баннер
10 Apr 2025
07:07

    Аўыл хожалығында халықаралық бирге ислесиўдеги жойбарлар ҳаққында мәлимлеме берилди

    Президент Шавкат Мирзиёев 3-март күни аўыл хожалығы тараўында халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға байланыслы презентация менен танысты.

    Елимиз агросанааты нәтийжелилик ҳәм базар қатнасықлары жағынан реформаланбақта. Тараўға алдынғы агротехнологиялар, илим жетискенликлери кеңнен енгизилмекте.

    Бир топар қәнигелеримиз жақында Қытай, Италия, Японияға барып, илимий институтлар, ири компания ҳәм хожалықлардың тәжирийбесин үйренди. Усы тийкарда жаңа бирге ислесиў режелери ислеп шығылды.

    Бизге белгили, жоқары өнимдарлықтың биринши факторы бул туқымгершилик. Қытай аўыл хожалығы академиясы егинлер туқымы ҳәм нәлшилиги бойынша үлкен тәжирийбеге ийе. Бизде болса аўыл хожалығы бойынша 14 илимий институт, 55 туқымгершилик хожалығы болғаны менен, жаңа сорт ҳәм агротехнология мәселесинде артта қалыўшылық бар. Дийқанлар жергиликли туқымнан пайда көрмегени ушын шет елдиң туқымын егип атыр.

    Сол себепли Жоқары Шыршық районындағы Агрохызметлер орайында Қытай тәжирийбеси тийкарында туқымгершилик ҳәм нәл жетистириўди жолға қойыў режелестирилмекте. Оның ушын 200 миллион доллар инвестиция киргизилип, пахта, бийдай, салы, мәкке, жүзим ҳәм мийўе сортлары көбейтиледи. Туқым алыўдан баслап, оны заманагөй техника ҳәм дронлар жәрдеминде егиў, дәрилеў, жыйнаў ҳәм қайта ислеў бойынша үлги аймақ шөлкемлестириледи.

    Тараў ушын және бир әҳмийетли мәселе - маман кадрлар. Бул бағдарда Италияда жақсы билимлендириў системасы бар. Бир ғана Болоня университети Европаны маман қәнигелер менен тәмийинлеўде үлкен орын ийелейди. Илимий институтлар жеке меншик сектор менен бирге ислесип, буйыртпа тийкарында сапалы сортларды жаратып, коммерцияластырмақта.

    Бул тәжирийбелерди үйрениў мақсетинде Италиядағы Болоня, Тушиа, Феррара, Пиза жоқары оқыў орынларына усы жылы 200 жасларымызды жибериў нәзерде тутылмақта. Сондай-ақ, Тушиа университетинде жылына 30 жасты азық-аўқат технологиясын грант тийкарында оқытыў, елимизде кадрлар таярлаўды жолға қойыў усынысын билдирген.

    Дүнья тәжирийбесин үйрениўде оқып, ислеў бағдарламалары да қолайлы болады. Мәселен, Самарқанд аграр институты, Халықаралық аўыл хожалығы университети өткен жылы бир топар студентлерди Германия ҳәм Англияға жиберген. Ташкент мәмлекетлик аграр ҳәм Халықаралық аўыл хожалығы университетлери, Ферғана азық-аўқат институтында студентлерди Японияға жибериў ушын япон тили орайлары шөлкемлестирилмекте.

    Презентацияда режелер қоллап-қуўатланып, бундай бирге ислесиўди Венгрия, Нидерландия, Канада, Австралия, Қубла Корея сыяқлы агросанаат раўажланған мәмлекетлер менен де кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Аўыл хожалығы министрлигине аймақларда инновациялық жойбарларды көбейтиў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.


    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech