Кеңейип атырған бағлар ҳәм өсип баратырған базар

    26 желтоқсан 2024 29

    Жер жүзинде ықлым өзгериўи, тәбийий апатшылықлар, суў жетиспеўшилиги, қурғақшылық, урыслар себепли азық-аўқат өнимлерин жетистириў қыйынласпақта. Буннан тысқары, халық санының артыўы менен азық-аўқат өнимлерине талап да артып бармақта. Мағлыўматларға қарағанда, ҳәр жылы дүнья халқы орташа 80 миллионнан асламға көбеймекте. 2050-жылға келип халық саны 10 миллиард адамға жетиўи болжанбақта.

    Әлбетте, сонша халықты азық-аўқат пенен тәмийинлеў дүнья мәмлекетлери алдында турған ең әҳмийетли ўазыйпаға айланбақта. БМШ экспертлериниң жуўмағына қарағанда, ҳәзирги ўақытта дүнья бойынша бир миллиардқа шамалас адам ашаршылық қәўпи астында жасамақта. Сол себепли пүткил дүньяда азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселеси барған сайын әҳмийетке ийе болмақта.

    Азық-аўқат өнимлерин жетистириў ҳәм ислеп шығарыўда аўыл хожалығының айрықша орны бар. Соның ушын елимизде аўыл хожалығы тараўын реформалаў арқалы азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың арзан ҳәм сапалы өнимлерге болған талабын қанаатландырыў менен бирге мийўе-овош ҳәм басқа да аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиў арқалы дүньяда азық-аўқат тәмийнатына да салмақлы үлес қосыўға айрықша итибар қаратылмақта.

    Мысал ушын, жақында мәмлекетимиз басшысының басшылығында мийўе-овош өнимлерин жетистириў, қайта ислеў ҳәм экспортты көбейтиў илажлары бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде республика бойынша азық-аўқат экспорты өткен жылға салыстырғанда 370 миллион доллар, ҳәзирге шекем 2 миллиард доллардан артқаны атап өтилди. Бул көрсеткиште Жиззақ ўәлаятының да айрықша орны бар. Соның ишинде, бул мәжилисте Президентимиз Жиззақ ўәлаятының азық-аўқат экспорты өткен жылға салыстырғанда 2,2 есеге артқанын атап өтти.

    - Мәмлекетимизде аўыл хожалығы тараўын реформалаўға, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўге қаратылған реформалар өз нәтийжесин бермекте, - дейди Жиззақ ўәлаяты Аўыл хожалығы басқармасы баслығының орынбасары Илҳам Турғунбаев. - Усы жылы ўәлаят бойынша 200 мың тоннадан аслам бийдай, 100 мың тонна мийўе ҳәм жүзим, 490 мың тонна овош, 310 мың тонна палыз, 110 мың тонна картошка ҳәм 35 мың тонна майлы егинлер жетистирилген және 245 мың тонна гөш, 720 мың тонна сүт, 435 миллион дана мәйек ҳәм 16 мың тонна балық өнимлери ислеп шығарылған. Кейинги жыллары ўәлаятымызда бағшылық ҳәм жүзимгершилик тараўында да үлкен өзгерислер бақланды. Бир ғана мысал, 2017-2018-жыллары ўәлаятта бағ майданлары тек ғана 5 мың гектар, кейинги жыллары 27,5 мың гектарда жаңа бағлар шөлкемлестирилип, 32,5 мың гектарға жеткерилди. Буннан 5-6 жыл алдын 2 мың гектар жүзим атызлары болған болса, кейинги жылларда 14 мың гектар көбейип, 16 мың гектарға жеткерилди. Келеси жылы да бул жумыслар даўам еттирилип, 1800 гектарда бағ ҳәм 1700 гектарда жаңа жүзимзарлар жаратылады. Бул бағдарда мәмлекетимиз басшысының Жиззақ ўәлаятының төрт районында бағшылық ҳәм жүзимгершиликти раўажландырыў бойынша тапсырмасы тийкарында әмелге асырылып атырған перспективалы жойбарлар қол келмекте. Соның ишинде, Зарбдор районының "Тоза уруғ" ҳәм "Янгиабад" мәҳәллелери аймағында 105 гектар майданда жүзимгершилик плантациясы шөлкемлестирилмекте. Жойбардың дәслепки басқышында 250 жаңа жумыс орны жаратылады. Биринши гезекте жумыссыз жаслар, сырт елден қайтып келген ўатанласларымыз, жәрдемге мүтәж шаңарақ ўәкиллери жумыс пенен тәмийинленеди. Бул плантация өнимге киргеннен соң, халықтың дәраматын арттырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў менен бирге аймақтың экспорт потенциалын арттырыў ушын да қосымша дәрек болып хызмет етеди.

