Енди айдаўшылар жаңа системаға бейимлесиўине туўра келеди. Себеби социаллық тармақларда тарқалып атырған айырым хабарларға бола, жәрийма балларын жазыў әллеқашан басланған. Ҳүкиметтиң тийисли қарары менен енгизилген жаңа система жоллардағы қопал қағыйдабузарлықларды анықлаў ҳәм олардың алдын алыў ушын зәрүр болғаны айтылмақта. Айдаўшылардың бул бойынша пикири басқаша. Баллар оларға қосымша басым, жолларда еркин ҳәрекетлениўине және бир тосқынлық болыўынан наразы. Әпиўайы адамлардан сорасаңыз, қағыйдабузарлықлар ушын жаза илажлары қаншелли қатаң болса, соншелли жақсы. Кәсиплеслеримниң бири болса жәрийма балларын тиккелей ЖПХ инспекторлары жазыўы коррупцияға жол ашыўы мүмкин екенлигин атап өтти. Улыўма, пикирлердиң ҳәр биринде қандай да бир мәнисте жан бар. Жуўмақ шығарыўдан алдын болса бираз талқылап көриўге туўра келеди.

Қызыл шырақ!

Быйыл адамлар арасында ең көп қолланылатуғын сөз дизбеги "12 баллық система" болса керек. Себеби жылдың басынан берли бул ҳаққында айтып атырмыз. Системаның формасы да мине усы 12 саны әтирапында дүзилген. Яғный 12 ай ишинде 12 балл топлаған айдаўшыға "Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында"ғы кодекс статьялары тийкарында тийисли тәртипте жаза шаралары қолланылады. Бул баллар айдаўшы тәрепинен исленетуғын жол ҳәрекети қағыйдабузарлықлары бойынша есапланады. Балларды қолланыў ҳәм есаплаў тәртиби Министрлер Кабинетиниң усы жыл 6-майдағы тийисли қарары менен белгиленген.

Жаңа система қағыйдабузарлықларды анықлаўдың қосымша формасы болып, әмелдеги фото ҳәм видеокамералар жазып баратуғын жәриймалардан тысқары есапланады. Яғный радарлар жазатуғын жәриймалар ушын айдаўшылар әдеттегидей төлемлерди әмелге асырыўда даўам етеди, бирақ бул қағыйдабузарлықлар баллар менен баҳаланбайды. Жәрийма баллары болса тек ғана Жол ҳәрекети қәўипсизлиги хызмети (ЖҲҚХ) хызметкерлери тәрепинен анықланған қағыйдабузарлықлар ҳәм рәсмийлестирилген ҳәкимшилик протоколлар бойынша жазылады. Буның ушын жәрийма төленбейди, бирақ ҳәр бир балл айдаўшының есабына жазып барылады. Бир жыл ишинде 12 балл топлаған айдаўшы (унамлы мәнисте емес) 6 айдан кем болмаған ҳәм 3 жылға шекемги мүддетке айдаўшылық гүўалығынан айырылады.

Баллар қағыйдабузарлық дәрежесине қарап 0,2 баллдан 2 баллға шекем тәртипте есапланады. Мәселен, тезликти асырыў 0,5 баллдан 2 баллға шекем (асырыў дәрежесине қарап), қызыл шырақта өтиў 1 балл, жол транспорт ҳәдийсеси орнын таслап кетиў 2 балл жазылыўына себеп болады ҳәм тағы басқалар. Буны ҳәр қыйлы есаплап көриў мүмкин: жыл даўамында тоқтаў ямаса тоқтап турыў қағыйдаларын 60 мәрте бузыў (0,2 балл) ямаса жол ҳәрекети қәўипсизлигине қәўип туўдыратуғын топар болып ҳәрекетлениўге 8 мәрте қатнасыў (1,5 балл), ямаса транспорт қураллары айдаўшыларының светофордың қадаған етиўши сигналына ямаса жол ҳәрекетин тәртипке салыўшының қадаған етиўши белгисине бойсынбай 12 мәрте өтиў (1 балл) арқалы 12 балл топлаў ҳеш гәп емес. Жоқарыдағы 60 саны жүдә үлкен болып көринеди ҳәм жыл даўамында сонша рет қағыйданы бузыў имкансыз болып көринеди. Ҳәтте "12 баллды алыў аңсат емес, буның ушын қатаң қағыйдабузар болыўы керек", деп келтирилип атырған хабарлар да ҳақыйқат сыяқлы көринеди.

Бирақ ең кем баллды есаплағанда солай. Айдаўшы болса жолда тек ғана бир түрдеги қағыйдабузарлықты ислемейди ҳәм айырым қағыйдабузарлықлар ушын ҳәттеки 2 баллға шекем берилиўи белгиленгени 12 баллды аңсат топлаў имканиятын асыратуғындай. Айырым қағыйдабузарлықлардың жүз бериўине жол инфраструктурасының саз жағдайда емеслиги себеп болады. Жуўапкерлердиң айтыўынша, баллық системада бул тәреплер итибарға алынған.

- Баллық система тек ғана инсан факторы менен жүз берилетуғын ҳәм жолаўшылардың өмирине қәўип салатуғын қопал қағыйдабузарлықлар ушын енгизилди, - дейди Өзбекстан ИИМ Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти ЖПХ мәлимлеме хызметиниң баслығы Зойир Йўлдошев. - Яғный, оған жол инфраструктурасы менен байланыслы, мәселен, жол сызығын басыў сыяқлы қағыйдабузарлықлар киргизилмеген. Баллар қопал қағыйдабузарлықлар ушын есапланады. Айтайық, светофордың қызыл шырасында ҳәрекетлениў, рухсат етилмеген жерде тоқтап турыў сыяқлылар тек ғана инсан факторына байланыслы ҳәм тилекке қарсы, бундай қағыйдабузарлықларды турақлы түрде ислеп киятырғанлар бар. Қопа болса да айтайын, бир жылда 10 мәрте қызыл шырақта ҳәрекетленетуғын айдаўшыны потенциаллы жынаят етиўши деў мүмкин. Ол қаншадан-қанша инсанлардың өмирине қәўип туўдырмақта. Бундай айдаўшылар яки жол ҳәрекети қағыйдалары ҳаққында билмейди, яки билсе де оларға әмел етпейди. Бийпәрўалықтың өзи тийкарында аўыр қағыйдабузарлық. Кейинги жылларда талланған бундай жағдайларға шек қойыў зәрүрлиги елимиз әмелиятында баллық система керек екенлигин көрсетти. Бундай тәжирийбе Франция, Россия, Қытай, Әзербайжан, Қазақстан сыяқлы көплеген мәмлекетлерде бар. Соның ушын, бизде де жаңа система бойынша тийисли нызам ҳәм нызам тийкарында ҳүкимет қарары қабыл етилди.

Сары шырақ!

Жәрийма балларын топлаў ямаса топламаў айдаўшының өзине байланыслы. Буның ушын ол ЖПХ хызметкериниң көзине кемирек көриниўи кереклиги ҳаққында айтып атырғаным жоқ. Тек ғана жолларда белгиленген қағыйдалар тийкарында ҳәрекетлениў зәрүр.

Гейде светофордың қызыл шырағында турғанымызда алдымыздан бир машина зуўлап, жоқары тезликте өтип кетеди. Қызыл шыраны писент етпейди, тап тоқтаў белгисиниң оған қатнасы жоқтай. Изинше "Аўа, бир байдың баласы-дә, бул қағыйдабузарлығы ушын аттың басындай жәрийма төлеў оған ҳеш нәрсе емес, соның ушын басып айдай береди", деп қоямыз. Буны әпиўайы етип айтамыз. Дурыс, сол айдаўшы белгиленген жәрийманы төлеп, қағыйдабузарлығы ушын жуўапкершиликтен қутылып қалады. Бирақ Қудай көрсетпесин, усындай жағдайда бир жолаўшыны қағып кетип, оның өмирине зыян жетсе ше?! Буның төлемин ким, қалай төлейди? Биз де буған әпиўайы мүнәсибет билдиремиз бе сонда? Жоқ!

Тилекке қарсы, бундай жағдайлар аз емес. Мағлыўматларға бола, 2024-жылы Өзбекстанда 9 364 жол транспорт ҳәдийсеси дизимге алынған. Олардың үлкен проценти болса айдаўшылардың жол ҳәрекети қағыйдаларына итибар бермеўи ақыбетинде келип шыққан. Бул да бизге бир ескертиў сигналы сыяқлы. Яғный светофордың сары шырағы - ескертиўши белгиде турғанымызда, газ ямаса тормозды басыў ҳәр кимниң ықтыярында. Қағыйдабузарлықлар ушын болса жаза берилиўи керек. Жаза илажларын күшейтиў зәрүрлиги де тәбийғый процесс. Жуўапкердиң айтыўынша, бир неше онлаған рет қағыйданы бузып, тек ғана материаллық төлем менен қутылып атырған айдаўшылар жәмийет ушын да зыянлы. Нызамлы илажлар болса айдаўшыларды және де сергекликке шақырады.

Баллық системаға бола, ҳәр бир қағыйдабузарлық арнаўлы E-jarimaball электрон модули арқалы автоматластырылған есапқа алыў системасында инсан факторысыз есаплап барылады. Айдаўшылар өз балларын усы система арқалы ямаса рәсмий мобил қосымша жәрдеминде еркин бақлап барыўы мүмкин. Мағлыўматта топланған жәрийма баллары, қабыл етилген қарар номери ҳәм сәнеси сыяқлылар көринеди.

Егер баллар саны 8 ден асса, айдаўшыға СМС арқалы ескертиў жибериледи. 12 балл топланғанда, мағлыўмат ҳәкимшилик шара көриў мәселесин көрип шығыў ушын судқа жибериледи. Айдаўшы судта протокол үстинен шағым бериўи мүмкин, тийкарлы болса, қарар ҳәм баллар бийкар етиледи. Суд қарары да E-jarimaball системасына жүкленеди ҳәм баллар автоматикалық түрде өшириледи. Керисинше жағдайда болса айдаўшы 6 айдан 3 жылға шекемги мүддетке айдаўшылық гүўалығынан айырылады. Жәрийма баллары тийкарында транспорт қуралын басқарыў ҳуқықынан айырылған шахслардың электрон мағлыўматлар базасын жаратыў да нәзерде тутылған.

Жасыл шырақ!

Бир танысым узақ жыллар ислеп, ҳеш қандай мийнет дем алысы алмағаны ҳаққында мақтаныш пенен айтады. Басқасы болса банктен улыўма кредит алмағанын ҳәм бул машқалаға жақынласыўды да қәлемейтуғынын айтады. Және бири өмири даўамында суд ислерине жақын бармағанына қуўанышлы. Бирақ, исенесиз бе, усы ўақытқа шекем "Бир мәрте де радарга түспегенмен" деген айдаўшыны ушыратпадым!

Бул бизиң жол ҳәрекети қағыйдаларына менсинбей қараўымыз бенен байланыслы болса керек. Ҳәтте бул балалықтан қәлиплескендей. Мектеп сабақларында бәрқулла "Жолдың белгиленген бөлегинен өтиң, қызыл шырақта ҳәрекетленбең", деп айтылғанына қарамастан, көшеде анамыз қолымыздан беккем услап, жолдың қәлеген бөлегинен алып өткени, жер асты жолы бола тура, биргеликте автомобиль жолынан жуўырып өткенимиз мийимизде мөрленип қалғандай. Буның ақыбетлери ҳәзир де бар. Жумыс орнымыздан бир неше метр узақта светофор болыўына қарамастан, әйне жумыс орнымыздың қарсысында - жолдың қәлеген бөлиминен "жуўырамыз".

Баллық система айдаўшыларды бираз сергеклендиретуғын болса керек. Себеби белгиленген балл топланып қалса, жәрийма пулы менен қутылып болмайды, кеминде 6 ай айдаўшылық гүўалығынан айырылады. Тийкарғы тиришилиги ҳәм дәраматы таксистлик болған адамлар ушын бул бир қанша аўыр машқала. Соған қарамастан, адамлар арасында бул балларды есаплаўда тек ғана ЖПХ инспекторының протоколлары емес, ал радарлар жәриймалары да қосылыўы керек, деген қатаң пикир де бар. Олардың пикиринше, бул жол транспорт ҳәдийселериниң сезилерли азайыўына алып келеди. Бул гәпте жан бар, бирақ буның ушын жаңа системаны қайтадан қәлиплестириў керек. Себеби радарлар жәриймалары да қосылса, айдаўшылардың көпшилиги ҳеш ўақыт өтпей 12 баллды топлап алады. Негизинде бул аянышлы жағдай. Бирақ радарлар жәриймалар қосылса, 12 балл бир жыл ушын әдеўир аз екени қалыс қарағанда да көринеди.

Соған қарамастан, кейин ала фото ҳәм видео жазыў үскенелери арқалы анықланған қағыйдабузарлықлар ушын да жәрийма балларын жазыў мәселесин көрип шығыў нәзерде тутылған. Бирақ бул камералар атап өткен қағыйдабузарлық ўақтында автомобиль рулиндеги шахсты идентификациялаў имканияты жаратылғаннан кейин ғана әмелге асырылатуғыны айтылмақта.

Қарарда усы система бойынша айдаўшылар ушын жеңиллик ҳәм хошамет те бар екенлигине көзим түсти. Бир жыл даўамында қағыйданы бузбаған ҳәм балл алмаған айдаўшылар хошаметленеди екен. Дәрҳал, бул хошамет қандай формада болыўына қызықсындым.

- Тәртипке бола, жәрийма баллары айдаўшылар қағыйдабузарлықты биринши рет ислеген күннен баслап кейинги жыл усы күнге шекем әмелде есапланады. Егер усы ўақыт ишинде айдаўшы улыўма қағыйдабузарлық ислемесе ҳәм балл топламаса, хошаметлеў сыпатында гезектеги жылда жазылған биринши жәрийма балы есапланбайды, - дейди Зойир Йўлдошев. - Егер жыл даўамында биринши баллды топлап, оннан кейин улыўма қағыйдабузарлық ислемеген жағдайда да кейинги жылда алған биринши балл шегирип тасланады. Сондай-ақ, айдаўшы ақырғы ҳуқықбузарлығы ушын жәрийма есапланған ўақыттан баслап 6 ай даўамында улыўма қағыйдабузарлық ислемесе, улыўма топлаған балларынан 2 балл шегириледи. Бир жыл ишинде жәрийма баллары 12 баллға жетпесе, айдаўшыға нызамлы жаза шарасы қолланылмайды ҳәм оған шекем топланған баллары келеси жыл дәўири ушын есапланыўына жол қойылмайды. Кейинги жылдан жәрийма балларын есаплаў жаңадан басланады.


Ирода ТОШМАТОВА,

“Янги Ўзбекистон” хабаршысы