Мәмлекетимиз тәрепинен жаслардың интеллектуаллық потенциалын арттырыў, оларды хошаметлеў бойынша кең имканиятлар жаратылып атыр. Соның ишинде, 14 Президент мектеби, 185 қәнигелескен ҳәм 9 дөретиўшилик мектеби шөлкемлестирилди. Олардағы оқытыў ҳәм баҳалаў системасы 1 мың 500 улыўма билим бериў мектебинде де енгизилди. Қәбилетли питкериўшилер ушын "Жаңа Өзбекстан" университети ашылды.
Булар - жасларымыздың жәҳән дәрежесинде билим алыўы ушын тийкар. Енди оларды дурыс бағдарлап, дүньядағы ең алдынғы университетлерде оқыўына жәрдемлесиў зәрүр.
Өткен айда жаслар менен ушырасыўда Президентимиз бул бағдарда бир қатар басламаларды алға қойған еди. Презентацияда буның әмелий ҳәм шөлкемлестириў тәреплери көрип шығылды.
Атап айтқанда, усы мақсетте усы жыл сентябрьден халықаралық мектеп жумысын жолға қойыў режелестирилмекте. Оған дәслеп 8-класс питкериўшилери арасынан ең қәбилетли 60 ул-қыз таңлап алынады. Билимлендириў бағдарламасы халықаралық стандарт тийкарында 3 бөлимнен - тийкарғы пәнлер, қәнигелик пәнлер, жетекшилик ҳәм социаллық белсендиликти үйрететуғын пәнлерден ибарат болады. Оқыў жылы 3 дәўирге бөлинип, 11 ай даўам етеди.
Президентимиздиң және бир басламасына муўапық, жасларымыздың Американың “Pechak ligasi” (The Ivy League) университетлерине таярлаў жолға қойылады. Оның ушын 6 басқышлы Миллий бағдарлама қабыл етиледи. Быйыл дәслеп 3 мың оқыўшы таңлап алынады. Оларға Президент ҳәм қәнигелескен мектеплерден 208 мәсләҳәтши бириктириледи.
Оқыўшылар Ренессанс дем алыў орайында жыл даўамында 3 ҳәптелик интенсив оқыў курсларында оқытылады. Жақсы нәтийже көрсеткен 40 ы "Пешек лигасы" университетлерине тәжирийбе алмасыў ушын жибериледи.
Кейинги әҳмийетли мәселе - сырт елде оқыған жасларды ўатанымызда өз тараўы бойынша мүнәсип жумыс пенен тәмийинлеў. Бул бағдарда "Мәмлекеттиң алтын фонды жәмийетшилиги"н дүзиў усыныс етилмекте. Ол арқалы қәбилетли жаслар бирден-бир платформада бирлестириледи. Сырт елде билим алып қайтқанлар ушын жеңилликлер, грантлар, стартап бағдарламалары ҳәм басқа да имканиятлар жаратылады. Ҳәр жылы 25-майда жәмийетшилик қурылтайы өткерилип, онда билимлендириў реформалары, қәбилетли жаслар ушын жаратылған имканиятлар, сырт ел жоқары оқыў орынларының тәжирийбеси сыяқлы темаларда сөйлесиў жолға қойылады.
Мәмлекетимиз басшысы бул усынысларды мақуллап, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаўды системалы жолға қойыў зәрүр екенлигин атап өтти.
Бүгинги күнде "Эл-юрт умиди" қоры арқалы 750 ўатанласымыз сырт елде оқып атыр. Жуўапкерлерге жасларымыз ушын бул имканиятларды және де арттырыў, қордың жумысын жетилистириў бойынша көрсетпелер берди.