Жаңа редакциядағы Конституцияға муўапық, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкиллик ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларының ўәкилликлери, жергиликли кеңес баслығы ҳәм ҳәким лаўазымлары бир-биринен ажыратылды, ҳәкимиятлардың бөлиниўине байланыслы конституциялық принциптиң жергиликли дәрежеде де белгилениўине ерисилди.
Кеңеслердиң ўәкиллиги ҳәм жуўапкершилиги алты есеге көбейди, оларда турақлы жумыс ислейтуғын секретариатлар шөлкемлестирилди, Сенатта аймақлық ўәкилликли уйымларға жәрдемлесиў орайы дүзилди, нызамшылыққа жаңа институтлар - "Кеңес сораўы", "Кеңес тексериўи" кирип келди. Бүгин жергиликли ҳәкимликлер аймақтағы әҳмийетли жойбарларды кеңеслер менен мәсләҳәтлесип әмелге асырмақта.
Президентимиздиң 2024-жыл 2-февральдағы тийисли пәрманына тийкарланып жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың әҳмийетли мәселелерин шешиў, халықтың тиккелей ерк-ықрары тийкарында қарар қабыл етиў талап етилетуғын отыздан аслам ўәкиллик жергиликли кеңеслерге өткерилди.
Соңғы жылларда халық ҳәкимиятын толық әмелге асырыў бағдарында әмелге асырылған кең көлемли реформалар, жаңа редакциядағы Конституцияда жергиликли кеңес баслығы ҳәм ҳәким лаўазымларының бир-биринен ажыратылыўы белгиленгенинен келип шығып, "Күшли кеңес, есап беретуғын ҳәм интакер ҳәким" принципин әмелге асырыў мақсетинде усы жыл 23-июнь күни Президентимиздиң "Өзбекстан Республикасында жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының жумысын 2030-жылға шекем раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди.
Бул пәрманды қабыл етиўден бир қатар тийкарғы мақсетлер гөзленген. Жергиликли дәрежеде халық ҳәкимиятшылығын толық әмелге асырыў, соның ишинде, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыстың әҳмийетли мәселелерин шешиўде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының ролин арттырыў, пуқаралардың жергиликли басқарыўда кеңнен қатнасыўына байланыслы демократияластырыў процесслерин беккемлеў, атқарыў ҳәкимияты уйымларының жергиликли халық ўәкиллери алдындағы есап бериўин арттырыў солардың қатарына киреди.
Пәрманда 7 тийкарғы бағдар тийкарында жергиликли Кеңеслерди раўажландырыўға байланыслы 53 илаждан ибарат "Жол картасы"н 2030-жылға шекем әмелге асырыў режелестирилген.
Халықтың машқалаларын шешиўде
финанслық-экономикалық имканиятлар
Жергиликли кеңес депутатлары арасында өткерилген социаллық сораўларға бола, халық көтерип атырған көпшилик мәселелер (ишки жолларды оңлаў, коммуналлық тараўдағы машқалалар, канализация, абаданластырыў, социаллық инфраструктураны оңлаў сыяқлылар) шешими финанслық қаржыға барып тақалады.
Жергиликли бюджетти қабыл еткени менен, депутатлардың өз округиндеги машқалаларды бюджет арқалы шешиў имканияты жетерли емес еди. Айырым исбилермен депутатлар халықтың машқалаларын өз қаржысы есабынан шешип бериўи мүмкин. Буны көрген басқа пуқаралар өзлериниң депутатларынан "Сиз де бизге машқаланы шешип бериң, анаў мәҳәлледен сайланған депутат ислеп атыр ғой", деп талап етиў жағдайлары да ушырасып атырған еди. Айырым жағдайларда депутатлар машқалаларды шеше алмағанлығы себепли сайлаўшылардың қабыллаўына бара алмағаны да бар гәп.
Пәрман менен тастыйықланған концепцияны әмелге асырыў бойынша "Жол картасы"на муўапық, келешекте халық ўәкиллериниң бундай жағдайға түсип қалмаўы, олардың абырайын ҳәм халықтың машқалаларын шешиўдеги имканиятын арттырыў мақсетинде ҳүжжетте жергиликли бюджетлер жойбарын қәлиплестириўде аймақлардың категориясынан келип шығып, жергиликли бюджет қәрежетлериниң 3-5 процентин тиккелей жергиликли кеңес депутатларының басламасы тийкарында қәлиплестириў, Сенат пенен биргеликте "Сайлаўшы - депутат - ҳәким - кеңес" төрт буўынлы өз-ара бирге ислесиў системасын жолға қойыў белгиленди.
