баннер
16 Apr 2025
11:58

    Санаат ушын әҳмийетли минераллар бойынша мәлимлеме берилди

    Президент Шавкат Мирзиёев 7-март күни санаат ушын әҳмийетли минераллар шийки зат базасын кеңейтиў ҳәм қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыў бойынша презентация менен танысты.

    Елимиз аймағында вольфрам, молибден, магний, литий, германий, графит, ванадий ҳәм титан сыяқлы 30 дан аслам санаат ушын әҳмийетли минераллар бар. Бирақ алдын бул имканият толық жүзеге шығарылмаған. Қазылма кәнлерди излеў, техноген шығындыларды қайта ислеў, пайдалы затларды ажыратып алыў ҳәм олардан өним таярлаўға инвестиция киргизилмеген еди.

    Кейинги жылларда шөлкемлестириў тийкары жаратылып, жоқары қосымша қунлы өнимлер алыў бойынша жумыслар басланды. Презентацияда таў-кән санааты ҳәм геология министри бул бағдардағы имканиятлар ҳаққында мәлимлеме берди.

    Келеси үш жылда 28 сийрек ушырасатуғын минерал бойынша 2,6 миллиард долларлық 76 жойбарды әмелге асырыў мөлшерленбекте. Буның ушын шийки зат базасын кеңейтиў мақсетинде геология-излеў ҳәм илимий-изертлеў жумысларына қосымша қаржы ажыратыў нәзерде тутылмақта.

    Ең тийкарғы ўазыйпа - заманагөй технологияларды қолланып, қымбат баҳалы шийки затты рудадан ажыратып алыў, тазалығын арттырыў ҳәм жоқары қунлы өнимлер жаратыў екени көрсетип өтилди. Мәселен, "Ингичка" кәниндеги вольфрам концентраты байытылса, қосымша қун 2 есеге артады. Ҳәзирше усындай 18 жойбар ислеп шығылған.

    Тараўда "шийки зат - қайта ислеў - илим ҳәм технология - таяр өним" шынжырын кеңейтиў мақсетинде молибден ҳәм вольфрамға бай Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларында технопарклер шөлкемлестириў усынысы билдирилди.

    Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда санаат тәжирийбелери ҳәм технология трансферин әмелге асырыў, заманагөй лаборатория ҳәм оқыў орайларын ашыў бойынша тапсырмалар берди. Улыўма, "төртинши санаат революциясы" дәўиринде мүнәсип орынға ийе болыў ушын беккем тийкар жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.



    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech