Реже "Мәртлик мектеплери"не (Мәртлик класслары) оқыўшыларды қабыл етиў ҳәм оқыў-тәрбия процесин шөлкемлестириў тәртибин белгилейди.

Мәртлик классларына оқыўшылар белгиленген жыллық қабыллаў квотасы, яғный бир классқа 26 оқыўшыдан ибарат тәризде 5-класстан баслап қабыл етиледи.

Мәртлик класларында оқыў мүддети 7 жылды қурайды.

Мәртлик классларына кириў ушын физикалық таярлық ҳәм тийисли пәнлер бағдары бойынша тест сынақлары июль айында өткериледи.

Мәртлик классларының 9-класын тамамлаған оқыўшыларға таяныш орта билимлендириў ҳаққындағы аттестат, 11-класын тамамлаған оқыўшыларға улыўма орта билимлендириў ҳаққындағы аттестат бериледи.