"Өсимликлер карантини ҳаққында"ғы Нызамға киргизилген қосымшаға бола, юридикалық тәреплерге Өзбекстаннан алып шығылып атырған карантин астындағы өнимниң фумигациясы бойынша жумысты лицензия тийкарында әмелге асырыў ҳуқықы бериледи.
"Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында"ғы нызамға Өзбекстаннан алып шығылып атырған карантин астындағы өнимниң фумигациясы бойынша жумысты лицензиялаў тәртибин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Сондай-ақ, минерал төгинлерди ҳәм өсимликлерди қорғаў ушын пайдаланылатуғын химиялық қураллардың көтере ҳәм усақлап сатыўы ҳәм Өзбекстаннан алып шығылып атырған карантин астындағы өнимди фумигациялаў бойынша жумысты лицензиясыз әмелге асырғаны ушын жәриймалардың муғдарлары белгиленбекте.
"Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы Нызамда минерал төгинлердиң ҳәм өсимликлерди қорғаў ушын пайдаланылатуғын химиялық қураллардың көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасы бойынша жумысты және Өзбекстаннан алып шығылып атырған карантин астындағы өнимниң фумигациясы бойынша жумысты лицензиялағанлық ушын мәмлекетлик бажының муғдарлары белгиленбекте.
Онда мәмлекетлик бажы, минерал төгинлерди ҳәм өсимликлерди қорғаў ушын пайдаланылатуғын химиялық қураллардың көтере ҳәм усақлап сатыў бойынша жумысты лицензиялағаны ушын БЕМниң 2 есеси, Өзбекстаннан алып шығылып атырған карантин астындағы өнимди фумигациялаў бойынша жумысты лицензиялағаны ушын БЕМниң 3 есеси етип белгиленди.