсыз жумыс ислеп атырған адамды қәлеген ўақытта жумыстан босатыў мүмкин еди. Бул сол пуқаралардың дәраматының турақлылығын гүман астына қояр, мәжбүр болған ўатанласларымыз арзымаған пулға да көп ислеўге мәжбүр еди. Себеби бундай шараятта ҳақ-ҳуқықын талап етиў имкансыз болады. Бул, өз-өзинен, наразылық кейпиятын оятатуғын, халқымыздың тили менен айтқанда, берекетти қашыратуғын еди. Халықты разы етиў, инсан қәдирин улығлаў, деп басланған реформалар негизинде мине усындай үлкен турмыслық ҳақыйқатлар бар.
Жаңа Өзбекстанда жағдай түп-тийкарынан өзгерди. Мәмлекетимиз басшысы киши ҳәм орта бизнес ўәкиллери менен ушырасыў ўақтында: "Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў - бул бизиң стратегиялық жолымыз! Исбилерменлик қаншелли тез раўажланса, мәмлекетимиз соншелли қүдиретли болады, халқымыз соншелли абадан жасайды", деди.
Мине, усы ушырасыў ўақтында бул стратегиялық жол артқа қайтпайтуғын түрге енгенлиги өз дәлилин тапты. Киши ҳәм орта бизнес бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында пикир алысылды. Атап айтқанда, 2025-жылы оның экономикадағы үлесин 55 процентке арттырып, 70 миллиард доллар муғдарында қосымша қун жаратыў ўазыйпасы қойылды. Экономистлер жақсы биледи, бул жүдә үлкен секириў, дегени. Бундай үлкен шекти өз-өзинен жеңип болмайды. Сол себепли, жаңа базарларға кириўде транспорт, сертификат ҳәм стандартқа жәрдем берип, киши бизнес экспортын өткен жылғы 9 миллиардтан 12 миллиард долларға алып шығылады.
Усы жерде Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы ўәкилханасының басшысы Анди Аранитасының усы ушырасыўдан соң айтқан пикирин келтирсем:
- Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки 36 мәмлекетте жумыс алып барып атырған болса, олардан тек 4 еўи ғана ҳәр жылы 1 миллиард евродан аслам муғдарда қаржыландырыў алады, - дейди Анди Аранитаси. - Мақсетимиз Өзбекстанды мине усындай мәмлекетлердиң қатарына киргизиў ҳәм жеке меншик сектордың тийкарын қурайтуғын киши ҳәм орта бизнестиң раўажланыўын қоллап-қуўатлаўға тийкарғы итибар қаратыў.
Сырт елли шериклеримиз бизди қоллап-қуўатлаўға бәрқулла таяр екенин көринип тур. Бул болса, жоқарыда атап өтилгениндей, жаңа Өзбекстандағы реформаларға билдирилип атырған жоқары исеним үлгиси болып есапланады.
Сондай-ақ, ишимлик суўы, канализация, жол, қурылыс, коммуналлық хожалық, жеткерип бериў, утилизация, миграция, мәденият ҳәм социаллық хызметлерде киши бизнестиң үлесин 2-3 есеге арттырыў нәзерде тутылмақта. Бундай реформалар болса, 1,5 миллион турақлы жумыс орнын шөлкемлестириў, тараўда бәнт халықтың үлесин 75 процентке жеткериў имканиятын береди. Қалаберди, киши бизнесте жаңа 100 бренд өним шығарыўды да мақсет еткенбиз. Улыўма жүдә үлкен шек гөзленбекте. Оған ерисиў ушын сырт елли экспертлер менен биргеликте бағдарлама ислеп шығылған. Бул бағдарламаға 2025-жылы барлық дәреклер есабынан 10 миллиард доллар қаратылады. Бул халқымызға оғада үлкен муғдардағы инвестиция, миллионлаған жумыс орынлары, дәрамат ҳәм нәтийжеде абадан турмыс кепиллиги, дегени.
Мақала басында пластик картамыздағы пулды нақластырыў, валюта базарындағы еркинлик ҳаққында айтқан едик. Бүгин сол жағдайларды узақ өтмиштеги әпсана сыяқлы еслеймиз. Айырымлар, енди жаңа ҳәм және де үлкен өзгерислер ҳаққында айтың, деп сораўы мүмкин. Бул тәбийий. Себеби таў шыңын мөлшерлеп жолға шыққан адам, биринши қәдем таслаған мәнзилин бәрқулла еслей бермейди.
Қалаберди, ири қәдемлери себепли басындағы киши қәдемлери көзине арзымайтуғындай көринеди. Бирақ, тамырдан үзилмеў, аяқты жерде беккем услап турыў ушын да сол биринши қәдемди еслеў зәрүр. Себеби, дәслепки қәдемлердиң мәртлиги, күш-ғайраты ҳәм заўқы бүгинги ҳәм келешектеги жетискенликлердиң тийкарын қурайды.
Әлбетте, жақын келешекте бүгин белгилеп алынған ўазыйпалардың нәтийжесин қуўаныш пенен атап өтиўимизге исенемиз. Себеби, үлкен жол басында бәрқулла тән тынышлығынан ўаз кешилген, соған мүнәсип тәризде даўам етиў тилеги ҳәр дем алға, жаңа шеклерге қарай шақыра береди.
Салим ДОНИЁРОВ.