Социаллық тармақларда Өзбекстанда пенсия жасы арттырылатуғыны ҳаққында хабарлар тарқалып жәмийетшиликтиң додалаўларына себеп болды. Хабарлар бойынша Пенсия қоры мағлыўмат берди.
Өзбекстан аймақларынан келген айдаўшылар Ташкент ҳәм басқа ўәлаятларда такси хызметин көрсетиўи мүмкин.
Кейинги ўақытларда БАӘ аймағына кириўде Өзбекстан пуқаралары дус келип атырған қыйыншылықлар, атап айтқанда, халықаралық аэропортларда даўам еткен тексериўлер себепли пуқараларымыздың усы аэропортларда узақ ўақыт қалып атырғаны ҳаққында бир қатар мүрәжатлар келип түсти.
Өзбекстан пуқараларының БАӘға кириўи қадаған етилгени ҳаққындағы хабарларға Сыртқы ислер министрлиги рәсмий мүнәсибет билдирди.
Жолаўшылар көп түсетуғын тийкарғы бәндиргилерде азанғы саат 07:30 дан 09:00 ге шекемги ең тығыз ўақытта да поездлар 8-10 минут аралығында кешигип келмекте.
Ферғана ойпатлығы "порох бочкасы" емес, ал имканиятлар, абаданлық, тынышлық, жақсы қоңсышылық ҳәм дөретиўшилик мәканына айланды.
Соңғы күнлерде социаллық тармақларда өзбек тилинде сөйлесиў мәселесинде пикир-таласлар бақланбақта. Усы мүнәсибет пенен, усы тараўдағы айырым нызамшылық ҳүжжетлери ҳаққында Әдиллик министрлиги төмендегилерди еслетип өтти.
Орайлық Азия халықлары әзелден ийинлес жасап, қыйыншылықларды биргеликте жеңип өткен. Кейинги жылларда жеделлескен экономикалық-сиясий ҳәм мәдений-гуманитарлық байланыслар туўысқан мәмлекетлерди және де жақынластырмақта.
Күни кеше, мүбәрек Рамазан айы мүнәсибети менен шөлкемлестирилген ифтарлық мәресиминде қатнастық. Мәмлекетимиз аймақлары бойлап жазылған қайырқомлық дастурханы әтирапында жыйналған мыңлаған ўатанласларымыздың қатнасыўындағы үлкен сақаўат, кеңпейиллик, мийрим-шәпәәт сиясатында Президентимиз шығып сөйлеген сөзиниң мазмун-мәниси бәршемизге руўхый күш ҳәм руўхый азық берди.