    Тап усындай, Фориш районының Егизбулақ ҳәм Ақтам мәҳәллелеринде жайласқан жүз гектарда ири жүзим плантациясы қурылмақта.

    - Фориш районының тәбийий жер ҳәм ықлым шараяты жүзим жетистириўге бейимлескен. Бул жерде жетистирилип атырған ҳусайни, тоифи, қара кишмиш жүзимлери бийтәкрар дәми ҳәм мазасы менен, қара кишмиштен таярланған кишмиш болса мазалылығы, тәбийийлиги менен ат шығарған ҳәм басқа жерлерде жетистирилген жүзим ҳәм кишмишлерден ажыралып турады, - дейди “Balandosmon garden” ЖШЖ бас агрономы Намоз Қамбаров. - Соның ушын аукцион арқалы 100 гектар жер алып, жүзимгершилик жасамақтамыз. Бүгинги күнге шекем 50 гектарды таяр жағдайға алып келип, жүзимлерди егип болдық. Үш жылдан кейин өнимге киреди. Бесинши жылдан экспортқа таяр болады. Соннан бир түптен орташа 15 килограммнан жүзим алсақ, төрт килограммынан кишмиш шығады. Сонда бир гектарынан бир-бир ярым тонна кишмиш аламыз. Сондай-ақ, кишмишти кептиретуғын мини-цехлер қурып, сырт елге экспорт етиў нийетиндемиз. Фориш жүзими ҳәм кишмиши базары жақсы, тез өтеди. Сол себепли бул жойбарға ҳеш гүманланбастан қол урдық.

    Жойбардың және бир экономикалық әҳмийети "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" мәмлекетлик бағдарламасы менен үнлеслигинде. Бул жүзимзарлар толық өнимге киргеннен соң, аймақтағы жумыссыз жаслар, жәрдемге мүтәж ҳәм кәмбағал шаңарақлардың ўәкиллерине ижара тийкарында бөлип берилип, олар ушын турақлы жумыс орынлары, турақлы дәрамат дәреклери жаратылады. Есап-санақларға бола, бул илажлар нәтийжесинде аймақтағы 200 адамды кәмбағаллықтан шығарыў ҳәм ҳәр бир шаңарақтың жыллық дәраматын кеминде 70 миллион сумға жеткериў мақсет етилген.

    - Сырт елде қурылыста ислегенмен, ҳәр жылы бир мәрте, гейде еки жылда бир үйиме келип туратуғын едим, - дейди Егизбулақ мәҳәллесинде жасайтуғын Аброр Турсунмуродов. - Ўатан, шаңарақ сағынышы қыйнайтуғын еди. Узақ үлкелерде жасап, қәне елимизде, шаңарағым қушағында жасасам, ислесем деп әрман етер едим. Фориштың шексиз жерлерин абат етиў арқалы экономикалық дәрамат табыў менен бирге мыңлаған жумыс орынларын жаратыў мүмкин екенлиги ҳаққында ойлайтуғын едим. Мине, әрманым әмелге аспақта. Қараң, қуры жатырған жерлерде бағ, жүзимзарлар жаратылмақта. Және үш-төрт жылдан кейин олар өнимге кирсе, ийесине де, мәмлекетке де, әтирапта жасайтуғын халыққа да дәрамат дәреги болады. Мине ҳәзирдиң өзинде жумысына қарап үш-төрт миллион сум айлық алатуғынлар бар. Әлбетте, ҳәзир еккен нәллеримиз өнимге кирсе, дәраматымыз да артып барады. Және бир әҳмийетли тәрепи, мәҳәллемиздеги кем тәмийинленген, жумыссыз халыққа ярым сотих, бир гектардан таяр егилген жерлер ижараға берилмекте. Бул да узақ жыллардан берли жүзимгершилик пенен шуғылланып киятырған мәҳәллелеслеримиз ушын оғада пайдалы болмақта.