Аймақларды раўажландырыўдың стратегиялық режесин ислеп шығыўда жергиликли кеңеслер депутатларының қатнасыўын тәмийинлеў, онда аймақларды раўажландырыў бағдарламаларын ислеп шығыўда "мәҳәлле жетилиги" ҳәм жергиликли кеңеслер депутатларының қатнасыўын тәмийинлеў тәртип-қағыйдаларын белгилеў, аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў, инвестициялық бағдарламалар жойбарларын дәслеп жергиликли кеңеслерде додалаў, оларда белгиленген ҳәр бир ўазыйпаның өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы үстинен нәтийжели депутатлық қадағалаўды жолға қойыў нәзерде тутылған.
Ҳәкимшилик, бюджет ҳәм фискал децентрализация тийкарында аймақлардың ҳәкимшилик ҳәм финанслық еркинлигин буннан былай да арттырыў арқалы олардың интакерлигин күшейтиў, онда район (қала) лық жергиликли бюджетлерге айырым түрдеги мәмлекетлик бажылар, мәжбүрий жыйымлар, төлемлер, жәрийма ҳәм ажыратпаларды қаратыў мәселесин көрип шығыў ўазыйпалары да атап өтилген.
Және бир әҳмийетли тәрепи - бул депутатлардың жергиликли кеңеслер сессиялары турақлы комиссияларының мәжилислерине келип-кетиў мәселеси. Егер 2017-жылға шекем жергиликли кеңеслер жылына 4 мәрте мәжилис өткерген болса, ҳәзир бир айда 2 мәртеден сессия өткериўге туўра келмекте. Бул болса депутат ушын бир айда 4 мәрте ўәлаят, район орайына келип-кетиў зәрүрлигин пайда етеди. Ташкент қаласында бәлким билинбес, бирақ ўәлаятларда 100-300 километрлеп аралықты басып өтиўге туўра келмекте.
Енди бундай жағдайлардың алдын алыў ушын жергиликли кеңеслер депутатларының статусы ҳәм жумысының тийкарғы кепилликлерин және де күшейтиў, олардың өзи сайланған ўәлаят, район ҳәм қала шеңберинде депутатлық ўазыйпаларын орынлаўы ушын "Халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық кеңеси депутатының статусы ҳаққында"ғы нызамның 17-статьясын (депутаттың транспортта бийпул жүриў ҳуқықы) әмелге асырыў механизмлерин ислеп шығыў белгиленди.
Шөлкемлердиң басшылары өз хызметкери болған депутатлардың жергиликли кеңестиң сессиясы, турақлы комиссиялары, партия топарларының мәжилислеринде қатнасыўы, сайлаўшылары менен ушырасыўлар өткериўи, пуқараларды қабыллаўды өткериўине тосқынлық етпеўи беккемленди.
Жергиликли жуўапкерлердиң жуўапкершилик илажлары
Аймақтағы дерлик барлық уйымның кеңеслер алдында есап бериўи белгиленген болса да, халық депутатлары бул уйымлардың жумысынан қанаатланбаса, оларға қандай шара қолланыў мәселеси ашық қалған еди. Бул болса айырым лаўазымлы шахслардың кеңеслер алдындағы жуўапкершилиги төменлеўине себеп болып атырған еди. Мәселен, есап бериў ушын халық ўәкиллериниң алдына жеке өзи келмей, ал орынбасарларын, гейде бас қәнигелерин жибериў жағдайлары ушырасып атырған, депутатлар усыныс еткен мәселелерди есапқа алмаў, айырым жағдайларда болса депутатлық сораўларға жуўап бермеў жағдайлары бақланып атырған еди.
Келешекте бундай жағдайлардың алдын алыў мақсетинде пәрманда жергиликли кеңес қарары менен лаўазымға тастыйықланатуғын, тайынланатуғын, кеңеске есап беретуғын лаўазымлы шахслардың жергиликли кеңеслер алдындағы жуўапкершилигин белгилеў ўазыйпасы қойылды. Онда атқарыўшы ҳәкимият уйымларының аймақлық бөлимлериниң лаўазымлы шахсларына ийелеп турған лаўазымына ылайық емеслиги, интизамий жуўапкершиликке тартыў бойынша жоқары турыўшы уйымға усыныс киргизиў сыяқлы илажларды белгилеў нәзерде тутылған.
Усы мақсетте жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының регламент ҳәм депутатлық әдеп мәселелери бойынша турақлы комиссиясының жумысы ҳәм ўәкилликлерин кеңейтиў илажлары көриледи. Онда бул комиссияға кеңестиң қарары менен лаўазымға тастыйықланатуғын, тайынланатуғын, лаўазымға тайынланыўында кеңестиң келисими алынатуғын лаўазымлы шахслардың да әдеп-икрамлылық нормаларын бузғанлығы бойынша жумысларды көрип шығыў ҳуқықы берилмекте.
Ҳәким орынбасарларының кеңеслер алдындағы жуўапкершилиги
Нызам ҳүжжетлеринде ҳәкимлердиң өз талабанлары тастыйықланыўынан алдын жергиликли кеңеслерге аймақты раўажландырыў бағдарламаларын усыныў ўазыйпалары белгиленген. Бирақ ҳәким бул ўазыйпаларды бир өзи емес, ал пүткил жәмәәти менен орынлайды. Усы мақсетте енди ўәлаят, район (қала) ҳәкими орынбасарларына талабанларды тийисли жергиликли кеңеслердиң турақлы комиссияларында дәслепки тәризде додалаў, кеңес сессияларында талабанлардың өз бағдары бойынша аймақты раўажландырыў бағдарламаларын усыныў тәртиби енгизиледи.
Әлбетте, бундай тәртиптиң әмелиятқа енгизилиўи ҳәким орынбасарларының халық, олардың ўәкили сыпатында депутатлар алдында жуўапкершилигин арттырыўға, тек ғана талабанды емес, ал өз бағдары бойынша аймақтағы әҳмийетли мәселелерди кеңестиң тийисли бағдардағы турақлы комиссиясы менен додалаўға ҳәм өзиниң бағдарламасын усыныўға, бул бағдарламаның орынланыўы үстинен халық қадағалаўының тәмийинлениўине алып келеди.
Машқалаларга тез мүнәсибет билдириў
Жергиликли кеңеслерге байланыслы нызамшылыққа бола, бул уйымлардың сессиялары ҳәр шеректе кеминде бир мәрте шақырылады. Бирақ ҳәзирги жедел заманда аймақларда жүз берип атырған анаў ямаса мынаў мәселе, машқалалар бойынша халықтың оператив мағлыўмат алыўы зәрүрлигин туўдырмақта. Бундай жағдайларда тап бир ҳәпте бурын сессия шақырғанша жағдай түп-тийкарынан өзгерип кетиўи мүмкин. Ҳәзир ўәлаят, район, қалалар дәрежесинде жүзлеген уйымлар жергиликли кеңеслерге есабат (мәлимлеме) бериўи белгиленген (мысалы, жыллық, алты айлық, шереклик есабатларды бериўдиң анық календарь режеси бар), бирақ олардың есабат бериў ўақты анық белгиленген болса да, қыстаўлы жағдайларда дәрҳал тыңлаў имканиятын бермейди.
Усы мақсетте енди, тап парламенттеги "Ҳүкимет сааты" сыяқлы жергиликли кеңес депутатларының қыстаўлы жағдайларда тез жуўап бериўди талап ететуғын сораўларына сессия шақырмай, белгили муғдардағы депутатлар ҳәм жәмийетшилик ўәкиллериниң қатнасыўында жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының айырым әҳмийетли социаллық мәселелер бойынша мәлимлемесин тыңлаў бойынша "Кеңес сааты" институты енгизиледи.
Бундай тәртиптиң енгизилиўи халықты қызықтыратуғын айырым әҳмийетли социаллық мәселелер бойынша жергиликли жуўапкерлердиң жуўабын оператив алыў ҳәм халыққа жеткериў имканиятын береди. Буның ушын сессия өткериўди ҳәптелеп күтиўге зәрүрлик қалмайды.
Пуқаралардың жергиликли кеңеслерге электрон жәмәәтлик мүрәжат етиўи бойынша жаңаша система жаратылады
Жергиликли кеңеслерде жергиликли атқарыўшы ҳәкимият уйымлары басшыларының есабатын тыңлаў системасын жетилистириў, онда есабат (мәлимлеме) тыңлаўдың дәўирлилигин қайта көрип шығыў, айырымларын зәрүрликке бола тыңлаў тәртибине өткериў белгиленди. Себеби бүгин 370 тен аслам нызам ҳүжжетлеринде 50 ге шамалас мәмлекетлик уйымның жергиликли кеңеслерге 110 есабат ҳәм мәлимлеме усыныўы белгиленген. Бул болса есабатларды оптималластырыў зәрүрлигин пайда етеди.
Кеңеслердиң жумысында ашық-айдынлықты арттырыў мақсетинде лаўазымлы шахслардың есабаты кеңес сессиясы додалаўынан соң “E-Kengash” платформасындағы тийисли жергиликли кеңеслердиң бетлеринде жәрияланып барылады.
Жергиликли кеңес қарарларын қабыл етиў процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде пуқаралардың сессия жумысын тиккелей бақлаў системасы жолға қойылады. Жергиликли кеңес сессияларында пуқаралардың сессия жумысына араласыў ҳуқықысыз бақлаўшы сыпатында қатнасыў тәртиби енгизиледи.
Пуқаралар тәрепинен жергиликли кеңеслерге электрон жәмәәтлик мүрәжат етиў бойынша жаңаша система жаратылады. Жергиликли кеңеслер жанында жәмийетшилик ўәкиллери, соның ишинде, мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары ҳәм илимий топар ўәкиллеринен ибарат мәсләҳәт топарлары дүзиледи ҳәм кеңестиң қарарларын қабыл етиў процесинде олардың белсене қатнасыўы тәмийинленеди. Сондай-ақ, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ўәкилликли уйымларының халықаралық бирге ислесиўиниң ҳуқықый тийкары беккемленеди.
Норма дөретиўшилик ўәкиллиги кеңеймекте
Пәрман менен жергиликли әҳмийетке ийе бир қатар ўәкилликлерди жергиликли кеңеслерге өткериў белгиленди. Атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта ҳәкимлер ўәкиллигинде болған мәмлекетлик көшпес мүлктен пайдаланғаны ушын ижара төлеминиң ең аз ставкалары, жерлеў орынларын сақлаў қағыйдаларын тастыйықлаў, жерлеў хызметлерин көрсетиў бойынша тарифлердиң муғдарын белгилеў кеңеслерге өткерилетуғыны белгиленди. Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж, жумыс табыўда қыйналып атырған ҳәм мийнет базарында тең шараятларда бәсекилесе алмайтуғын шахсларды жумысқа жайластырыў ушын жумыс орынларының ең аз санын белгилеў ҳәм резервке қойыў, жоллардың айырым бөлимлеринде ҳәрекетлениў тезлигин арттырыў ямаса азайтыўға (тийисли жол белгилери орнатып) руқсат бериў ўәкиллиги де кеңеслерге өтеди.
Усы жерде сораў туўылады: жергиликли кеңеслерге буншелли итибар қаратыўдан мақсет не?
Жергиликли кеңеслер халыққа басқарыў процесинде өз аймағындағы қарарларды қабыл етиўде қатнасыў имканиятын берип, жәмийет мәплерин сәўлелендиреди ҳәм жергиликли машқалаларды шешиў арқалы жәмийетлик-сиясий турақлылыққа үлес қосады. Бул болса демократиялық процесслерди күшейтеди, кеңеслер мәмлекетлик сиясатты жергиликли талапларға бейимлестирип, ҳүкимет ҳәм халық арасында көпир ўазыйпасын атқарады.
Жергиликли басқарыўдың ең жақсы формасы, бул - халық ўәкиллери қатнасатуғын, халыққа хызмет ететуғын басқарыў болып табылады. Халықты бирлестирип турыўшы сыпатында жергиликли кеңес қаншелли күшли болса, мәмлекет те соншелли күшли болады. Халқымызда "Отыз адам менен кеңес, бир адам менен ис көр", деген нақыл бийкарға айтылмаған.
Сакинахон САИДҒОЗИЕВА,
Халық депутатлары Ташкент қалалық кеңесиниң депутаты