Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары менен жумыс ўақтынан тыс жумыстың бир күнде биринши еки сааты ушын кеминде 1,5 есе муғдарында, еки сааттан артық бөлеги ушын кеминде 2 есе муғдарында (мийнет шараятлары қолайсыз болған жумысларда - ҳәр бир сааты ушын кеминде еки есе муғдарында) ҳақы төлениўи белгиленбекте.
Сондай-ақ, жумыстан тысқары жумыстың даўамлылығы хызметкер ушын избе-из еки күн даўамында төрт сааттан (мийнет шараятлары қолайсыз болған жумысларда - бир күнде еки сааттан) аспаўы керек екенлиги нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, хызметкерлердиң қосымша дәрамат алыў имканиятын тәмийинлеў ҳәм оларды рәсмий емес жумыс ўақтынан тысқары жумысларға тартыў жағдайларын азайтыў мақсетинде нызам жойбарында жумыстан тысқары жумыслардың даўамлылығын жылына 120 саат пенен шеклейтуғын норманы бийкарлаў усыныс етилмекте.
Жумыстан тысқары жумыстың дәраматлары талланғанда, 5 күнлик жумыс ислейтуғын хызметкердиң дәраматлары жыллық лимит белгиленгенге салыстырғанда 2,8 есеге, 6 күнлик жумыс ислейтуғынлардың дәраматы болса 3,8 есеге артыўы мүмкин екенлиги анықланды.
Додалаўлар даўамында бул нызам жойбарының қабыл етилиўи пуқаралардың мийнет ҳуқықлары кепилликлериниң тәмийинлениўине, шөлкемлерде жумыс өнимдарлығын арттырыў ҳәм хызметкерлердиң дәраматларының көбейиўине хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.








