Гөнерип кеткен еки-үш қабатлы жайлар, халық тилинде айтқанда, "барак" имаратлар бир ўақытлары машқаланы ўақтынша шешиў мақсетинде қурылған болса да, әмелде олар узақ жыллардан берли хызметимизде еди. Бул үйлерде онлаған жыллар даўамында адамлар аўыр шараятта жасаўға мәжбүр болғаны турмыслық ҳақыйқат. Дийўалдағы жарықлар, қәдем басқанда сықырлап туратуғын ағаш поллар, жаўын өтетуғын төбелер, ҳәўлиде жайласқан санитариялық ханаларда ыссы суў ҳәм орайлық ысытыў системасының жоқ екенлиги, қалаберди, жер силкиниўге шыдамлылығы нормада емеслиги бир қатар машқалаларды келтирип шығаратуғын еди.

Булар тек ғана тозығы жеткен имаратлар емес, ал мәмлекеттиң итибарын толық қаратыўға шақырық белгиси еди. Мақсет - инсанлар ушын мүнәсип, қолайлы ҳәм абадан шараят жаратыў. Себеби, жаңа Өзбекстандағы барлық реформалар тийкарында инсан қәдирин тәмийинлеў, ҳәр бир пуқара ушын қолайлы шараят жаратыў мақсети жәмленген.

Сол себепли, мәмлекетимизде бул бағдарға айрықша итибар қаратылып, көплеген социаллық жойбар ҳәм бағдарламалар турмысқа енгизилмекте.

Қалалар ҳәм елатлы пунктлердиң тез пәт пенен өсиўи, бурынғы турақ жай фондының гөнериўи фонында реновацияны әмелге асырыў мәмлекеттиң қала қурылысы сиясатындағы ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири болып есапланады. Бул тек ғана ески имаратларды жаңа қурылғанларына алмастырыў емес, ал пүткил қала орталығын, инфраструктураны, жәмийетлик орынларды ҳәм инженерлик тармақларын кең көлемли модернизациялаўға қаратылған инсаныйлық сиясат болып есапланады.

Ўақыт ҳәм алдынғы халықаралық тәжирийбе көрсетеди, нәтийжели реновация халық ушын турмыс сапасын арттырыў, қолайлы, қәўипсиз ҳәм турақлы турмыс орталығын қәлиплестириўге хызмет етеди. Бул бағдардағы системалы илажларды әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

Себеби, халықты заманагөй талапларға жуўап беретуғын турақ жайлар менен тәмийинлеў мәселеси оғада әҳмийетли ҳәм актуал мәселелер қатарынан. Кейинги сегиз жылда мәмлекетимиз халқының саны алты миллионға көбейди. Бул дәўир даўамында дерлик ярым миллион турақ жай имараты қурылып, пайдаланыўға тапсырылды. Соның ишинде, тек ғана өткен жылдың өзинде 100 мың квартирадан ибарат көп қабатлы турақ жай қурылды. Усы жылы болса бул көрсеткиш және де арттырылып, 130 мыңнан аслам көп қабатлы турақ жай қурылысы режелестирилген.

Жақын жыллар ишинде мәмлекетимиз халқының саны 40 миллионға жетеди. Усындай өсиў пәтлери даўам етсе, қәнигелер ҳәр жылы 140-150 мың жаңа квартираға зәрүрлик туўылыўы мүмкин екенлигин атап өтпекте.

Бул машқаланы нәтийжели шешиўге реновация бағдарламасы жәрдем береди. Себеби мәмлекетимизде ҳәзирги ўақытта 17 мыңға шамалас ески, еки ҳәм үш қабатлы турақ жай имараты бар. Егер бул жерлерде заманагөй 7-9 қабатлы имаратлар қурылса, жақсы шараятта үш есе көп халық жасаўы мүмкин.

Ең әҳмийетлиси, реновацияға қамтып алынған аймақлардың экономикалық потенциалы да артады. Жаңа имаратлардың биринши қабатларында саўда шақапшалары, хызмет көрсетиў объектлери ҳәм киши өндирис цехлары жайластырылады. Нәтийжеде мыңлаған шаңарақлардың турмыс сапасы жақсыланады.

Усы мақсетте "Өзбекстан - 2030" стратегиясын "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламада усы жылы 135 мың квартиралы көп қабатлы турақ жайлар қурыў ҳәм "Жаңа Өзбекстан" массивлериниң санын 55 ке жеткериў, турақ жай қурылысы ҳәм ипотека бағдарламасын ислеп шығыўда "Жаңа Өзбекстан" ҳәм басқа да массивлерди қалалар және оларға тутас аймақларда жайластырыў белгиленген.

Усы жыл 9-апрель күни Президентимиз қала қурылысы реновациясының ҳуқықый тийкарларын белгилеў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысыў ўақтында, биринши гезекте, халықтың мәплерин қорғап, буған әдиллик пенен қатнас жасаў мәселесин айрықша атап өткен еди.