    Жиззақ ўәлаятында жақын жылларға шекем суўдың жетиспеўшилиги себепли екинши егинге рухсат болмаған еди. Тек ғана қоңсы мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы, дослық қатнасықлар орнатылып, басқа мәселелер қатарында суў мәселесинде де әҳмийетли келисимлерге ерисилгеннен соң, мине, бир неше жыллардан берли ғәлледен босаған мыңлаған гектар жерге овош, палыз ҳәм собықлы егинлер егилмекте. Бул да мәмлекетимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болмақта.

    Бир ғана Арнасай районында быйыл ғәлледен босаған 7847 гектар майданның 159 гектарына овош, 2233 гектарына палыз, 100 гектарына картошка, 450 гектарына майлы, 3995 гектарына собықлы, 910 гектарына азықлық егинлери егилип, жоқары зүрәәт алыўға ерисилди. Соның ишинде, "Бир аймақ - бир өним" принципи тийкарында Арнасай районы Ғафур Ғулам мәҳәллесиниң 20 жасына “Олтин водий” суў тутыныўшылары ассоциациясынан 10 гектар жер ажыратылып, тәжирийбе сыпатында тәкирарый егин ушын брокколи капустасын жетистириў жолға қойылды.

    Жаслар тәжирийбели дийқанлардың жәрдеминде брокколи капустасын гектарынан 12 тоннаға шекем зүрәәт алыўға еристи. Алынған өним болса сол жерде корпорация шөлкемлестирген исбилермен тәрепинен сатып алынып, Россияға экспорт етилди.

    - Биз, жасларға көрсетилип атырған итибардан қуўанышлымыз, - дейди Ғафур Ғулам мәҳәллесинде жасайтуғын Шерзод Янгибоев. - Мәҳәллемиздеги жаслар жетекшиси тәкирарый егин ушын брокколи капустасын жетистириўге жасларға жер, басланғыш қәрежетлери ушын жеңиллетилген кредит бериледи, деди. Сол ўақытта бул сынақ түринде егилип атырғаны ушын көпшилик гүманланды. Мен тәўекелшиликке бейимлигим себепли бир гектар жерге брокколи ектим. Әлбетте, оны тәрбиялаўда бизлерге қәнигелер өз мәсләҳәтлерин берди. Нәтийже болса ойлағанымыздан да көбирек болды, мен гектардан дерлик 10 тоннаға шекем, айырымлар 12 тоннаға шекем зүрәәт алды. Зүрәәтти атыздың өзинен килосына 9000 сумнан исбилерменлер сатып алып кетти. Орташа есапта гектарынан 90 миллион сумнан дәрамат алдық, қәрежетлерин шығарсақ та жақсы таза дәраматлы болдық. Дәраматымызды көргенлер келеси жылдан баслап оларда егиўди режелестирмекте. Өзбекстан шараятында төрт ай ишинде бундай дәрамат табыў жақсы нәтийже, енди шет елге шығып ислеўге зәрүрлик жоқ.

    Мәмлекетимиздеги реформалар бир-бири менен тығыз байланыслы. Олардың тийкарғы мазмун-мәнисинде болса халықтың абаданлығын арттырыў, халықтың турмыс тәризин және де жақсылаў жатырғанын жоқарыдағы мысалларда да айқын көриў мүмкин. Соның ишинде, халықты арзан ҳәм сапалы азық-аўқат өнимлери менен үзликсиз тәмийинлеўге қаратылған жумыслар нәтийжесинде азық-аўқат қәўипсизлиги тәмийинленип, мыңлаған халық дәраматлы болмақта, мәмлекетимиздиң экспорт потенциалы да артпақта.

    Фарҳод НЕЪМАТОВ,

    “Янги Ўзбекистон” хабаршысы