Жаңадан қабыл етилген нызамға бола пүткиллей жаңа система - "жарийма баллары" енгизилмекте. Социаллық тармақларда бул жаңалықты надурыс талқылаў жағдайлары да бақланбақта.
Есте сақлаң жәрийма баллары жол ҳәрекети тараўындағы барлық қағыйдабузарлықларға қолланылмайды, деп жазады Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары Раҳимжон Ҳакимов өзиниң телеграмдағы бетинде.
Оның жазыўынша:
жолдың қатнаў бөлегиндеги сызықлар менен белгиленген талапларға әмел етпеў (жол полосасын басып өтиў);
қәўипсизлик ременинен пайдаланыў қағыйдаларын бузыў;
телефоннан пайдаланыў ҳәм басқалар.
Усындай қағыйдабузарлықлар неше рет жүз берсе де БАЛЛ ЕСАПЛАНБАЙДИ.
Жаңа система жүдә әпиўайы.
Нызам менен тек ғана 14 қопал ҳуқықбузарлық ушын жәрийма балы белгиленбекте (бул Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексте белгиленген).
Булар төмендегилер:
125-статья 3-бөлими - айдаўшылардың тормоз системасында, руль басқарыўында ямаса тутастырыў қурылмасында насазлығы болған ямаса тийисли рухсатнамасыз қайта үскенеленген транспорт қуралларын басқарыўы;
125-статья 5-бөлими - Пайдаланыўы қадаған етилген транспорт қуралларын, мәмлекетлик номер белгиси өзбасымшалық пенен шешип алынған транспорт қуралларын басқарыў;
126-статья - айнасын тәризли ҳәм (ямаса) реңи өзгертилген (қарайтылған) айналы, сондай-ақ, әтирапты көриўди шеклейтуғын қапламалы транспорт қуралларынан пайдаланыў;
127-статья 1-бөлими - Сес сигналын себепсиз бериў, транспорт қуралларына оны ислеп шығарған кәрхана нәзерде тутпаған сес шығарыўшы ҳәм жақтыландырыўшы қурылмаларды орнатыў;
128-3-статья - белгиленген ҳәрекет тезлигин асырып жибериў;
128-4-статья 2-бөлими - светофордың қадаған етиўши сигналына ямаса жол ҳәрекетин тәртипке салыўшының қадаған етиўши ишарасына бойсынбай өтиў;
128-5-статья - кесент бериў ямаса авариялық жағдайды жүзеге келтириў, жолдың қарама-қарсы тәрепине шығыў;
128-6-статья - айдаўшылардың тоқтаў ямаса тоқтап турыў қағыйдаларын бузыўы;
128-8-статья - адам тасыў қағыйдаларын бузыў;
128-9-статья - қуўып өтиў қағыйдаларын бузыў;
129-статья - жол ҳәрекети қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын топар болып ҳәрекет етиўде қатнасыў;
130-статья - темир жолдың өтиў орынларынан өтиў қағыйдаларын бузыў;
137-статья 1-бөлими - жол-транспорт ҳәдийсеси қатнасыўшыларының белгиленген қағыйдаларды бузған ҳалда ҳәдийсе жүз берген орыннан кетип қалыўы.
Демек, тек ғана мине усы 14 ҳуқықбузарлық ушын БАЛЛ есапланады. Қалған ҳәр қандай жол ҳәрекети қағыйдабузарлығы ушын БАЛЛ есапланбайды.
Есаплаў:
жоқарыдағы қағыйдабузарлық исленгенде, айдаўшы жуўапкершиликке тартылады ҳәм оған жәрийма балы бериледи;
олар бир жыл даўамында 12 баллдан асса - суд тәртибинде қағыйдабузар кеминде 6 айға автотранспорт басқарыў ҳуқықынан айырылады;
ҳәр бир қағыйдабузарлық ушын көби менен 2 балл бериледи ҳәм ол бир жыл сақланады;
топланған ҳәр бир айрықша балл бир жылдан кейин күшин жоғалтады.
Жәрийма балларының анық муғдары ҳәм оларды қолланыў тәртиби Министрлер Кабинети тәрепинен белгиленеди.