14-май күни Ташкент қаласында режелестирилген реновация ҳәм инвестициялық жойбарларды таныстырыўда мәмлекетимиз басшысына бул бағдардағы режелер ҳаққында мәлимлеме берилди. Атап өтилгениндей, бас режеде 300 ден аслам реновация мәнзили белгиленген. 2025-2026-жылларға мөлшерленген биринши басқышта 65 жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Бул арқалы усы аймақлар функционаллық жақтан байытылады, халық ушын шараят жақсыланады, әтирап абаданластырылады. Нәтийжеде ески ҳәм заманагөй массивлер арасындағы айырмашылық басқышпа-басқыш қысқартылып барылады ҳәм олар өз-ара үйлестириледи. Имаратлар аз майданда қурылып, бар тереклер сақлап қалынады, жаңа жасыл аймақлар шөлкемлестириледи.

- Президентимиз "ToshkentboshplanLITI"ге барып, бас режеде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы менен танысты, - дейди Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги басқарма баслығы Азизхон Усмонов. - Министрлер Кабинетиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги қарары менен Ташкент қаласының 2045-жылға шекемги дәўирге мөлшерленген бас режеси тастыйықланған. Бас режесине бола, пайтахтымыз аймағы 3 - консервация, реконструкция ҳәм реновация зоналарына бөлинген. Соның ишинде, реновация зонасына ески, аз қабатлы жайлар, қала қурылысы ҳәм жер силкиниўге шыдамлылық талапларына жуўап бермейтуғын имаратлар киргизилген. Олар басқышпа-басқыш сапластырылып, босатылған аймақ заманагөй жойбарлар тийкарында қайтадан қурылыўы нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы бул жойбарлардың қала архитектурасы ҳәм инфраструктурасына сәйкеслигин терең үйрениў, геологиялық ҳәм сейсмикалық таллаўлар тийкарында қәўипсизлик жағынан жетилистириў бойынша көрсетпелер берди. Турақ жайлар мектеп, бақша сыяқлы социаллық мәкемелер, дем алыў шараятлары менен үнлес болыўы зәрүрлигин атап өтти.

Быйылғы жылғы мәмлекетлик бағдарламада 2025-жылдан баслап қәлиплестирилетуғын инвестициялық бағдарламалар, тармақ, тараўлар ҳәм аймақларды раўажландырыў бойынша жаңа жойбарлардың 15 процентинде, 2027-жылдан баслап 30 процентинде, 2030-жылдан баслап 55 процентинде "жасыл компонентлер" болыўы керек екенлиги белгиленген.

Қаланың "өкпеси" тереклер болса, салма ҳәм каналлар оның "қан тамыры". Президентимиздиң көрсетпеси менен жаңа бас режеде бул мәселелерге айрықша итибар қаратылған. Соның ишинде, Ташкент қаласы ҳәм оның әтирапындағы жасыл аймақларды 3 есеге көбейтип, 25 мың гектарға жеткериў мақсет етип қойылған. Бул, өз гезегинде, суў жолларын жақсылаўды талап етеди.

Презентацияда қалалық ирригация ҳәм дренаж тармақларының жаңа бас реже менен үйлескен системасы да көрип шығылды. Оған бола, 2030-жылға шекем 100 километр канал реконструкцияланып, әтирапында сейил етиў орынлары шөлкемлестириледи. Түркия компаниясы менен биргеликте дренаж тармақларындағы машқалалар үйренилген. Аэрофото, геодезия ҳәм жаўын-шашын анализи тийкарында бул тармақларды жаңалаў бойынша мастер-реже ислеп шығылған. Өткен жылы 45 суў тасқыны аймағы сапластырылған. Быйыл және 34 орында усындай жумыслар орынланады.

- Мәмлекетимиз басшысына Ташкент қаласында инвестициялық жойбарлардың жағдайы ҳаққында мәлимлеме берилди, - дейди Ташкент қаласы ҳәкиминиң орынбасары Шароф Раҳмонов. - Пайтахтымызда улыўма баҳасы 25 миллиард долларлық 717 инвестициялық жойбар қәлиплестирилген. Усы жылы соннан 7 миллиард 500 миллион доллары өзлестирилип, 265 жойбардың иске қосылыўы нәзерде тутылған. Нәтийжеде турақ жайлар, саўда ҳәм кеўилашар комплекслер қурылып, санаат кәрханалары шөлкемлестириледи ҳәм мыңлаған жаңа жумыс орынлары ашылады.

Ҳәр бир жойбардың "жол картасы" ислеп шығылған. Соның ишинде, усы жылдың өткен дәўиринде бир миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясы өзлестирилди. Ең тийкарғысы, бул жойбарлардың әмелге асырылыўы нәтийжесинде жыл жуўмағында 60 мың жаңа жумыс орны жаратылады.


Лутфулла СУВОНОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы